Тарийхый география


Б.э.ш. IV әсир ақыры – эрамыздын IV әсирдиң басларында Орта Азияның сиясий ҳәм экономикалық географиясы



Download 0,95 Mb.
bet27/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

5. Б.э.ш. IV әсир ақыры – эрамыздын IV әсирдиң басларында Орта Азияның сиясий ҳәм экономикалық географиясы
Б.э.ш. 323 жылы Александр Македонский өлгеннен кейин македониялы жергиликли ақсүйеклер Орта Азия халықларының сиясий бирлигин ыдыратыў мақсетинде мәмлекетти майда бөлеклерге бөлип таслайды.Б.э.ш. 312 жылы Искендердиң сәркардаларынан бири болған Салавкаға Бабил (Месопотамия) ҳәм оның шығысындағы мәмлекетлер тапсырылады. Арадан көп ўақыт өтпей, ол өзи ҳүкимранлық етип атырған мәмлекетлердиң шегараларын кеңейтип, Сырдәрья ҳәм Ҳинд дәрьясының арғы тәрепиндеги жерлерди де ийелейди, усылайынша салавкийлер династиясын баслап береди.
Грек-македониялылар әскерлериниң Бактрияда ҳәм Соғдда бир ярым әсир даўам еткен ҳүкимранлығы жергиликли халық мәдениятын байытыўға жәрдем бермеди. Сол заманнан бизге жетип келген жүдә аз муғдардағы естеликлер Орта Азияда греклер тәсири тарқалғанлығынан дерек береди.
Салавкийлерге қарсы ғалаба халық гүреси әсте-ақырын күшейип барыўы нәтийжесинде б.э.ш. III әсир орталарында Грек-Бактрия мәмлекети ажыралып шығады. Бул мәмлекет қул ийелеўшиликке тийкарланған болып, салавкийлердиң Бактриядағы мийрасхоры Диодот тәрепинен тийкар салынған. Орайласқан монархия формасындағы Грек-Бактрия мәмлекети жоқарысында патша турған. Бул мәмлекеттиң тийкары Бактрия болып, базы ҳәкимлер дәўиринде (Евтидем, Деметрий, Евкрадит) Ҳиндстанның арқа-батыс бөлими, Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья ортасындағы үлкен жерлер қосып алынады. Мәмлекеттиң пайтахты Арқа Афганстандағы Бактро қаласы еди. Мәмлекет бир неше сатраплықларға бөлинген болып, мәлим дәрежеде ғәрезсиз болған. Жоқары дәрежедеги экономикасы, өнерментшилиги, қалалары менен белгили болған. Эллин мәденияты ҳәм жергиликли мәденияттың араласыўынан өзине тән мәденият жаратылған. Товар-пул қатнасықлары жоқары болған. Пул системасы гүмис ҳәм бронза теңгелери болып, аттик (тетра-драхма) теңгелеринен ибарат болған.
Б.э.ш. II әсирдиң соңғы шерегинде (базы дереклерде айтылыўынша, б.э.ш. 166 жыл) Грек-Бактрия патшалығы сак ҳәм юечжи қәўимлери тәрепинен басып алынған. Грек дереклеринде жазылыўынша, бул мәмлекетке түрли қәўимлер тәрепинен соққы берилген. Қытай дереклеринде болса Грек-Бактрия патшалығын тек ғана юечжи қәўимлери басып алған деп жазылған.
Б.э.ш. II әсир басларында көшпели қәўимлер Қанғ мәмлекетин дүзеди. Бул мәмлекет ҳаққында дәслепки мағлыўмат Чжан Цзян (б.э.ш. 128 жыл) жазба дереклеринде ушырасады. Қанғ мәмлекети қурамына Орта Азияның Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья ортасындағы жерлери (Бактриядан тысқары) кирген.
Пайтахты Битян қаласы болған. Қытай дереклеринде мағлыўмат берилиўинше, Қанғ мәмлекетиниң халқы 600000 адамды қураған. Армиядағы әскерлер саны болса 120000 әскерден ибарат болған. Халқын қанғлар деп атаған. Қанғ мәмлекети конфедерация формасында болып, оған б.э.ш. I әсир – эрамыздың I әсиринде 5 ғәрезсиз мүлклер кирген. Бул мүлклер төмендегилер:

  1. Сусе (Кеш, ҳәзирги Қашқадәрьяның шығыс бөлими).

  2. Фуму (Зарафшан алабы).

  3. Юни (Шаш-Ташкент алабы).

  4. Ги (Мүмкин, Бухара).

  5. Юеган (Үргенч, Хорезм).

Бул мүлклер Қанғ мәмлекети патшасына бойсынған. Олар өзлериниң теңгелерин басып шығарған.
Б.э.ш. I әсир ҳәм эрамыздың I әсирлеринде Қанғ мәмлекети экономикалық жақтан бир қанша раўажланған мәмлекет еди. Мәмлекеттиң тийкарғы халқы отырықшы ҳәм ярым отырықшы болып, оның аймағында көшпели шарўалар да жасайтуғын еди. Отырықшы халық тийкарынан алапларда жасап, дийқаншылық, бағшылық ҳәм өнерментшилик пенен шуғылланып келген.
Алапларда жасаўшы отырықшы халық дийқаншылық пенен бир қатарда шарўашылық пенен де шуғылланған. Жазба дереклерде қанғарлардың сүт-қатықлары моллығы ҳәм көплеп нәсилли атлары барлығы айрықша атап өтиледи. Қанғарлардың ең тийкарғы душпаны усун қәўимлери еди. Б.э.ш. II-I әсирлерде усунлар Қытай императорлары менен жақынласып, хуннлар ҳәм қанғарлар менен гүрес баслайды. Бирақ қанғарлар оларды өз аймақларына жақынлатпаған. Эрамыздың III әсирине келип Қанғ мәмлекети бир неше ғәрезсиз мүлклерге бөлинип, мәмлекет сыпатында тамамланды.
Б.э.ш II-I әсирлерде Қытай дереклеринде кең, бай ҳәм көп халықлы деп айтылған Даван мәмлекетин тарийхшылар Ферғана деп есаплайды. Бул мәмлекет ҳаққындағы дәслепки мағлыўматлар Чжан Цзян (б.э.ш. 128 жыл) жазба дереклеринде ушырасады. Даван, сөзсиз, Ферғананың қытайша айтылыўы. Мәмлекеттиң пайтахты Эрши қаласы болған. Мәмлекеттиң аймақлары Ташкентке шекем барып, мәмлекет басында ҳүкимдар турған. Мәмлекет басқарыўында жасы үлкен адамлардың жыйыны үлкен әҳмийетке ийе болып, олар ҳәттеки ҳүкимдарларды да өзгертиўлери де мүмкин болған.
Чжан Цзян мағлыўматларына қарағанда, Даван халқы бир неше жүз мың адам болып, 70 ден артық үлкен ҳәм киши қалалар болған.
Экономикада тийкарғы орынды аўыл хожалығы ийелеген. Дийқаншылық пенен шуғылланыўшы халық арпа, салы сыяқлы түрли егинлер еккен. Сондай-ақ, олар жүзимшилик пенен де шуғылланған. Виноны үлкен сопол хумларда узақ ўақыт сақлаўды да билген.
Өз дәўиринде Даван мәмлекети «әпсаналы» ҳәм «дүлдил» атлары менен даңққа ерискен. Даван атлары мәмлекеттен тысқарыда да, әсиресе Қытайда жүдә қәдирленген.
Б.э.ш. 104-102 жылларда Даван менен Қытай ортасында урыслар болып өткен. Қытайлылар бул жерде өз ҳәкимиятын орнатқаннан кейин, қайтып кеткен. Бирақ ферғаналылар олар қалдырып кеткен ҳүкимдарды аўдарып таслап, өз ҳәкимиятын орнатады. Ферғаналылар Қытайға ҳәр жылы дүлдил атлар бериў мәжбүрияты есесине өз ғәрезсизлигин сақлап қалған.
Б.э.ш. II – эрамыздың IV әсирлеринде Орта Азияның үлкен бөлими, Афганстан, арқа Ҳиндстан ҳәм басқа бир қатар жерлерди өз ишине алған Кушан империясы Орта Азия халықлары тарийхында белгили әҳмийетке ийе болды. Б.э.ш. I әсирге келип үлкен юечжи бирлеспесиндеги Гуйшуан (Кушан) ҳәкимлиги бир қанша күшейип ҳәм аймағы кеңейип барды.
Патша Вима Кадфиз дәўиринде кушанларға Ҳиндстанның үлкен бөлими бойсынатуғын болды. Канишка I дәўиринде болса Кушан патшалығы өзиниң раўажланыў шыңын бастан кеширген. Орта Азияда кушанлардың арқа шегаралары Өзбекистан қубласындағы Хисар таў дизбеклеринен өткен ҳәм де таўлы даванда (Дәрбент) шегара дийўаллары қурылған.
Кушан дәўири экономикасы ҳаққында гәп кеткенде, оның теңгелерине тоқталып өтиў керек. Бул теңгелер мәмлекетте раўажланған пул тәртиби болғанлығынан дерек берип ғана қалмай, товар-пул қатнасықларының раўажланғанлығын да көрсетеди.
Кушан мәмлекетинде аўыл хожалығы да жоқары дәрежеде болған. Тегисликлерде суўғарма дийқаншылық пенен бирге шарўашылық та раўажланады.
Кушан патшалығы теократиялық мәмлекет болып, патша мәмлекеттиң бас руханыйы болып есапланған. Патшалық сатраплықларға бөлинип, сатраплар бир қанша ғәрезсиз сиясат алып барған.



Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   23   24   25   26   27   28   29   30   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish