8-амелий: Илимий жумысларды көркемлик жақтан рәсмийлестириў ҳәм қорғаў. Жоба



Download 37,1 Kb.
bet1/2
Sana08.04.2022
Hajmi37,1 Kb.
#537336
TuriАвтореферат
  1   2
Bog'liq
8-амелий




8-амелий: Илимий жумысларды көркемлик жақтан рәсмийлестириў ҳәм қорғаў.


Жоба:



  • 1.Илимий жумыс нәтийжелерин рәсмийлестириў, кирисиў бөлимин таярлаў.

  • 2.Илимий жумысларды таярлаў, Автореферат таярлаў.

Әдебиятлар

  • Вебер М. Наука как профессия. Перевод с нем. Москва,

  • Кохановский В.П Философия и методология науки.

  • Умберто Как написат дипломную работу. Перевод с итальянского. Москва 2003.

  • Майдонов А.С. Процесс научного творчества. Москва, 2003.

Новиков А.С. Научные открытия. Повторные, одновременные, современные, предевременные, запоздалые. М., 2003


Кирисиў бөлиминде сыпатланып атырған жумыстағы жаңалық ҳəм актуаллық неден ибарат екенин баян етиў ҳəм оны өткериў зəрүрлигин тийкарлаў тийис. Аналитикалық шолыўда изертлеўдиң методикасы ҳəм шешиў қураллары бойынша əдебиятларда келтирилген мағлыўматлар, ИИЖ алдында турғанмəселени жаңаша шешиў жоллары баян етилиўи керек. Жумыстың таңланған жолын тийкарлаў, басқа мүмкин болған бағдарларға салыстырыў бойынша абзаллықларына тийкарланады. ИИЖ таңланған бағдар ҳəм жумыс гепотезасы ИИЖ өткериўдиң анық шəртлерин есапқа алып, аналитикалық шолыўдағы усынысларға тийкарланыўы керек. ИИЖ ның таңлаған жолын тийкарлаў жумыстың мақсетке муўапықлығы(ямаса зəрүрлигин) тийкарлаў менен алмастырылмаўы керек. ИИЖ таңланған бағдары тийисли тапсырмалар менен тийкарланбаўы тийис. Орынланған жумыс методикасы, мазмуны ҳəм нəтийжелерин көрсетиўши есабаттың бөлимлери барлық аралық ҳəм жуўмақлаўшы нəтийжелер, соның ишинде унамсызлары менен бирликте толық ҳəм избе-из түрде баян етилиўи зəрүр. Изертлеў методикасы изертлеў өткериў методологиясын таңлаўдың тийкарланыўын, бунда пайдаланып атырған ямаса ислеп шығылып атырған техникалық қураллар, математикалық ямаса изертлеў нəтийжелерин ислеп шығыўдың басқа методын тийкарланған мəлимлемениң тийисли дəрегине сүйенген халда өз ишине алыўы керек. Алынған нəтийжелердиң тастыйықланыўы ҳəм оларды қолланыў имканияты сыпатланыўы зəрүр. Қосымшада тийкарғы текстке қосылғанда көп орын ийелейтуғын қосымша материаллар бериледи. Төмендегилер əне усындай материаллар есапланады:

  • аралық қосымша киргизиўлер ҳəм есап китаплар;

  • -жəрдемши санлы мағлыўматлар кестеси;

  • -сынақтың баяны ҳəм хүжжетлери;

  • -эксперимент өткериўде қолланылған аппаратлар, үскенелердиң

  • сыпатламасы, өлшеўлер ҳəм сынақлар;

  • -ағымдағы илимий шешимлердиң жол жобасы, методикасы, сыпатлаўы, қосымша түрдеги сүўретлеўлери ҳəм т.б.



Текст бөлеги, сүўретлеўлер, кестелер ҳəм формулалар илимий-изертлеў жумысы ҳаққындағы есабатты рəсмийлестириў қағыйдаларына болған нормативлик талапларға муўапық рəсмийлестириледи. Есабатта берилетуғын сүўретлеўлердиң саны мазмунына қарап белгиленеди ҳəм баян етилип атырған материал ашық-айдын жəне анық болыўы ушын жеткиликли муғдарда берилиўи тийис. Сүўретлеўлер бөлимлери ҳəм жазыўлары сапалы репродукция етилиўи ямаса компюьтерде сəўлелендирилиўи мүмкиншилигин тəмийинлейтуғындай етип таярланыўы тийис.
Кесте” сөзи ҳəм тема жазба ҳəриплерде жазылады. Кесте графаларының темасы үлкен ҳəриплерде жазылады, ал киши темалар болса киши ҳəриплерде жазылады. Есабат текстинде зəрүр болған жағдайларда формулалар жайластырылады. Формулалардан соң символлар, коэффициентлер ҳəм басқа экспликацияларға түсиниклер бериледи. Экспликацияларда символлардың ҳəм цифрлы коэффициентлердиң мəниси формула астында олар формулада қандай тəртипте берилген болса, саррас сондай тəртипте келтириледи. Ҳəр бир символ ҳəм коэффициенттиң мəниси жаңа қатардан берилгени мақул.
Экспликацияның биринши қатары “бунда” сөзи менен басланады. Бул сөзден кейин қос ноқат қойылмайды. Формуланың ақырында ноқат ҳəм үтир қойылады. Экспликация келтирилип атырған жағдайда ғана үтир қойылады. Формулалар баптың ишинде араб цифрлары менен тəртиплестириледи.
Сондай-ақ, жуўмақта диссертацияның Кеңес қəнигелигине муўапықлығы, көрип шығылып атырған диссертацияға жетекши шөлкем тайынлаў бойынша усыныс, рəсмий оппонентлер, зəрүрлик болғанда Кеңестиң қурамына қосымша ағзалар киргизиў усыныс етиледи. Қəнигелескен Кеңес жумысты жақлаўға қабыл етиў ҳаққында унамлы қарар қабыл еткен жағдайда, усы комиссия жуўмақтың жойбарын таярлайды, усының менен бирге мəлимлемелерди автоматластырылған түрде қайта ислеўушын классификация белгилерин таңлаўды өткереди. Жуўмақтың жойбарынтаярлаў ушын комиссия шөлкемниң зəрүр болған кафедра қəнигелерин, лаборатория, сектор ҳəм бөлимлерин тартыўы мүмкин. Кеңес жуўмағының дүзилисинде төмендеги бəнтлер болады:

Download 37,1 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2025
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish