72
Мухаммед ҳәм оның тәрептарлары Мекке қаласынан Ясриб (Мадинаға) 622-
жылы 16-июль күни көшип өтеди. Усы күннен баслап мусылман жыл санаўы
"хиджра" басланады. Ол жерде жергиликли халықтың қоллап-қуўатлаўы менен
гүрес жүргизип 630-жылы ол қала басшылары Муҳәммедтиң диний ҳәм сиясий
басқарыўын мойынлады ҳәм ислам динин қабыл алады.
Мекке диний орай
есапланады. Кааба исламның баслы сыйыныў орны есапланады ҳәм Арабия
жерлери бирлескен бир мәмлекетине айланды.
Мухаммедке шекем ислам талийматы бойынша 5 пайғамбар болған. Адам,
Ной, Авраам, Моисей ҳәм Исус Христос. Мусылманлықтың тийкарғы
шәртлери. Қудайды биреў деп билиў. 5 ўақыт намаз. Ораза тутыў. Малдан
бастан закат бериў (1/40). Меккеге, ҳажыға сапар етиў.
Араб мәмлекетинде төрт түрли жерге меншик болды: 1.Қәўимниң жери. 2.
Меншик жер-мүлк. 3. Мәмлекетлик жер. 4. Мусылман ақ сүйегине мәмлекет
тәрепинен сыйлыққа берилген жер.
Халифлердиң тусында араблардың әскерий атланыслар.
Абу-Бакир (632-
634-жыллары), Омар (634-644-жыллары), Осман (644-656-жыллары) ҳәм Али
(656-661-жыллары) халифа лаўазымында мәмлекетти басқарады.
Араб халифалығы дәўири үшке бөлинеди.1. Сахиҳ халифа дәўири 632-661-
жыллары Пайтахты Мадина қаласы. 2.Уммавийлер дәўири 661-750-жыллары
пайтахты Дамаск қаласы. 3.Аббасийлер дәўири 750-1258-жыллары пайтахты
Бағдад қаласы.
602-628-жыллары өз-ара урыслардан Иран ҳәм Византия ҳәлсирейди.
Буннан пайдаланған араблар бир ўақытта оларға қарсы урыс баслайды. 640-
жылы Палестинаны, Сирияны, 640-642-жыллары Египетти хәм 649-жылы арқа
Африканы Карфагенге шекем басып алады. 634-651-жыллары
Иранды басып
алады. VII әсир орталарында Армения ҳәм Грузияның бир бөлеги арабларға
қараслы болады ҳәм Кавказ артында Хазар жерлерине шекем басып алады.
651-жылдан баслап 715-жылы Орта Азия жерлерин ийелийди. 711-жылы
Жабель аль Тарий басшылығында араблар (Гибральтар буғазы соның
ҳүрметине қойылған) буғаздан өтип Пиреней ярым атаўының көпшилик
бөлегин басып алады. 712-жылы Ҳиндистанға атланыс жасап Синд жерин
73
басып алады. 732-жылы Франк короли Карл Мартелл араблардың батысқа
атланысын тоқтатады.
VII әсирлердеги халифатлықтағы кризис ҳәм пуқаралар урысы.
Осман
тусында оған қарсы оппозиция пайда болып олар Алий (Мухаммедтиң еки
атаға барған туўысқаны ҳәм қызы Фатийманың күйеўи) әтирапына бирлеседи.
Алий тәрепдарлары шейитлер деп аталынды. Дәслеп олар сиясий топар болып,
соңынан исламдағы айрықша диний ағым болды. Олар халиф атағы Алийге соң
оның әўладына өтиўин қоллады. Олар 656-жылы халиф Османды өлтиреди.
Енди халиф Алий болады. Елдеги ақ сүйеклер ҳәм омайдлар оны мойынлағысы
келмеди. Нәтийжеде елде пуқаралық урыслар басланады. 656-661-жыллары
Алийди жарлы халық қоллады. Ол анық шешиўши ҳәрекет ислемеди.
Сонлықтан олардың тәрепдарларының бир топары кетип қалады. Олар
хариджидлер (кетип қалғанлар) деп аталынды. Олар ески исламға қайтыўды
социаллық теңликти, жердиң улыўма меншик болыўын байлықты тең
бөлисиўди халифти ҳәмме мусылманлар сайлап қойыўды мақсет етеди. 661-
жылы Алийди хариджийлер өлтиреди. Бул пуқаралық урыста араб ақ
сүйеклери жеңеди. Халиф Муавия (уммавийлер династиясынан шыққан олар
750-жылға шекем басқарады) басқарады. VII әсир ортасына келгенде ислам үш
ағым қәлиплеседи. 1. Суннийлер (Сунна Мухаммедтиң пикри ҳәм иси
ҳаққында мағлыўматлар жыйнағын ҳәм оның
тийкарында мусылман
нызамларының жыйнағы исленген). Олардың басында халиф Муавия
уммавийлер турған. 2.Шейтлер. 3. Хариджидлер.
Сиясий дүзилиси
. Уммавийлерге шекем мәмлекетлик басқарыўшы греклер
ҳәм парсылар орын тутты. Уммавийлер хызметке тийкарынан арабларды алды.
Ис қағазлары арабша жүргизилип араб тили халифатлықта халық-аралық тилге
айланды. Халифлер пуқаралық ҳәм руўхый басқарыўға ийе болды. Халифлик
атадан-балаға өтти ҳәм араблар өз теңгесин шығарды. Почта дүзилди.
Жергиликли басшылар әмирлер болып оның еки орынбасары (1. қазнаны, 2.
қазы.) болды. Уммавийлер тусында бес әмир болды. X әсирге келгенде
халифатлықтың халқының көпшилигин мусылманлар тутады.
74
Екинши пуқаралар урысы ҳәм Ўммавийлерғының қулаўы
.
Уммавийлер
Сирия ҳәм Египет ақ сүйеклерине сүйенди. Оларға қарсы алидлер ҳәм
аббасидлер (Мухаммудтиң әкесиниң иниси) топары бар еди. 660-жылы Алий
ҳәм Фатийма баласы ҳәм Хуссейин басшылығында көтерилис аяўсыз
бастырылды. 728-777-жыллары Согдылар, 734-743-жыллары Магриф,
Испания Бергерлери, 740-жыл Куфа шийтлери, 744-747-жыллары еки дәрья
аралығы, батыс Иран ҳәм түслик Аравия хариджидлери көтерилис жасады.
Нарийзалық көтерилислерин ең жоқарғы шыңы 747-жылы Хорасаңда
басланған бурынғы хизметкер Абу Муслим басшылығында көтерилис болған.
Ол пуқаралар урысына айланып Иран ҳәм Иракқа таралды. Көтерилисшилер
уммавийлер әскерлерин қыйратады. Мәмлекет басына көтерилисшилер
жәрдеминде Аббасидлер шығады, бирақ Абу Муслим 755-жыл өлтирилип
жибериледи.
Do'stlaringiz bilan baham: