Сораў ҳәм тапсырмалар.
1. Картография ҳәм тарийхый картография пәнлери нени үйренеди?
2.Тарийхый картографияның қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы ҳаққында нелерди билесиз?
3.Орта Азия аймақлары сәўлеленген тарийхый карталар ҳаққында мағлыўмат топлаң?
4. Орта Азия алымларының картография пәнине қосқан үлеси нелерден ибарат?
Темаға тийисли дерек
Никола Сансон (1600-1667 жыллар) келип шығыўы Францияның Абвил қаласынан болып, француз картографлары мектебиниң тийкар салыўшысы есапланады. Никола Сансон 300 ден зыят карта жаратқан. Никола Сансон өз искерлигин әскерий инженер сыпатында баслаған болса да, бирақ Галлияның антик дәўири картасын жаратып, ири баспаханашы Мелчоч Таверниердиң итибарына түсип қалғаннан соң картография тараўына қызығып қалады.
1643-жыллар шамасы Сансон өз карталарын басып шығара баслайды. Кейинирек Пьер Мариетте менен биргеликте иследи. Никола Сансон дәслеп Абвилда турып ис жүритип, кейин ала Парижге көшип өтеди. Ол жерде 1640-1643-жылларда Мелчоч Таверниердиң «Театр» атлы атласы ушын Италия, Испания, Германия, Британия ҳәм Францияның карталарын дүзеди.
1658-жылы Никола Сансон дүзген карталарды Пьер Мариетте безеген ҳәм баспадан шығарған. Никола Сансон 1665-жылы 166 картадан, 1666-жылы 181 картадан, 1667-жылы толтырыўлар менен 200 картадан ибарат атлас баспадан шығарған. 1667-жылы оларға Гилом Сансонның 17 картасы толтырылып баспадан шығарылған.
(Tooley’s Dictionary of Mapmarkers. Vol. 2. 2001)
III БАП.
ОРТА АЗИЯНЫҢ АЛҒАШҚЫ ЖӘМИЙЕТ ҲӘМ АНТИК ДӘЎИРДЕГИ ТАРИЙХЫЙ ГЕОГРАФИЯСЫ.
1.Орта Азияның тас әсири мәкан жайлары тарийхый географиясына сыпатлама
Әййемги тас әсири үш дәўирге бөлинеди: ерте палеолит, орта палеолит ҳәм соңғы палеолит. Орта Азиядағы әййемги тас әсири мәкан жайлары ҳәм олардың мәдений қатламларынан табылған буйымларға қарап жуўмақ шығарылса, бул үлкеге адамлар жүдә ерте келип қонысласқанын билиў мүмкин.
Ерте палеолит дәўири мәкан жайлары Селунгир үңгири ҳәм Көлбулақ мәканынан таўып үйренилген. Ферғана алабының Сох районында жайласқан Селунгир үңгиринен тас қураллар ҳәм адам сүйегине уқсас сүйеклер табылған. Изертлеўшилердиң пикиринше, Селунгир табылмаларының жасы 1 миллион жылдан аслам. Көлбулақ мәканы ҳәзирги Ташкент ўәлаятының Ахангаран районы аймағында болып, Шатқал таўынын қубла жанбаўырларында, Қызыл алма сайының шеп қапталындағы Көлбулақ деген мәнзилде жайласқан.
Ерте палеолит дәўири мәкан жайларына Тяншан етеклериндеги Анарша (Қырғызстан) ҳәм Памир етеклериндеги Қаратаў (қубла Тажикстан) мәканы да киреди. Бул дәўирде халық тийкарынан, аңшылық ҳәм балықшылық пенен шуғылланғанлығын табылған ҳәр түрли затлай буйым ҳәм сүйек қалдыклары тастыйықлайды.
Ерте палеолит дәўири адамлары киши дәрья бойлары ҳәм булақлар қасында өзлерине мәкан қурған. Ҳаўа райы ыссы болғанлықтан турақ жайларға да мүтәжлик болмаған.
Орта палеолит дәўирине тийисли дәслепки естелик Тесиктас үңгиринен табылған. Бул мәкан Сурхандәрья ўәлаятының Байсын районындағы Байсын таўының қубла жанбаўырындағы Турғандәрьяның Завталашгансай даласында жайласқан. Үңгир арқа-шығысқа қараған болып, кеңлиги алдыңғы бөлиминде 20 метр, тереңлиги 21 метр ҳәм бийиклиги 9 метр. Тесиктас үңгирин қазыў нәтийжесинде 5 мәдений қатлам барлығы анықланған. Мәдений қатламлардан 2859 тастан исленген мийнет қураллары табылған. Олардың хожалығында аңшылықтың орны үлкен болған. Тесиктаслылар жасаған Байсын таўлары жабайы мийўелерге бай болғанлығы себепли халық теримшилик пенен де шуғылланған.Байсындағы және бир үңгир-мәканлардың бири Амир Темур үңгири болып есапланады. Ол Тесиктас үңгиринен узақ болмаған жерде жайласқан. Бул орынлардан табылған мийнет қураллары да адамлардың аңшылық ҳәм теримшилик тийкарында күн кеширгенлигинен дерек береди.
Кейинги дәўирде археологлар Сурхандәрья алабының түрли жерлеринен, тийкарынан Топалан дәрьясы бойларынан орта палеолит дәўири адамларының мийнет қуралларын тапқан. Демек, бул дәўир адамлары-неандерталлар тек ғана Байсында жасап қалмастан, бәлки пүткил Сурхан үлкесине тарқалған екен.
Ферғана алабы ҳәм оған тутас таўлы районлар да алғашкы адамлар жасаўы ушын барлық қолайлықларға ийе болған. Ферғана қаласы жақынындағы Алай таў дизбегиниң арқа жанбаўырларындағы Сох ҳәм Обишир бойындағы орта палеолит естеликлеринен тас әсири адамларының мәканлары табылған.
Қоңсы Тажикстан аймағында да орта палеолит дәўири естеликлери кең тарқалған болып, олардан ең белгилилери Аўзыкиши, Ақжар, Қара-Бура, Қайраққум, Семиганж, Кухи-Пияз, Байпазин сыяқлылар есапланады.
Түркменстанда тас әсири мәкан жайлары аз табылған. Буны дәслеп, Түркменстан менен Орта Азияның сондай-ақ, Өзбекистан, Тажикстан, Қырғызстан ортасында тәбийий шәраяты жағынан үлкен айырмашылық барлығы менен тәрийплеў мүмкин. Барлық дәўир адамлары сыяқлы тас әсири адамлары да тәбийий шәраят, азық-аўқат ҳәм шийки зат имканияты жақсы болған жерлерде жасаған.
Қырғызстанда тас әсири мәкан жайларының ең белгилилери Тоссон ҳәм Георгий Бугор мәканлары есапланады. Сондай-ақ, Қубла Қырғызстандағы Исфара дәрьясы алабындағы Хожағайр деген жерден де орта тас әсири мәдениятына тийисли мәканлар табылған.
Қубла Қазақстан жерлеринен де ерте тас дәўирине тийисли мәкан жайлар менен бирге орта тас дәўири естеликлери де табылып үйренилген. Оларға Қарасуў, Сары Арка, Такали, Шабакти ҳәм басқа мәкан жайларды киритиў мүмкин.
Орта палеолит дәўирине келип әййемги адамлар Орта Азияның кең аймақларына тарқала баслайды. Бул дәўирде адамлардың турмыс тәризинде ҳәм мийнет қуралларында жаңа элементлер пайда болады. Қураллардың түрлери көбейеди. Бул дәўирдиң жәмийетлик турмыстағы ең әҳмийетли өзгешелиги сонда, бул дәўирде алғашқы топардан руўлық жәмийетке өтиле баслады. Ҳәзирги заман адамының пайда болыўы ушын шәраят жаратылды.
Орта палеолит дәўири Орта Азия аймақларында тәбийий ықлым өзине тән болып, жазда ҳаўа-райы жыллы ҳәм қурғақ, қыста болса суўық ҳәм ызғар болады. Бул дәўирдиң орталары ҳәм ақырларына келип арқадан үлкен музлықтың жылысып келиўи нәтийжесинде ықлым пүткиллей өзгереди. Нәтийжеде әййемги адамлар турмыс тәрзинде үлкен өзгерислер болып өтти. Суўық ықлым себепли адамлар көбирек үңгирлерге жайласа баслады. Қубладағы киши туяқлы ыссы сүйер ҳайўанлар қырылып кетип, арқа буғалары, мамонтлар, үлкен айыўлар пайда болады. Бул болса жәмәәт болып аңшылык етиўдиң пайда болыўына түртки болды.
Буннан тысқары суўык ықлым себепли орта палеолит адамлары отты ойлап тапты, жасалма от шығарыў ҳәм оны сақлаўды өзлестирди. Бул болса әййемги адамлардың жәмийетлик-экономикалық өмиринде үлкен әҳмийетке ийе болды.
Соңғы палеолит басқышы б.э.ш 40-12 мың жыллықларды өз ишине алып, Орта Азияда бул дәўирге тийисли 30 дан артық мәканлар ашылған. Олардан бири Көлбулақ мәканы Ахангаран қаласынан 10-12 км батыста болып, Шатқал дизбегиниң қубла жанбаўырынан шығатуғын Қызылалма сайының шеп жағалығындағы қыр үстинде жайласқан. Сондай-ақ, Ташкенттиң батысындағы Бозсуў I мәканы да соңғы палеолит дәўирине тийисли екенлиги анықланған.
Самарқанд қаласының орайында Сиябша сайының оң жағалығынан соңғы палеолит дәўирине тийисли Самарқанд мәканы табылып үйренилген. Бул орын мәдений қатламларынан ошақ қалдығы, көмир бөлеклери, ҳайўан ҳәм өсимлик қалдықлары табылған. Бул табылмалар усы орында жасаўшы адамлардың аңшылық ҳәм теримшилик пенен шуғылланғанлығынан дерек береди.
Соңғы палеолит дәўирине тийисли мәканларға Хожаүңгир (Ферғана ўәлаяты), Шуғнаў (Памир етеклери), Қаракамар (Тажикстан), Ашысай (Қазақстан) естеликлери киреди. Бул дәўирде адамлар таўлы аймақларда ғана жасап қалмай, елатлар бойлап тарқала баслады. Тегисликлерде, дәрья ҳәм көллер бойларында жайласып, туўысқанлық-руўлық жәмәәтлерине бөлинди. Нәтийжеде жәмийетте жуп шаңарақлар пайда болып, олар айырым руўларды бирлестирип, руў жәмәәтин пайда етти.
Б.э.ш 12-7 мың жыллықлар мезолит (орта тас) әсири деп аталып, бул дәўирге тийисли естеликлерге Мачай (Сурхандәрья), Обишир (Ферғана алабы), Орайлық Ферғана, Бозсуў, Қосылыў (Ташкент), Айдабол, Жайранқудық (Үстирт), Асхана, Шилшаршашма, Дараи шор (Тажикстан) сыяқлылар киреди.
Мачай үңгир мәканы Хисар дизбегиниң бири – Кетпеншапты таўының жанбаўырында Мачай дәрьясының оң жағалығындағы Жоқары ҳәм Орта Мачай аўыллары аралығында жайласқан. Үңгирден табылған мийнет қураллары ҳәм палеонтологиялық материаллар б.э.ш VII-VI мың жыллықларға тийисли екенлиги анықланған.
Обишир I үңгир мәканы Хайдаркон қалашасынан 4-5 км батыста, Обишир V үңгир мәканы болса оннан 200 метрдей батыста жайласқан. Еки үңгир-мәканнан табылған буйымларға қарап, Хайдаркон – Сох алабындағы мезолит дәўириниң алғашқы қәўимлери балықшылық, аңшылық ҳәм теримшилик пенен шуғылланған деў мүмкин.
Мезолит дәўирине келип жер жүзиндеги үлкен музлықлардың шегиниўи нәтийжесинде ықлым өзгерди ҳәм ол ҳәзирги дәўирдегиге бир қанша уқсап қалған еди. Музлықтың шегиниўи Орта Азияда температураның көтерилиўине, ҳайўанат ҳәм өсимлик дүньясында да өзгерислер жүз бериўине алып келди. Бул дәўирде адамлар оқ жайды ойлап тапты. Ең үлкен жетискенликлердиң бири жабайы ҳайўанлар – ийт, қой, ешки сыяқлылар қолға үйретилип, үй ҳайўанына айландырылды. Мезолит дәўирине келип Орта Азияның базы жерлеринде теримшиликтен дийқаншылыққа ҳәм аңшылықтан шарўашылыққа өтиўдиң дәслепки белгилери пайда бола баслады.
Орта Азия тарийхында неолит дәўириниң (жаңа тас әсири) жоқары шегарасы б.э.ш VII мың жыллық, төменги шегарасы V-III мың жыллықлар менен белгиленеди. Бул дәўир Орта Азияда үш: Жайтун, Келтеминар ҳәм Хисар мәдениятларының раўажланыўы менен түсиндириледи.
Жайтун мәканы Түркменстанның Ашхабат қаласынан 25 км арқадағы төбеликте жайласқан болып, бир неше үйден ибарат. Ҳәр бир үйде 5-6 адамнан ибарат шаңарақ жасаған. Жайтун аўылында 30 ға жақын үй болып, оларда 150-180 адам жасаған деген пикирлер бар. Жайтунлылар б.э.ш VI-V мың жыллықларда жасап, тийкарынан дийқаншылық, шарўашылық, айырымлары аңшылық пенен шуғылланған. Оларда ана руўы ҳүким сүрип, хожалықта ҳаяллардың абыройы бәлент болған.
Келтеминар мәдениятына тийисли мәканлар Хорезмниң ески Келтеминар каналы өзегиндеги орынлардан ибарат. Олар аңшы ҳәм балықшылардың әййемги естелиги есапланып, Жанбас IV атын алған. Бул жерде 120 ға шекем адам жасаған. Сондай-ақ, бул мәдениятқа тийисли естеликлер төменги Зарафшан ҳәм Қашқадәрья етеклериндеги Дәрўазақыр, Үлкен ҳәм Киши Тузкан, Қараңғышор, Пайкент мәканларын өз ишине алған.
Хисар мәдениятына тийисли естеликлер Орта Азияның шығыс аймақларынан, Хисар-Памир таўларынан табылып үйренилип, олардың улыўма саны 200 ден зыят (Тутқаўыл, Сайсайяд, төменги Булян, Дараи шор, Газиантепе ҳ.т.б). Хисар мәдениятына тийисли естеликлер б.э.ш V-III мың жыллықларға тийисли. Халық сопол ыдыслар жасап, тийкарынан шарўашылық, аңшылық ҳәм теримшилик пенен шуғылланған.
Орта Азияның қубла ўәлаятларында б.э.ш VI-V мың жыллықларда неолит дәўири қәўимлери дийқаншылыққа өтеди. Бул ислеп шығарыўшы хожалықтың пайда болғанлығынан дерек береди. Тәбийий шәраяттың қолайсызлығы себепли орайлық, арқа ҳәм шығыс ўәлаятлардағы қәўимлер аңшылық ҳәм балықшылық пенен шуғылланыўды даўам етти ҳәм узақ ўақыт раўажланыўдан артта қалған. Неолит дәўириниң әҳмийетли ойлап табылыўларының бири гүләлшылық, тигиўшилик ҳәм тоқымашылық болды.
Do'stlaringiz bilan baham: |