Туребеков М



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet29/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

 
 
 


83 
§ 3. Ерте орта әсирлердеги Ҳиндистан 
 
Феодаллық қатнаслардың қәлиплесиў.Гупталар мәмлекети
. Феодаллық 
қатнаслардың писип жетилисиўи IV -V әсирлерде қәлиплесип VI-VII әсирлерде 
толық орнаўына туўра келеди. Ҳиндистанда көплеген халықлар ҳәм қәўимлер 
жасаған ҳәм айрымларында еле әйемги общиналық дүзим тағы биреўлеринде 
класслық жәмийет пайда болып атыр еди. Туслик ҳәм арқа Ҳиндистан ҳәр 
қыйлы сиясий бирлеспелерге бирикти. Орта әсирлерде Европа еллеринде 
латын тили таралғандай санскрит тили ҳәмме жерде кең таралады. Арқа 
Ҳиндистанда ири мәмлекетлик бирлеспе пайда болып, оның орайы Магадха. 
Ол IV әсирде Гупталар империясы пайтахты болды. Түслик Ҳиндистанда I 
әсирлерде ири мәмлекет болған. Оларда еркин общиниклер әстелик пенен 
ғәрезли адамларға айланды, нәтийжеде IV-VI әсирлерге келгенде жерлерге 
меншиклик кең таралды. 
Эфталитлердиң топылысы
. Гупталар империясы 200 жылдай үстемлик 
еткен, VI әсирде болса эфталитлер тәрепинен қулайды. Эфталитлер орайлық 
Азияға, кушан жерлерине, Иранға, арқа-батыс Ҳиндистанға атланыслар 
жасаған. VI әсир басында екинши атланыста Батыс Ҳиндистанды басып алады. 
Бирақ олардың үстемлиги узақ болмады. Арқа Ҳиндистанда бир нешше бир-
бири менен қарсы князликлер бар еди. VII ә. I-ярымында Харша басқарған 
князлик арқа Ҳиндистанды өз қол астына бирлестиреди. Мәмлекет 30 жыл 
(616-647-жыллардың) өмир сүрген. Харша өлген соң мәмлекет тарқап бир 
нешше майда сиясий бирлеспелерге бөлинеди. Түслик Ҳиндистанда да бир 
неше мәмлекетлер дүзилген болып, бул феодаллық қатнасықлардың 
қәлиплескенлигинен дерек береди. 
VII әсир II-ярымы VIII әсир басында арқа батыс Ҳиндистанды араблар 
басып алады. Нәтийжеде ол жерде ғарезсиз мусылман мәмлекети дүзиледи. ХI 
әсирден баслап Ҳиндистанға түркий қәўимлер кирип келип феодалласыў 
процессин тезлетти. Ҳиндистанда әййемги ўақытлардан баслап ақ оларда 4 
қатлам (каста-португал тилинен, варна-ҳиндше) бөлинген. 1.Брахмалар- 


84 
руўханыйлар. 2. Кшатрийлер-әскерлер. 3. Вайшилар-дийханлар, өнерментлер. 
4. Шудралар. Бул варна кейинрек қәлиплесип оған қулларға шекемги ғәрезли 
адамлар кирген. 
Гупта дәўиринде (IV әсирге.) келип бул варналардың ортасында өзгерислер 
басланады. Егерде бурын адамлардың келип шығыўына қараса енди оның 
байлығына қарайтуғын жағдай қәлиплесип барады. Ҳәр бир варнаның өзи 
көплеген каста бөлинеди. Бул бөлиниў мийнеттиң ҳәм қәнигеликтиң 
бөлиниўине алып келеди. Ерте орта әсирлерде бул бөлиниў соңғы дәўирлерге 
қарағанда жүдә қадаған болмады. Бир кастадан екинши кастаға өтиў екинши 
кастаның адамы менен семья қурыўда қадаған еди. Ерте орта әсирлерде 
жәмаатлардың жәмийеттеги орны сиясий әҳимиетли еди. Арқа Ҳиндистанда 
оған бир-неше аўыллар бириксе, ал түсликте айырым жәмаатларды бир 
ўәлиятқа қамтыған. Олар ирригацияда бирлесип ислеген, бир-бирине жәрдем 
берген ҳ.т.б. Олардың шешими тасқа ойып жазылған храмға қойылған. Феодал 
жәмаатлардың жумысына араласпаған, тек олардың жеринен салық алып 
турыў менен шекленген. Жәмаат ағзаларының өз жери болып онда сатыўға, 
сатып алыўға, баласына бериўге хақылы болған.Жерден мәмлекет ушын салық 
төлеген. Бирақ жәмаат мийнет ағзаларына жерден шығарып бериў ҳуқықына 
ийе болған. Аўылларда толық ҳуқықлы адамлар менен бир қатар, бундай 
ҳуқыққа ийе емес адамларда болған. Олар ерте әсирлерде көпшиликти 
тутпаған. IХ-ХII әсирлерден баслап аўыл өнерментлери бөлинип шығып 
жәмаатға хызмет ислеген. Жәмаат кеңесинде аўыл ақсақалларының хызмети 
үлкен болған. Олардың айрымлары ўақыттың өтиўи менен ис жүзине ири 
феодалға айланады. Ерте орта әсирлерде мәмлекетлик жерлердиң жеке меншик 
жерлерге қарағанда көпшиликти қурады. Сонлықтан да сыйлыққа, хызмети 
ушын ҳәм өзлестирип алыў жоллары менен ири феодаллық меншик жерлер 
пайда болады. Буларды ислеп бериў рентасы кең пайдаланылмады ҳәм затлай 
рента төлеў кең тарқалды. 
Саўда өнерментшилик қалалар
. Ерте орта әсирлерде феодализмде 
салыстырмалы түрде қалалар раўажланды. Теңиз жаға, районлар жақын шығыс 
Африка, түслик шығыс Азия ҳәм Европа менен теңиз арқалы саўда 


85 
жүргизилди. VII әсирден Ҳиндистанның саўдасына араблар үлкен рол 
атқарады. Түслик Ҳиндистанның басқарыўы бир қанша абыройлы бай 
касталардан, саўдагерлерден ҳәм өнерментлерден шыққан ўәкиллердиң 
жыйналысынан ибарат еди. Мәжилис қала тәртибин ҳәм қала ушын саўда 
тәртибинде қадағалаған. Мысалы: Керрам қаласының корпорациясы тек 
Ҳиндистанға емес, тағы Ҳиндистанның Египпеттеги, Арабиядағы, Түслик 
шығыс Азиядағы саўда факторияларын қамтыған. Феодаллық қатнаслардың 
раўажланыўы менен қалалар әстелик пенен автономиясын жоғалтып барады. 
Салықларды мәмлекет қадағалады, нәтийжеде корпорациялар сиясий 
әҳмийетин жоғалтты. Қалалар ири феодалларға ғәрезли болды.
Дин ҳәм мәденият
.
I әсирлерде Ҳиндистанда буддизмниң роли төменлейди. 
Түслик Ҳиндистанда VII әсирде, арқа Ҳиндистанда ХII әсирде буддизм 
индуизмге алмасады. Ол бир дин емес еди. Ол тийкарғы үш қудайға 
тийкарланған. Брахма, Вишни ҳәм Шива. Индуизмде көплеген секталар ҳәм 
бағдарлар болып, оларды улыўмалық түсиниклер (дхарма, карма, ахимса) 
бирлестиреди. Дхарма тәртиплериниң бузылмаслығы, кастаға бөлиниўи ҳ.т.б. 
қудай тәрепинен болған, адам өлгеннен кейин оның жаны өлмейди. Ол басқа 
бир затқа айланып кетеди. Ол заттың қандай болыўы адамның өмиринде 
ислеген жақсылық ҳәм жаманлықларға байланыслы. Егер адам өмиринде 
жақсылық ислеген болса ендиги өмирге келгенде жақсы кастаға кириўи 
мүмкин деп түсиндириледи. Ахисма-ҳайўанларға жәбир бермеў. Оларда бурын 
өлген адамның жаны бар болыўы мүмкин деп есапланылған. Ҳиндистанда 
феодализниң қәлиплесиўи менен индуизмниң тутқан орны беккемленеди. 
Буддизм адамлардан касталарға бөлиниўин мойынламайтуғын болғанлықтан 
ХI -ХII әсирлерге келгенде оның орнын индуизм ийелейди. Ҳиндистанда 
математика, астраномия ҳәм медицина раўажланады. Муйештиң II дәрежесин 
есаплаған ҳинд математиклери Пифогор теоремасын билген ҳәм синус ҳә ҳәм 
косинус туўралы түсиниги болған. 
Астраномияға 
байланыслы 
планеталардың 
жайласыўын 
есаплаўы 
жетилистирген. Айрьбахата аспан әлеминдеги жулдызлардың ҳәрекети жердиң 
айланыўына байланыслы болыўы мүмкин деп болжайды. Медицина, суў, 


86 
өсимликлер ҳәм диета менен аўырыўларды емлеў кең таралады ҳәтте қыйын 
операция да исленген. Адамның бас сүйегин ашыў болған деп жазба 
мағлыўматлар дерек береди. Ерте орта әсирлерде санскрит әдебияты менен 
қатар жаңа ҳиндистан тилиндеги әдебият пайда болады. Санскрит әдебияты 
классиги Калидаса (IV әсирдиң ақыры VI әсир 1-ярымы) «шакантула» 
шығармасын жазып ҳинд ҳаялының аўыр қыйыншылықларын жеңгенлиги 
сүўретленген. ХIII әсир ақырында оның мийнетлери Европа тиллерине 
аўдарылады. VI-VII әсирлерде архитектура ҳәм мусин соғыў раўажланады. 
Үнгирлерге храмлар соғыў кең таралды. (Аджанта, Элефанта ҳ.т.б.). IХ-ХII 
әсирлерде Таиландта қоладан майда мүсинлерди қуйыў кең таралады Мысалы: 
ойын ойнап турған Шива, ойын ҳәм қосық айтыў орайы храмлар болып 
мәресимлер усы жерде өткизилген. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish