Туребеков М



Download 1,41 Mb.
Pdf ko'rish
bet71/78
Sana25.02.2022
Hajmi1,41 Mb.
#300085
1   ...   67   68   69   70   71   72   73   74   ...   78
Bog'liq
Туребеков М орта асирлер

 
Антик мийрасына ширкеўдиң қатнасы ерте орта әсирлердеги 
билимлендириў. 
Христиан дини антик мәденияты менен идеялық гүресте 
қәлиплести. Христиан теологлары антик философиясын айрықша қәўипли деп 
есаплаған. Бирақ ширкеў антик мийрасларынан айырым затларды өзине алыуга 
мажбур болды. Оның айырым элементлерисиз Рим империясы қулауынан 
бурын қәлиплескен христиан дининиң өзи түсиниксиз болар еди. Сөз жүзинде 
антик 
философиясын 
бийкарлап, 
антик 
мәденияты 
дәстүрлеринде 
тәрбияланған ерте орта әсирлердиң көплеген теологлары дин догматларын 
ислеп шыққанда соңғы Рим философиясынан-неоплатонизмнен (мәселен, 
Августин) кеңнен пайдаланған. Айырым ширкеў ғайраткерлериниң 
шығармаларында, егер бул христиан динин беккемлеўге алып келсе, ҳаттеки 
антик мәдениятының айырым элементлерин пайдаланыў мүмкиншиликлери 
ҳаққында пикирлер болған. Руўханыйларды үйретиў ушын зәрүр болған 
ширкеў ҳәм монастырь мектеплерин шөлкемлестириўде ширкеў антиктиң 
пухаралық билимлердиң айырым элементлерин пайдаланыуға мәжбүр болған. 
Антик билимлер элементлерин ширкеў зәрүрлиги ушын V әсирде биринши рет 
қолайластырыўға урынған Марциан Капелла болды. «Фолология ҳәм 
Меркурий ҳаққында» китабында ол антик мектебинде оқытыў тийкарындағы 
пәнлерге қысқаша шолыў жасады. Бул пәнлер «жети еркин искусстволар» 
деген ат пенен белгили болған. VI-әсирде Боэция ҳәм Касалодер бул «жети 


204 
искусствоны» оқытыўды еки басқышқа бөлди: төменги (тривиум) – 
грамматика, риторика, диалектика ҳәм жоқарғы (квадриум) – геометрия, 
арифметика, астрономия ҳәм музыка. Бул классификация XV әсирге шекем 
сакланып келди. Мектеплерде, кейин ала университетлерде риторика Цицерон 
бойынша, диалектика Аристотель бойынша оқытылды. Пифагор ҳәм 
Эвклидтиң 
шығармалары 
арифметика 
ҳәм 
геометрия 
үйрениўдиң, 
Птоломейдиң шығармалары-астрономия үйрениудиң тийкары болды. Бирақ 
«жети еркин искусствосын» үйретиў ширкеў билимлендириў мақсетинлерине 
толық бағындырылды. Геометрия храмлар қурыў ушын зәрүр болған 
фигуралар ҳәм сызылмалар ҳаққында әпиўайы билимлерин өз ишине 
қамтыған. Музыка қосық айтыўға ҳәм ширкеў гимнлерин дөретиўге үйреткен, 
астрономия пасха байрамының мүддетлерин есаплаў усылларын үйреткен 
ҳ.т.б. 
Антик дәўиринде Аристотель ҳәм Птоломей тәрепинен дузилген әлем 
қурылысы ҳаққындағы геоорайлық тәлийматта христиан догмасына 
бейимлестирилген еди. Әлем орайында қозғалмайтуғын жер жайласқан 
концентрикалық сфералар системасы сыпатында көзге тасланған. Оның 
дөгерегинде Қуяш, Ай, бес планеталар айланып журген (Меркурий, Шолпан, 
Марс, Юпитер ҳәм Сатурн), кенинде қозғалмайтуғын жулдызлар сферасы 
(Зодиак) ҳәм аспан турған. Әлемниң ең жоқарғы төбесинде қудай тала ҳәм 
периштелер жасайтуғын орын болған. Иерусалим жер орайы болып 
есапланған. Шығыста (ол картада жоқарыда көрсетилген) таў жайласқан, 
аңызларға муўапық, ол таўда бир заманларда жердиң бейиши жайласқан, усы 
таўдан Тигр, Еврат, Ганг ҳәм Нил дәрьялары аққан. Сөзлердиң этимологиялық 
мәнисин түсиндириў ҳәм келип шығыў формасында VI- әсирде Исидор 
Севильскийдиң (560-636 жыллары) биринши энциклопедиясы «Этимология» 
жазылған. Ол грамматика, тарийх, география, космология, антропология ҳәм 
теология бойынша билимлер жыйнағы еди. Ол грек – авторларының 
мийнетлеринен 
пайдаланған. 
Бул 
жумыс 
ерте 
орта 
әсирлер 
билимлендириўиниң бас дәреже болды.
 


205 
Халық массаларының руўхый мәденияты. 
Үстем феодаллық ширкеў 
мәдениятына қарсы халық мәденияты-халық массаларының дүнья таныўы ҳәм 
көркем дөретиўшилиги турды. Халық мәденияты әййемги феодаллық заманға 
тамыр урған ҳәм варварлар мәденият мийрасы, кельтлер немислер, славянлар 
ҳәм тағы басқа варвар халықлардың көп қудайлық дәўириниң мифлары, 
аңызлары ҳәм байрамлары менен байланыслы болған. Әпиўайы халықтың 
руўхый турмысында ширкеў музыкасына ҳәм тутасы менен үстем класының 
мәденимятына ашықтан-ашық қарсы турған халық қосықлары, аяқ ойынлары, 
аўызеки поэзиясы үлкен роль ойнаған. Халық дөретиўшилигиниң формалары 
ҳәр қыйлы болған (ертеклер, аңызлар, лирикалық, муҳаббат ҳаққында 
қосықлар, мийнет қосықлары, шопанлардың қосықлары, хор, салт-дәстүр 
қосықлары ҳ.т.б.). 
Халық дөретиўшилигинде қаҳарманлық қосықлар үлкен роль тутқан. 
Англия, Ирландия, Скандинавия еллериниң ерте орта әсирлер дастанларында 
халықлық тийкар болды. Бул еллерде феодаллық процесстиң әсте-ақырынлық 
пенен жургизилиўи себепли көп ўақытларға шекем Еркин дийханлардың 
анағурлым қатламы ҳәм көп қудайлықтың қалдықлары сакланып турған. Әззи 
ҳәм езилгенлердиң қорғаўшысы қаҳарман Кухимин туўралы Ирландия 
сағалары буған мысал бола алады. Әййемги Исландияның қосықлары 
топланып «Үлкен Эдда» Скандинавия дәстанының естелиги болып табылады. 
Ол қудайлар ҳаққында аңызлардан, қәҳарманлық қосықлардан ибарат еди. 
Исландия сагаларында ҳақыйқый тарийхый ўақыялар ҳаққында гүрриң 
етиледи. Мәселен, исландиялылар тәрепинен Гренландия ҳәм Арқа Американы 
ашыўлар ҳ.т.б. Жонглер халық массаларының музыкалық ҳәм поэтикалық 
дөретиўшилигиниң жырлаўшылары ҳәм таратыўшылары болған. Олар халық 
қосықларын атқарған, музыка әсбапларында ойнаған. Ишки мәниси бойынша 
орта әсирлердиң халық мәденияты бәрҳәма феодаллық-ширкеў идеологиясына 
стихиялық қарсылық билдирген. 

Download 1,41 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   67   68   69   70   71   72   73   74   ...   78




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish