Тема: Экономиканы модеринизациялауда финанслык корсеткишлерди


Түрли дебитор ҳәм кредиторлар менен есап-китаплар есабы



Download 153 Kb.
bet6/8
Sana09.07.2022
Hajmi153 Kb.
#759996
1   2   3   4   5   6   7   8
Bog'liq
Темирбеков А.Фин корсеткиш есап

3.Түрли дебитор ҳәм кредиторлар менен есап-китаплар есабы
Дебиторлық қарыз бул көпшилик жағдайда басқа компаниялардың активлерине болған талабнамасы болып есапланады. Дебиторлық қарыз бенен байланыслы болған бухгалтериялық операциялардың тийкары баҳалаў ҳәм мойынлаў болып есапланады. Дебиторлық қарызды өндирип алыў мүмкиншилиги дебиторлық қарыз бойынша есабат ҳәм өлшемге тәсир ететуғын тийкарғы мәселеден есапланады. Өндирип алыў мүмкиншилиги дебиторлық қарыздың сәўлеленгенине (мойынлаў принципине) ҳәм сумманың қандай екенине (баҳалаў принципине) тәсир етеди. 2-санлы бухгалтерия есабының миллий стандартларына сәйкес дараматлардың хожалық жүргизиўши субъектке келип түсиў итималлығы әмелге асқан жағдайда бөлек сәўлеленеди.
«Финанслық есабатты таярлаў ҳәм оны тапсырыў ушын концептуал тийкары» атамадағы миллий стандартта атап өтилген, кретиторлық қарыз яғный миннетлеме, «бухгалтериялық баланста ресурслардың келип түсиўи мүмкиншилиги әмелге асқанда, өзине экономикалық мәнпәтти пайда қылатуғын жағдайда, сондай-ақ миннетлемени қабыллаў нәтийжеси болып есапланғанда мойынланады».
Ҳәр қыйлы дебиторлық ҳәм кредиторлық қарыздарлар менен есапласыў орынланыўы керек болған ҳүжжетлер бойынша есапласыўлар әмелге асырылған жағдайда есапласылады. Бул кәрхананың өзинен ямаса айрым жеке шахслардан, квартира ҳәм коммунал хызметлерден, турақ жай емес имаратлардың ижара төлемлери, сатылған өнимлердиң пулларының ўақтында келип түспеўи, көрсетилген хызметлер ушын төлемлердиң ўақтында төленбеўи, салық төлем бойнша төлемлердиң ўақтында төленбеўи ҳәм тағы басқалар бойынша есапласыўлар жүргизилиўи мүмкин. Буннан тысқары кәрханалар билдирилген наразылық, көрилген материаллық зыянның орнын толтырыў ҳәм тағы басқа да операциялар бойынша есапласыўларды әмелге асырады. Дебимторлық ҳәм кредиторлық қарызлар бойынша есапласыўлардың аналитик есабы 7-cанлы ведомоста жүргизиледи. 7-cанлы аналитикалық ведомост басқа да счетлар бойынша ашылады.
Депонентке өткерилген хызмет ҳақы суммалардың аналитик есабы ҳәр бир есапланылған хызмет ҳақы суммасы бойынша ямаса берилген қарыз суммаларын белгилеп қойатуғын арнаўлы графаларда көрсетилип есапта көрсетиледи. Бундай қарызлар бойынша берилген суммалар кассада шығыс касса ордерлери бойынша бериледи.
Жумысшылар мийнет дем алысына шыққанда, пенсияға кеткенде ямаса жумыстан шыққан жағдайда олардың хызмет ҳақылары көп созылмай тез арада олардық қолларына берилиўи керек. Булар тийисли ҳүжжетлер менен толтырылып барылады.
Дебиторлық ямаса кредиторлық қарызлары бойынша ўақтында есапласып бармаған хожалықлардың финанс хожалық жумыслары жақсы жолқа қойылмайды. Себеби дебиторлық қарызлардың келип түсиүиниң созылып кетиўи хожалықта пул қаржыларының жетиспеўшилигине алып келеди. Ал кредиторлық қарызларының ўақтында төленбеўи болса хожалықта бар пул қаржыларының қәлеген жерге жумсай алмаўына алып келеди, Себеби кредиторлар өзиниң пулларын өз ўақтында төлениўин талап етеди ҳәм өндирип алады. Кредиторлық қарызлардың ўақтында төленбеўи болса кредиторлық қарызлардың еледе көбейип кетиўине алып келеди. Себеби ҳәр бир күн ушын төлениўи кешиктирилген кредиторлық қарызға жәрийма төленип барылады ҳәм қосымша қаржы төлеўге мәжбүр болады.
Дебиторлық ҳәм кредиторлық қарызлардың ҳәдден тыс көбейип кетиўи хожалықтың жумысына кери тәсир тийгизеди. Өндиристиң ямаса хызметтиң тоқтап қалыўына шекем алып келеди. Соның ушын хожалықтың бас бухгалтери ҳәм хожалық басшысы бул мәселелерге жүдә жуўапкершилик пенен қараўы керек болады. Кейинги ўақытлары усындай дебиторлық ҳәм кредиторлық қарызлардың көбеип кетиўи себеплери көп болмақта. Буған есап санақ жумысларының жақсы жолға қойылмағаны себеп болмақта. Сонлықтан дебиторлық ҳәм кредиторлық қарызлардың көбейип кетиўи анықланса сол кәрхана ямаса хожалықтың басшысына ҳәм бас бухгалтерине минимал хызмет ҳақының бир неше еселенген түринде жәрийма салыўына алып келди. Бундай жағдай есап санақ жумысларының өз ўақтында әмелге асыўына алып келеди. Дебиторлық қарызды болса олардың көп созылмай келип түсиўин бас бүхгалтер қадағалап турыўы керек. Егер бул қарызлардың келип түсиўи кешиктириле берсе онда хожалық суды арқалы мәселелерди тез арада шешип алыўға туўра келеди. Кредиторлық қарызлардың да өз ўақтында төлениў мүмкиншиликлерин тәмийнлеўи зәрүр. Себеби бул қарызхларды өз ўақтында төлемеў хожалықтың финанслық жаәдайына кери тәсир етеди. Хожалықтың бар ақшаларыда сол қарызларды төлеў ушын артығы менен кетипқалыўы мүкин. Соның ушын есап санақ жумыслары өз ўақтында әмелге асқаны сатыўшы мнен қарыйдардың, өндириўши менен буйыртпашының арасындағы байланыслы дурыс жолға қойыўға жәрдем береди.
Өндириўши менен буўыртпашы, сатыўшы менен қарыйдар, хызмет көрсетиўши менен тутыныўшы яғный улыўмаластырып айтқанда базар қатнасығы шәриатында ҳәр бир хожалық жүргизиўши субъект өзиниң клиентлери менен жақсы қатнаста болып, олар менен есап-санақ жумысларын барлық ўақытта избе-излик пенен алып барыўы керек. Сонда ғана хожалықтың алға қарап илгерилеп кетиўине мүмкиншилик туўдырылады.
Дебиторлық ҳәм кредиторлық қарыздарды өз ўақтында есапласыўды әмелге асырыў арқалы ғана шешиў мүмкин. Буларды әмелге асырыў хожалық басшысы ҳәм бас бухгалтердиң баслы ўазыйпаларының бири болып есапланады.
Түрли дебитор ҳәм кредитлар менен есап-китаплар төмендеги жағдайларда жүзеге келеди: кәрхананың өзинен ямаса оның мийнет жәмәәти ағзаларынан ижара бетлерине тийкарланып ақша өндирилген болса; коммунал хызмети, турақ жай ҳақы, турар жай болмаған ханалардың ижара ҳақлары бойынша; мийнет жәмәәси ағзаларының буйрығы менен халқ банки ҳәм басқа тәреплерге ақша өткизиў бойынша. Наразылықлар ҳәм кәрханаға келтирилген материаллық зыянларды өндириў бойынша есап-китаплар 48ү0, 4730- счетларында есапқа алынады.
Буннан тысқары, түрли дебиторлар қурамында финансластыратуғын ҳәм оператив лизинглери бойынша алынатуғын төлемлер, процентлер ҳәм дивидентлер есапқа алынады. Бул айланыслардың есабы 4800 «Түрли дебиторлардың қарызлары есабы» счеты бойынша ашылған (4810- 4890) счетларда сәўилеленеди.
Кәрхананың түрли кредиторлардан болған қарызлары қурамына финансластырылатуғын ҳәм оператив лизинглери бойынша төленетуғын суммалар, роялти ҳәм гонорарлар бойынша қарызлар, наразылық бойынша счетлар, есап бериўши шахслардан болған қарызлар ҳәм басқа миннетлемелер киреди. Бундай операциялардың есабы 6900 «Түрли кредиторлардан қарызлар да есабы» счеты бойынша ашылған (6910-6990) счетларында сәўилеленеди.
Депонентленген суммалардың аналитик есабы ҳәр бир жумысшының ҳақысын талап етип алмағанлар бойынша ямаса депонент суммасы берилгенлиги ҳақында белги қоятуғын графа көрсетилип дүзилген реестрде ямаса депонентленген жумыс ҳақы дәптеринде (8-а форма) жүргизиледи.
Биз енди түрли дебиторлар ҳәм кредиторлар менен есапласыў операцияларының жаңа счетларда есапқа алыныўын счетларда көрсетемиз.

Download 153 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish