Хофизи Абру (1362-1431-жыллар) 1414-жылы Хират ҳәкими Шахрухқа арабша жазылған география китабын усынған. Бул китап «Китоб ал-масолик ва ал-мамолик» («Жоллар ҳәм мәмлекетлер») китабы еди.
Шахрух Хофизи Абруға бул китапты парсы тилине аўдарма ислеўди буйырған. Хофизи Абру аўдарма барысында оған өзиниң көрген-билгенлерин ҳәм басқа китаплардан оқығанларын да қосқан, солай етип жаңа бир шығарма жаратқан. Оған «Зубдат ат-таворих» («Тарийхлар қаймағы») деп ат берген.
Хофизи Абрудиң бул шығармасы илимий географиялық шығарма болып, әжайып картографиялық мийрастың үлкен әҳмийети менен айрықша ажыралып турады. Шығармада ҳәр бир географиялық тексттиң ақырына сүўрет қосымша етилген («сүўрет» сөзи әййемги сөзликлерде сызылма, карта, схема сүўрет деп түсиндирилген).
Сүўретлар ишинде ең баҳалысы – дүнья картасы. Дүнья картасының әҳмийетли тәреплеринен бири градус дурыс сызылғанлығы. Картаның өлшеми 34-45 см болып, китапларға қосымша етилген. Карталар ишинде бунша үлкен шығыс картасы кемнен-кем ушырайды. Шығарманың Британия музейиндеги нусқасында 46 атама, Ташкенттеги нусқасында болса 62 атама жазылған.
Үш глобус. Беруний жердиң шар тәризли екенлигине беккем исенгенлигин өз шығармаларында бир неше рет айтып өткен. Беруний жаратқан глобустың диаметри жүдә үлкен болған, ол айтқан «10 созым» шама менен 5 метр келеди. Бул глобус Хорезмде жаратылған.
Соны айтып өтиў керек, бул шығыс әлеминдеги дәслепки глобус болыўы менен бирге ең биринши бөртпе (релъефли) глобус та болған.
Екинши глобус ҳаққында шығыс авторларының шығармаларында еслетип өтилген. Абдираззақ Самарқандий Самарқанд обсерваториясында «жер шарының ықлымларына ажыратылған, таўлар, теңиз, сахраларға ажыратылған көриниси» бар екенлигин жазған.
Үшинши глобус бизге шекем жетип келген, ҳәзир Самарқандтағы музейлердиң биринде сақланып атырған глобус болып, оның авторы белгили ағартыўшы Хажы Юсуф Мирфаязов (1842-1924) есапланады. Ол өз дәўириниң оқымыслы алымы сыпатында Шығыс ҳәм Европа мәмлекетлеринде болған. Музыка, поэзия, дәританыўшылық илимлерин жақсы билген.
Ол жаратқан глобус беккемленген асты менен 117 см ди, әтирапы 160 см ди, масштабы 1 см де 250 км ге туўры келеди. Градуслары туўры болып, параллел ҳәм меридианлары ҳәр 15 градустан соң қара сызықлар менен, тропик ҳәм қутб шеңберлери қызыл сызықлар менен ажыратылған.
Глобуста мыңға жақын географиялық атамалар түсирилген. Олардың 90 % и өзбек, 10 % и тәжик тилинде. Глобус кең экваториал пояс пенен оралған болып, онда 12 зодиак: Арыслан, Өгиз, Шаян, Балық ҳәм басқалар көрсетилген.
Do'stlaringiz bilan baham: |