Туребеков М



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet22/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   18   19   20   21   22   23   24   25   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

Италияға атланыс ҳәм империяның дүзилиўи.
Ишки жағдайды жақсылап 
Оттон I сол дәўирде ең бай раўажланған Италияны басып алыўды 
жобаластырады. Италияның ишиндеги тахт ушын таластан пайдаланып Оттон
I 951-жылы арқа Италияға атланыс жасайды. Усы ўақытлары орайлық 
Италияда Рим папасы мени король Адальберт «шетлетип» атыр деп Оттон I 
ден жәрдем сорайды. Бул жағдайдан пайдаланып Италияға екинши атланыс 
жасайды ҳәм Римди ийелейди. 926-жылы Рим папасы Иоан XII оған император 
тажын кийгизеди. Усылай етип Германия империясы пайда болды. Соң Әўлийе 
Рим империясы деп аталынады. Оған Германиядан басқа арқа ҳәм орта Италия 
XI әсирде Бургундия кирген. Рим папасы император басқарыўына бағынышлы 
болады. Оттон I қубла Италияны ийелемекши болды,бирақ әмелге аспайды. Ол 
жерлерди Визентия ҳәм араблар ийелеген еди. Германия үстемлигине қарсы 
полаб славянлары гүреседи ҳәм тек серб –дужиц жеринен басқасы оларды 
үстемлигинен азат болады. 
Франкония династиясы короллериниң сиясаты. 
XI әсирде Германияда 
феодаллық қатнасықлар толық қәлиплеседи. Сол ўақытлары франкония 
династиясынан шыққан короллер (1024-1125-жыллары)төменги феодаллар 
қатламына сүйенеди. Корол Конрад II майда феодаллардың жерлерин мийрас 
мулки деп қарар қабыл етеди. Король рыцарлардың ҳәм хызметкерлерден 
турақлы армия дүзеди. Буд жағдайлар ўақытынша король басқарыўын 
күшейтеди. Генрих III тусында басқарыў айтарлықтай күшейеди. Ол ширкеў 
реформасын қоллады. Ол арқалы диний басшыларының ҳәлсиреўин ойлаған 
еди. Бул реформа керисинше болып ширкеўлик иерархия беккемлесип олардың 
император басқарыўынан қашықласыўына алып келеди. Бирақ Генрих III 
ўақтында императорға еле Рим папасы бағыныңқылы еди. Генрих III 
мийрасхоры Генрих IV алты жасында басқарыўға ийе болды. Буннан 
пайдаланып ири феодаллар ҳ.т.б. өз меншик жерлерин көбейтти, сиясий ҳәм 
экономикалық жағдайларын жақсылаўға ҳәрекет етеди.
 
1073-1075-жыллардағы Саксония көтерилиси. 
Король өзиниң меншик жери 
(Саксонияда) қорған салдырды. Оны қурыўға сол жердеги халықты пулсыз 
ислетти. Олардан ҳәр қыйлы салықлар алынды. Бундай езиўшиликлерге 


65 
шыдамаған халық көтерилиске шығады. Олардың тийкарғы бөлегин дийханлар 
қурады. Шешиўши саўаш Гамбург қасында 9-июль күни болды ҳәм дийханлар 
жеңиледи. XI әсирдиң ақырына келип Саксонияда Германияның ҳәмме 
жериндегидей дийханлардың ғәрезсизлиги жоқ болады. Бирақта Генрих IV 
өмириниң ақырына шекем Саксониядағы наризалықты толық бастыра алмады. 
Инвестура ушын гүрес
. Германияның ишиндеги сиясий жағдайын жақсы 
болмаўынан пайдаланып Рим папасы Григорий VII ширкеў мәжилисинде 
пухаралық басқарыўға симонияны инвеститураны (диний лаўазымларды 
белгилеў) қадаған етти. Император ушын бул Оттон I дәўириндеги, ширкеў-
мәмлекетлик басқарыў дүзиминиң қулаўына алып келетуғын еди. Сонлықтан 
король Генрих IV Вормста немец епископларының синодын (мәжилис) 
өткизип папа Григорий VII лаўазымынан шетлетилди деген қарар қабыл етеди. 
Бир хабар немец епископлары минберди корольдиң қолынан алғанлықтан бул 
шешимди қоллап қуўатлайды. Римге бул шешимди хабарлаў ушын ўәкиллер 
жибериледи. Буған жуўап ретинде Рим папасы синодта Генрих IV тиң 
ширкеўден, король лаўазымынан шетлетилгенлигин дағазалайды. Усыннан 
пайдаланған немец ири феодаллары Генрих IV ке егер бир жылға шекем 
папаның шешимин өзгерпесе король деп мойынламаўды билдиреди.. Енди 
Генрих IV пападан кеширим сорап барыўдан басқа ҳеш илажы қалмады.
Каноссаға барыў
. 1076-1077-жыллары Генрих IV әскерсиз Италияға туўры 
жолдан емес Альп таўларында душпанлары болғанлықтан айланыштағы жол 
менен кетеди. Папа болса жаңадан король сайлаў ушын Германияға жүреди. 
Генрих IV тиң Италияға кеткенин еситип Рим папасы Тоскания 
маркграфлығындағы Каносса қорғанына жасырынады. Генрих бул қорғанның 
дәрўазасы алдында жалаң аяқ, жалаң бас кеширим сорап үш күн суўықта 
(январь) турады. Папа ширкеўден шетлетилгенлигин бийкарлайды. Бирақ 
тахтқа қайта тиклеўди немец киньязлериниң шешими деп билдиреди. Немец 
кньязлери болса Генрих IV келиўине қарамастан Рудольф Швабскийди 
антикороль деп таярлайды. Нәтийжеде урыс басланады. Генрих IV жеңеди. Ол 
немец ҳәм Ломбардия епископларының қоллаўы менен Клемент III ти 
антипапа деп дағазалайды. 1083-жылы Генрих IV Италияға атланыс жасап 


66 
папа Григорий VII орнына Климент III отырғызады. Папа ишки қарама-
қарсылыққа байланыслы Римди таслап Салернога көшеди ҳәм 1085 -жылы 
өледи

Инвеститура ушын гүрестиң тамамланыўы. Вормс конкордаты. 
Германияда Генрих IV қарсы балалары Конрад, соң Генрих қарсы гүрес 
апарады. Оларды немец ақ сүйеклери қуўатлайды. Өз-ара урыс дәўиринде 
Генрих IV өледи, оның орнына баласы Генрих V король болады. 1111- жылы 
ол Рим папасы Пасхал II менен келсим дүзеди ҳәм бул әмелге аспайды. Тек 
1122-жылы Вормста келисим дүзеледи. Ол бойынша епископлар ҳәм аббатлар 
ширкеў жыйналысында сайланатуғын болды. Германияда оған император 
қатнасыў ҳуқықына ийе болады. Егерде сайлаўда ҳәр түрли пикирлер болса 
император шешиўши даўыс ийелеген. Император оған жер ҳ.т.б. берген. Папа 
болса арнаўлы жүзик ҳәм ҳаса берген. Италия менен Бургундияда император 
ширкеўлик лаўазымларды сайлаўға араласпаған. Олар сайланғаннан кейин жер 
ҳ.т.б. бериўи шәрт болған. Вормс келисими Рим папасының ҳәкимиятының 
беккемленгенлигин көрсетеди. Императордың бурынғыдай ширкеў үстинен 
роли пәсеңлейди. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   18   19   20   21   22   23   24   25   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish