Университети кимё – технология факультети


Использованная литература



Download 56,03 Mb.
Pdf ko'rish
bet287/291
Sana18.03.2022
Hajmi56,03 Mb.
#500503
1   ...   283   284   285   286   287   288   289   290   291
Bog'liq
Сборник общий с титулом 2021 279-bet

Использованная литература: 
1. Инновационные процессы в области химико-педагогического 
образования. – Оренбург: Изд-во ОГПУ, 2009. 
ТӘБИЯТТЫ ҚОРҒАЎДА ЖАСЛАРДЫҢ САНА СЕЗИМИНЕ 
ТӘБИЯТҚА БОЛҒАН СҮЙИЎШИЛИГИН АРТТЫРЫЎ 
Туремуратова Г.И. 
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик унверситети 
Тәбиятты қорғаў жаслардың сана сезимине байланыслы. Сонлықтан 
жаслардың тәбиятқа болған сүйиўшилигин ҳәм оған ғамқорлық етиў 
сезимлерин ең дәслеп бала бақшаларда, соңынан мектеплерде, орта арнаўлы 
ҳәм жоқары оқыў орынларында қәлиплестириў керек. Буның ушын олардың 
жас өзгешеликлерине, билим дәрежесине қарап, тәбиятты қорғаў 
тийкарларын жергиликли тәбийий шариятқа байланыстырып, оқытып 
үйретип барыўымыз зәрүр. 
Биз жасап атырған тәбият пенен дурыс қатнас жасаўымыз адамларға 
жүдә күшли тәсири бар екенлигин билемиз. Ол адамларда кишипейиллик, 
рейимлилик ҳәм тағы басқа да ең жақсы сезимлерди оятады. Сонлықтан 
жасларды тәбиятқа сүйиспеншилик пенен қараўға, оған итибарлы қатнас 
жасаўға, өсимликлерге, тири жанлы мақлуқларға ғамхорлық етиўге 
халқымыздың үрп-әдетлериниң, дәстүрлериниң бири ҳәм тәрбиялық 


451
әҳмийетке ийе екенлигин үйретиў бизиң ҳәр биримиздиң инсаныйлық 
уазыйпамыз.
Экологиялық факторлар қатнасық этикасының формаллық ҳәм 
мазмунлы тәреплерин де анықлайды. Америкалы психолог Матвуд Атватер 
мынадай деп жазады: “Егер адамлар басқа адамлар менен сөйлеўи пайтында 
сол гәптиң мазмунына көбирек итибар берсе, егер ол ҳаяллар болса сол 
қатнасық процессине көбирек кеўил беретуғын екен. Сондай-ақ ер адамлар 
көбинесе 10-15 секунд сол гәпти кеўил бөлип тыңлайды да, ал соңынан бул 
гәплерге өзинше не қоссам екен деген ойларға берилип кетеди екен. Ал ҳаял 
адамлар болса сөйлеўшини итибар менен тыңлап оның сезимине кеўил 
бөледи екен”.
Тәбиятта турпайы ҳарекетти болдырмаў ушын жаслардың сана 
сезимине тәбиятты қорғаў исиниң әҳмийетин соның ишинде тоғайларды 
өртеў аңшылық нызамлықларын бузыў, ағашларды сындырыў, жайлаўларды 
басқылаў ҳәм сүриў, ландшафтларға ҳәм қала ишиндеги жап салмаларға көп 
қабатлы үйлердиң қапталларына ҳәр қыйлы тасландыларды тасламаўды 
үйретиў. Жәмийетлик орынларда соның ишинде оқыў орынларынын 
қасында, бәндиргилерде, жасларымыз семичкаларды шағып ҳәм насларды 
турған жерине түпирип таслаў, және бир ашынарлы жағдайлардың бири 
район ҳәм қала ишиндеги маршрутларда жасларымызмыз қол телефонларда 
турпайы сөзлер айтып болған уақыяларды басқа адамлардың бар болыўына 
қарамастан сөйлесиўлериниң бизлер ушын жат иллетлер екенин түсиндириў 
ата-аналар, бала бақша тәрбиялаўшылары, мектеп оқытыўшылары тәрепинен 
ҳәр күнги ассалаўма әлейкүмнен кейинги ҳәр биримиздиң әдиўли ўазый 
памыз болып табылады.
Жасларды эстетикалық жақтан тәрбиялаў мәселесиниң бири тәбиятты 
қорғаўды өз ишине алады. Себеби тәбият - бул эстетикалық жақтан 
тәрбиялаўдың көргизбе қуралы болып есапланады. Сонлықтан бизди қоршап 
турған дүньяның гөззаллығын, оның мораллық жақтан тазалығын сақлаў ҳәр 
биримизден талап етиледи.
Биринши гезекте инсанның қоршап турған орталыққа ақылға уғрас 
қатнас жасаў кереклигин жаслардың санасына жеткериў, тәбияттың инсан 
тиришилигиндеги әҳмийетиниң айрықшалығын оқыўшыларға үйретиў, 
оқыўшыларды тәбиятты сүйиўин оған ғамқорлық етиў руўхында тәрбиялаў, 
тәбийий ресурсларды үнемли пайдаланыў ҳәм көбейтиўдиң илимий 
тийкарлары туўралы толық түсиниклер бериў, жасларды тәбиятты қорғаў 
мәселелерине қолынан келгенинше белсене қатнасыўға әдетлендириў, тәбият 
ҳаққындағы мағлыўматлар тийкарында эстетикалық тәрбияны әмелге 


452
асырыў, жасларда мораллық ҳәм ўатанды сүйиўшилик қәсийетлерин 
қәлиплестирип барыў ҳар биримиздиң күнделикли уазыйпамыз.
Оқыў орынларынан баслап тәбиятты қорғаўға, тәбият таныў пәнлерине 
қызығатуғын жасларды таңлап алып, оларды арнаўлы топарларда оқытыў 
тәбият жанкүйерлери қатарының өсиўине алып келеди.
Буның ушын түсиндириў усылларынан ҳәм көргизбели қураллардан 
нәтийжели пайдаланыў, тәбиятқа арналған ҳәр қыйлы көргизбелерин 
шөлкемлестириў жасларымызда қоршап турған орталыққа, деген 
қызығыўшылық оятыў, тәбиятқа көбирек саяхатлар етиў, лагерлер ҳәм үлке 
таныў музейлерине барыўды шөлкемлетириў, жасларды тәбиятты қорғаў 
ислерине қатнастырыў келешек жасларда тәбиятқа болған сүйиспеншилиги 
еледе артқан болар еди.

Download 56,03 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   283   284   285   286   287   288   289   290   291




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish