Ростов-Суздаль жери XI-XIII әсирлерде.
Ростов-Суздаль жери XI-XIII
әсирлерде Днепр дәрьясының арқа-шығысында жайласқан. Бул жерде угро-
финлер ҳәм балт қәўимлери жасаған. Дәслепки пайтахты Ростов қаласы болды.
Ярослав Мудрый тәрепинен Ярославль қаласы еди. Жерлерди бөлисиў
нәтийжесинде ол жер Всеволодтың, соң Владимир Мономахтың ҳәм соңынан
Юрий Долгорукийдиң басшылығында болады. Ол дәўирде пайтахты Суздаль
қаласы еди. Ол 1156- жылы Москваны салдырған. Биракта археологиялық
материаллар XI-XII әсирлерде қаланың болғанлығын дәлийллейди. Юрийдиң
баласы Андрей (1174-жылға шекем) басқарған дәўиринде жерлерин
беккемлейди ҳәм кеңейтеди (36 жыл). Ол өлгеннен соң князлик 7 ге бөлинеди.
Андрейдиң 2-баласы Юрий басқарған дәўиринде арқа-шығыстағы баскарыў
жүдә күшли болады.
187
Галицко-Волын жерлери XII-XIII әсирлерде. Әййемги Рустиң түслик-
батысындағы жерлер 1134-жылы Владимир Мономахтың ақлығы Изяслав
Мстиславич баскарады. Ол жерлер Киевтен ғәрезсиз болады. Соң Владимир
1141-1152- жылларда, Ярослав 1152-1187- жылларда ҳәм Роман 1199-1205-
жылларда баскарады. Соң власты боярлар ийелейди. Қарама-қарсылықлар
князликтиң бир-неше майда бөлеклерге бөлиниўине себепши болады. 1238-
жылы Данил боярлардың оппозициясын жоқ етеди. Ол руслардың белгили
князи болады.
Новогород феодаллық республикасы XII-XIII әсирлерде. арқа-батыс рус
жерлери өз-алдына рауажланды. Новогород жерлеринде славянлар угрофин
ҳәм балтик халкы менен бирикти. 200 жылдай дауирде (1095-1304- жыллар) 40
тай адам баскарып олар Суздал, Смоленский ҳәм Черничовлик князлердин
әўладлары болған. Басқарыўдың жоқарғы шөлкеми вече-халық жыйналысы
болды. Оған 400-500 адам қатнасты. Сословияның жоқарғы қатламы боярлар
ҳәм олар менен қатар мүмкиншиликке ийе жер ийелери есапланылды.
Халыктың төменги қатламы қара адамлар тутады. Новогород феодаллық
республика болып басқарыў феодаллардың қолында болады. Халықтың
наразылык ҳәрекетлери 1136,1207 ҳәм 1228-1230- жыллары болады.
Республика халык-аралык экономикалық ҳәм сиясий қатнасларда үлкен роль
ойнады. Сыртқы саўда Швеция, Дания, Любек ҳәм баска да қалалар менен
жургизилди. Новогород халқы саўатлы болды. Онда ширкеўлер, монастырлар
ҳәм басқада қурылыслар болған. Ол немец ҳәм швед феодалларының
топылысына тосқынлық қылыўшы орын есапланды.
XII әсирдиң ақырында-XIII әсирдиң биринши ярымында арқа-батыс рус
жерлерине немец, швед ҳәм датшанлардың топылысы болған. Немец
феодаллары менен үлкен саўаш 5-апрель 1242-жылы Чуд көлинде өтеди. Бул
муз қырғынында Александр Невскийдиң әскерлери жеңеди. 1243-жылы
парахатшылық келисими дүзиледи. 1236-жылы Батый ханның әскерлери Рязан
князлигине топылады. Соң Коломнаға ҳәм Москваға топылады. 1238-жылы 3-
февральда Владимирди ҳәм Суздалды ийелейди. Мартта Владимир-Суздаль
жерлерин басып алады. 1239-жылы жаңа атланыслар шөлкемлестиреди. 1240-
188
жылы декабрьде Киевти басып алады. 1240-жылы Батый әскерлери Польша,
Венгрия, Чехия, Молдавияға, 1242-жылы олар Хорватияға ҳәм Далмацияға
жетеди.
Рус жерлериниң Москва әтирапында бирлесиўи
.
Батыйдан соң Русь ели
Алтын орданың вассалы болды. Биринши рет 1243-жылы Владимир-уздал
князи Ярослав ордаға барады ҳәм өз елин баскарыўға рухсат алады. Рус
князлериниң ордадан ярлық алыўы сәтли бола бермеди. Орда ушын салық
төлеп турды. XIII әсирдиң ақыры- XIV әсирдиң басында Руслар пайтахтын
Владимирге көширеди. Елдиң батысында Литов князлиги пайда болады. Бул
дәўирде класслық гүрес кескинлести. Рус жерлериниң сиясий жақтан
бөлшеклениўи өзиниң шыңына XIII-XIV әсирлерде жетеди. XIII әсирде 14
князлик болады. XIV әсирден баслап елдиң сиясий бирлесиўи басланады. 1380-
жылы 8-сентябрьде руслар Куликово майданында орданың әскерлерин жеңеди.
Урыстың нәтийжесинде Москва князи Дмитрий Донский деген атақ алады. Соң
әстелик пенен орданың үслемлиги жоғалады. Әстелик пенен Рус жерлериниң
Москва әтирапына бирлескенлигин билемиз.
XIII әсирде Миндовигтиң басшылығында Литовский князлиги дүзиледи.
Оның қурамында руслар, украинлар ҳәм белоруслар болды. Оларда жоқары
қатламды князлер, панлар ҳәм шляхталар тутады. Төменги класс ўәкиллерине
дийханлар ҳәм қалалардың жарлы халқы кирген. ХIV әсирдиң ақыры-XV
әсирдиң орталарындағы рус жерлеринде Дмитрий Донскийдиң мийрасхоры
Василий I өзиниң әкесиниң сиясатын даўам етеди. Ол 1392-жылы Нижегород
князлигин қосып алады. Ярославль, Ростов, Твер ҳәм Новгород князликлери
қосылады. XV әсирдиң 60-80-жыллары уллы Москва князлиги әстелик пенен
Рус мәмлекетине айланады. XV әсирдиң үшинши шерегинде феодаллық
бөлшеклениў жоқ болып ҳәм оның орнына бирлескен мәмлекет дүзиле
баслайды.
Сыртқы сиясатында үш тийкарғы бағдар болған. Бириншиси Алтын
орданың үстемлигин жоқ етиў. 1480-жылы 11-ноябрьде хан Ахмат өледи.
Соннан баслап татар-монголларының рус жерлериндеги үстемлиги жоқ
189
болады. 1500- жылы 14-июльде урыста Руслар Литваны жеңеди ҳәм 6 жылға
тынышлық келисимин дүзеди.
Do'stlaringiz bilan baham: |