258
Арнаўлы мектеп – интернатларында ушырасатуғын және бир
машқала баланың ата – анасынан узақта билим алыўы баланың
психологиясына кери тәсирин тийгизип баладағы кризис жағдайларын
келтирип шығарады. Буннан басқада майып балалардың саламат
теңлеси менен қарым – қатнас жасаўға қыйналыў, өз кемшилигинен
тартыныў жағдайлары өзи сыяқлы нуқсанлы балалар арасында өсип,
кишкенелигинен баслап саламат теңлеслеринен шетте билим алыўы
нәтийжесинде келип шығады. Республикамызда имкәнияты шекленген
балалар ҳәм өспиримлерди инклюзив тәлимге қамтып алыўдың
ҳуқықый тийкарын беккемлеў менен бир қатарда әмелий –
экспериментал жумыс тәжрийбелери де алып барылған. Сонлықтан,
Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Азия
раўажланыў банки қәрежетлери есабынан шөлкемлестирилген
«Имкәнияты шекленген балалар ушын улыўма билим бериў» жойбары
тийкарында 2007 – 2009 жылларда Ташкент қаласы ҳәмде Қашқадәрья
ҳәм Сурхандәрья ўәләятларында барлығы болып 6 арнаўлы ҳәм 12
улыўма билим бериў мектеплеринде, халықаралық ЮНЕСКО шөлкеми
қәрежети есабынан шөлкемлестирилген «Инклюзив тәлим» режеси
тийкарында Ташкент қаласында 1 улыўма билим бериў мектеби ҳәм 1
мектепке шекемги билимлендириў мекемелеринде, Андижан ҳәм
Ферғана ўәләятларында да биреўден улыўма билим бериў
мектеплеринде экспериментал үйрениў жумыслары алып барылды.
[5:28]
2009 – жыл ҳәм ҳәзирги күнге шекем «Инклюзив тәлимниң
сапасын жақсылаў» ҳәм «Өзбекистанда инклюзив тәлим» жойбары
шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы бойынша еки мектеп яғный
Нөкис қаласында 3 ҳәм 4 санлы улыўма билим бериў мектеплеринде
сынаў – тәжрийбелер әмелге асырылды. Усы мектеплерде инклюзив
тәлимди раўажландырыў бойынша көплеген унамлы ислер алып
барылды. Тийкарынан, 2011 – 2012 оқыў жылында 3 – санлы мектепте
3, 4 санлы мектепте 6 балаға, жәми 9 оқыўшыға инклюзив тәлим
берилген. Ҳәзирги күнде болса усы еки мектепте жәми 6 бала
инклюзив тәлим тийкарында билим алмақта.
Жуўмақлап айтқанда, жоқарыда келтирилген барлық ҳуқықый
норматив ҳүжжетлер, халық аралық форум, конференция
материалларында арнаўлы, жәрдемге мүтәж балалардың да жәмийеттиң
толық ҳәм тең ҳуқықлы ағзасы екенлиги көрсетилген. Бул көрсеткиш
оларды билимлендириў тараўында айрықша, өзине тән жаңаша
қатнаста болыў зәрүрлигиниң жүзеге келгенлигин тастыйықлайды.
Қарақалпақстан Республикасында имкәнияты шекленген
балалардын инклюзив тәлимге қамтып алыныўы олардың билим
алыўга болған талапларын қанаатлантырылады. Инклюзив тәлимге
балалардың қамтып алыныўы олардың жәмийетке социал
бейимлесиўинде салмақлы нәтийжесин береди.
Do'stlaringiz bilan baham: