10
бийдай, горох, сулы, техникалық
егинлерден лен, кендир ҳ.т.б. еккен. Төгин
бериўге ҳәкли топырақтан пайдаланған. Хожалықта мал шарўашылығында
үлкен роль ойнайды. Тоқымашылық, гүлалшылық ҳәм басқа да
өнерментшилик тараўлары белгили. Олар По, Рейн ҳәм басқа дарьялар арқалы
қоңсы халықлар менен саўда жүргизген. Ишки зат алмасыўда дуз, тери, металл
ҳ.т.б. пайдаланылған. Сырттан металл буйымлар (Рим империясынан), безениў
затлары әкелинген. Сыртқа балық, тери, мал, жүн, янтарь ҳ.т.б. шығарылған.
Бирақ сыртқы саўда хожалыққа айтарлықтай тәсир жасаған. Туўысқанлық
жәмәәттиң орнына дийханшылық жәмәәти қәлиплеседи. Сүрилип егилетуғын
жерлерди пайдаланыўда жекке айырып еки - үш ҳәм көбирек әўладтан ибарат
үй хожалығының қолына өтеди. Алмаслап егиў кең таралған, тоғайлықлар,
жайлаўлар ҳ.т.б. улыўмалық түрде пайдаланылған. Үй ҳәм оның қапталындағы
жерлер семья меншигине айланды.
Италия ҳәм арқа Германияда сүрилип егилетуғын жерлер айырым жеке үй
хожалықларының қолына өтеди. Оның ағзалары тең ҳуқықлы болады.
Олардың қараўында қуллары да болған. Қуллар урыс нәтийжесинде қолға
түскенлер еди. Хожайын жазасыз ақ қулды өлтириў мүмкиншилигине ийе.
Қулларда өз үйине, хожалығына ийе болған, бирақ өз хожайнине затлай салық
төлеген. Олар хожалықта айтарлықтай роль ойнамады. Бул қулшылықтың
басланғыш дәўирине – «патриархалық қулшылық» характерли еди. Қулларды
өз еркине жүдә аз жиберди. Бундай жағдайда еркин адамлар да қуллардың
жағдайынан аз өзгешеликке ийе болған. Еркин адамлардың ишинен руў- қәўим
ақсақаллары шыға баслаған. Олардың семья ағзалары меншик затлары
бойынша ҳәм сиясий тәсири менен айырылып турды. Археологиялық қазыў
ўақтында ҳәр қыйлы үйлер ҳәм ҳәўлилер табылған. Қәбирлерден де ҳәр қыйлы
қурал-жарақлар табылған. Әсиресе қәўимлер ортасында теңсизлик күшейди.
Олардан Рим империясы менен шегаралас районлардағы халық саўдаға
байланыслы байырақ еди. Тациттиң дәўиринде Герман қәўимлери мәмлекетлик
дүзимге шекемги жағдайда жасады. Улыўма халық
жыйналысы баслы
мәселелерди шешти (келисимди, урысты ҳ.т.б.), руў-қәўим ақсақалларын,
әскерий көсем ҳ.т.б. лаўазымларды сайлады. Буннан басқа ақсақаллар кеңеси
11
қәлиплести. Олар тийкарынан улыўма халықлық жыйналысқа сораўлар
таярлады. Лаўазымлар атадан-балаға өткен. Айырым қәўимлерде ҳәкимлик
роли қәлиплеседи. Король халықты басқарыў менен қатар әскерий көсем
хызметинде атқарған. Король ҳәкимияты халық жыйналысы ҳәм ақсақаллар
кеңеси менен есапласқан. Король барлық еркин халық тәрепинен сайланды.
Айырым қәўимлерде король лаўазымы нәсилликке айланған. Қәўимлердиң
жәмийетлик дүзиминде жергиликли динлердиң таралғаны белгили. Бул
дәўирде бир неше көсемлердиң ҳәм белгили ақсақаллардың турақлы армиясы
қәлиплесип, әскерий дружинниклер басшыларының жеринде жасады.
Хожайинлеринен қурал-жарақ, ат, хызмет ҳақы ҳ.т.б. алды. Ақ сүйеклердиң,
корольлердиң басқарыўының күшейиўи «аристократиялық дүзимниң»
пайда
болғанын аңлатпайды, ал кең халық массасын қуралған еркин жәмәәт ағзалары
да жәмийетте белгили орын тутып турған. Семья қурыў қәўим ҳәм руўлар
арасында моногамия түринде еди. Тек ақсүйеклер бир неше ҳаял алыўға
ҳуқықлы болды.
Улыўма усы дәўирдеги герман қәўимлериниң жәмийетлик дүзими
«әскерий демократия» формасында болды. Улыўма халық жыйналысы
мәмлекеттеги ең жоқарғы ҳәкимият болып, мәмлекеттиң тийкарғы әскерий
күши еркин халықтан қуралған әскерлер есапланады. Герман қәўимлеринде
руўлық дүзим жүдә күшли болып парахатшылық, урыс дәўиринде де
басқарыўшы ҳәм белгилеўши әҳмийетли орын тутты. Туўысқанлар
мийрасхорлыққа қатнасты. Егерде өлген туўысқанларының балалары болмаған
жағдайда, урыс жағдайында, әскерий тәртип руўлық ҳәм туўысқанлық
қатнасларда есапқа алынған. Әййемги герман қәўимлеринде Цезардың
мағлыўматы бойынша күнге, айға, отқа ҳ.т.б. тәбият күшлерине сыйынған.
Тийкарғы қудайларына: Водан-жоқарғы қудай; Донар- гүлдирмама қудайы;
Циу- урыс қудайы.
Жуўмақлап айтқанда Тациттиң мағлыўматы бойынша, сол дәўирдеги
герман қәўимлери руўлық дүзимниң ең жоқарғы басқышларында яғный
алғашқы жәмийетлик дүзимниң ыдыраў дәўиринде жасаған. Бул ўақыялар
туўралы олардың арасындағы меншикликтиң пайда болыўы, туўысқанлық
12
аўқамнан дийханшылыққа байланыслы жәмийеттиң дүзилиўи, ақсақаллық ҳәм
король лаўазымларының нәтийжеликке өтиўи гүўалық береди.
Do'stlaringiz bilan baham: