Кольрауш нызымы
Еритпелердиң електр өткериўшеңлиги температураға, ионлар концентрациясына, еритиўши түрине ҳәм ионлар тезлигине байланыслы. Кольрауш еритпелериниң еквивалент електр өткериўшеңлиги өзгермес температурада (бирдей еритиўшиден пайдаланып) шексиз суйылтырылған еритпеде өлшенсе, електр өткериўшеңлик ионлар тезлигине ғана байланыслы екенлигин көрсетеди.
Кольрауш қурамында уқсас ионлар болған електролит еритпелериниң еквивалент електр өткериўшеңликлерин салыстырып көрип төмендеги нызамды тәрийпледи: усы ионның електр өткериўшеңлиги електролит қурамында усы ион менен бириккенлигине байланыслы емес, еритпе шексиз суйылтырылғанында електролиттиң еквивалент електр өткериўшеңлиги анион ҳәм катион ҳәрекетшеңликлериниң жыйындысына тең. Бул нызам төмендеги теңлеме менен аңлатылады:
(1.208)
Мысалы, KCl еритпесиниң (180 да) шексиз суйылтырылғандағы еквивалент електр өткериўшеңлиги 129,8, NaCl дики болса 108,6. Олар арасындағы айырмашылық 129,8-108,6=21,2. Бул сан калий ҳәм натрий ионларының ҳәрекетшеңликлери арасындағы айырманы көрсетеди. Екинши мысал: еритпесиниң 180 да шексиз суйылтырылғандағы еквивалент електр өткериўшеңлиги 126,1 ға, дики болса 104,9 ға тең. Булар арасындағы айырмашылық және 21,2 ге тең болды. Ионлардың ҳәрекетшеңлиги олардың улыўмалық тезлигине сәйкес болып табылады:
(1.209)
бул жерде, F=96500 кулон; – катион тезлиги; – анион тезлиги.
Енди Кольрауш нызамын төмендегише жазыў мүмкин:
(1.210)
Егер Кольрауш нызамы ионлардың електр тасыў санын көрсетиўши формула менен бирлестирилсе, ионлардың ҳәрекетшеңлигин есаплаў ушын төмендеги формулаларды шығарыў мүмкин болады:
бизге белгили еди.
Булардан ҳәм формулалары келип шығады. Мысалы, AgNO3 еритпесиниң 180 С да шексиз суйылтырылғандағы еквивалент електр өткериўшеңлиги Екинши тәрептен =0,534 ҳәм =0,466. Буннан =0,534·114,6=61,2; =0,466·115,6=53,9. Атап айтқанда =61,2+53,9=115,1 Сименс
18-кестеде айрым ионлардың С дағы қозғалысы корсетилген. Водород ҳәм гидроксил ионларының қозғалысы басқа ионларға қарағанда артықмашлығы кестеде коринип турыпты .
Соның ушын да кушли кислота ҳәм кушли силтилер электр токын өз дузларына қарағанда жақсырақ откереди.
Температура котерилгенде ионлардың ҳәрекетшеңлиги артады. Мысалы, Na+ ҳәм Cl- ионларының ҳәрекетшеңлиги турли температураларда томендеги мәнислерге ийе болады.
Температура, 0С
|
0
|
18
|
100
|
Na+ ның ҳәрекетшеңлиги
Cl+ ның
ҳәрекетшеңлиги
|
21,1
41,6
|
42,6
65,3
|
152,0
208,0
|
С да ионлардың ҳәрекетшеңлиги,Сименс (Cм)
Катионлар
|
Хәрекетшеңлик
|
Анионлар
|
Хәрекетшеңлик
|
|
315,0
|
OH-
|
174,0
|
|
42,6
|
Cl-
|
66,3
|
|
63,5
|
NO3-
|
62,6
|
|
52,8
|
CH3COO-
|
35,0
|
1/2
|
45,0
|
1/4SO42-
|
68,7
|
1/3
|
61,0
|
MnO4-
|
53,5
|
Демек, температура көтерилгенде електролит еритпелериниң електр өткериўшеңлиги де артады.
Do'stlaringiz bilan baham: |