Туребеков М



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet73/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   70   71   72   73   74   75   76   77   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

XI-XIII әсирлерде орта әсирлер мәденияты қаланың пайда болыўы ҳәм 
орта әсирлер мәденияты раўажланыўында оның роли. 
X-XI әсирлерде 
өнерментшилик ҳәм саўда орайлары сыпатында қалалардың пайда болыўынан 
баслап орта әсирлер мәденияты тарийхында Жана баскыш басланды. Товар 
өндириси ҳәм ақша айланысының раўажланыуы жазыў, есаплаў ҳ.т.б. қолынан 
келетуғын саўатлы адамларға зәрүр болды. Пухаралық билимлендириўге 
умтылыўлар күшейди. Саўатлылық руўханыйлар ўәкиллериниң тар 
шеңберинен шықты. Идеология тарауында ширкеў үстемлик жағдайын сақлап 
қалды. Қала мәденияты халық мәдениятынан келип шыққан болса, ески 
калалардың Еркин халқы крепостной дийханлардан келип шықты. Тап усы 
халықлық тийкары қала мәдениятына прогрессив тус берди. Онда ҳәр қыйлы 
социаллық қатламлар анықланды: қала ақсүйеклери, орта ҳәм гедей дийханлар. 
XI-XII әсирлерде монастырь мектеплери менен бәсекилес қала мектеплери 
мәденият ҳәм билимди көтериуде үлкен роль ойнады. Магистрлар басламасы 
менен қалаларда жеке, ширкеўлик емес мектеплер пайда болды. Оқығаны 
ушын оқыўшылар өзлери төлем төлеген. 
Өз бетинше арнаўлы мектеплер раўажланды. Италияның Болонье
қаласында XI-әсирдиң өзинде Рим ҳуқықлары элементлерин үйрениў бойынша 
юридикалық мектеплер пайда болады. Солерно (Италия) ҳәм Монпелье 
(Франция) ниң медицина мектеплеринде Адам қурылысы ҳаққында антик 
шыпакерлери Гиппократ, Галенниң мийнетлери араб алымларының 
жетискенликлери үйренилген. Оксфордта оптикадан сабақ берилген. Ланада 
(Арқа Франция) теология, Орлеанда-антик поэзиясы, Шартреде-«жети Еркин 
искусстволар», тарийх ҳәм әдебият үйретилген. Париж философиясының 
мойынланған орайы болды.
 
Орта әсирлер философиясының раўажланыўы. 
Мәденияттың раўажланыўы 
менен ойшыллар пайда болды, олар тийкарынан христиан дининиң идеялық 
тийкарларын бузған. Беренгар Турский (1000-1088 жыллары) өз дәўири ушын 
шешиўши пикир билдирген. Оның пикири бойынша, адамлар сезимине 
тусиникли бирден-бир затлар ғана реаль болып табылады, ал улыўма 
түсиниклер-«универсалийлер» - ҳақыйқатлығында жоқ, бирақ бирден-бир 


209 
қубылыслар суммасының абстракт белгилери болып табылады. Бул пикирди 
раўажландырып, Росцелин Компьянский (1050-1112 жыллары) соны 
дәлилледи, «универсалийлер», «затлардан кейин» пайда болады ҳәм соның 
ушын әпиўайы атамалар ямаса атлар болып табылады. Орта әсирлик 
философиясы ағымларының бири болған «номинализм» усылайынша пайда 
болған. 
Номинализмге «реализм» қарсы турған. Реализмде тек ғана «улыўма 
түсиниклердиң» реаль бар болғанлығы мойынланатуғын еди. Бирден-бир 
затлар болса усы түсиниклердиң дөретпеси ҳәм жетиспеген сәўлеси деп 
қаралған. Схоластиканың раўажланыўында үш дәўирди көриўге болады: ерте 
дәўир (XI-XII әсирлер), оның раўажланыў дәўири (XIII әсир ) ҳәм ҳәлсиреў 
дәўири (XIV-XV әсирлер). Схоластикада тартысы болған тийкарғы мәселе-бул 
билимниң динге қатнасы ҳаққындағы мәселе. 
Ерте 
схоластиканың 
тийкарын 
салыўшылардың 
бири 
Анильм 
Кентерберийский (1033-1108 жыллары) болған. Ол динди билимлер тийкары 
деп есаплаған ҳәм теологияны философиялық жактан түсиндириўге умтылған. 
Орта схоластиканың екинши, анағурлым прогрессив бағдарының ең көрнекли 
ўәкили Петр Абелер (1079-1142- жыллары) болған. Ол ерте қалалық мәденият 
тийкарында раўажланған Еркин пикир жүргизиўдиң көрнекли жыршысы 
болған. Парижде мектеп ашып, ол «Еркин искусстволардың» белгили магистри 
сыпатында Европада даңққа бөленеди. Ол ортодоксал схоластикасына қарсы 
шықты. Ол ақылды билимниң бас дереги деп есаплаған. «Түсиниў ушын 
исенемен» деген тезиске ол «исениў ушын түсинемен» деген тезисти қарсы 
қойған. Өзиниң «Теологияға кирисиў», «Аўа ҳәм яқ», «Дидактика», ҳәм басқа
шығармаларында Абелер ҳақыйқатлықты анықлаў ушын пухаралық 
билимлердиң, атап айтқанда антик философиясының пайдалығы ҳаққында 
пикир айтқан. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   70   71   72   73   74   75   76   77   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish