МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
99
шеги ушын зәрүр мүмкиншиликлер туўдырыўшы, инсан турмысын қәдирлеўши
идеялар жыйындысы гуманизм деп аталады. Ренессанс дәўири ойшыллары, (XVI
әсир) инсанды үйрениўди өзлериниң биринши ўазыйпасы деп билген. Соның ушын
өзлерин гуманистлер деп атап, инсанды әлемниң орайына қойып, шығармаларда
инсанның тәғдирин өзи белгилеўи, инсан күшине исеним сезимлерин оятады.
Ояныу дәўири жазыўшы ҳәм шайырларын әпсаналар ҳәм ертеклер емес, жанлы
адамлар, инсанлардың қуўаныш ҳәм тәшўишлери қызықтыра баслайды. Гуманист-
лер жасаў ҳәм мийнет қылыў имкәниятларын жоқары бахыт деп есаплаған. Ҳәр
тәреплеме жетик пикирлеўши, ишки дүньясы ҳәм сыртқы көриниси тәрепинен
көркем инсан гуманистлердиң дыққат орайында болған.
«Инсан» арабша сөз болып «аниса» түбиринен алынған сөз болып табылады.
Ол «танысыў», «досласыў», «бейимлесиў», «унатып қалыў» сыяқлы ҳәрекетлерди
билдириўшы сөзлердиң арқасында инсан сөзи пайда болады. [Х.Баранов. 46]
Жоқарыдағы ҳәрекетлердиң ҳәммеси тек ғана инсанға тән болып табылады. Инсан
үйренеди, бир-биринен тәрбия алады, бир-бирине үйретеди, тәрбия алыўының өзи
инсаннын ең биринши белгилериниң бири. Себеби, бирден бир ҳайўанға, мәселен
үйрекке жүзиўди үйретиў шәрт емес, ол туўма инстинкт болады. Қалайынша жем-
тик табыў кереклиги, жузиў, нәсилине ғамхорлық етиў ҳайўанларда тәбийий түрде
жүз береди. Ал шын мәнисиндеги тәрбия алыў, тәрбия бериў, мәдениятлы болыў
мәселеси тек ғана инсанға тән болып табылады.
Абу Наср Фарабий - «Адамларға қарағанда оларды бирлестириўши басланғыш
тийкар инсаныйлықдур, соның ушын адамлар инсаният қурамына киргенлиги
ушын өз ара тынышлықта жасаўы тийис»-, деп жазади.
Адам өмириниң мазмуны тек бир өзиниң арзыў үмитлерин, тилеклерин жүзеге
шығарыў, өзиниң мүтәжлигин қанаатландырыўдан ғана ибарат емес. Алымлар
инсан дәрежесине көтерилген био-социаллық мақлуқ, ҳәмийше елин журтын,
миллет мәплери ғана бас қатырады деп тастыйықлайды. Адамның ағла пазыйлети
инсаныйлық болып, ата бабаларымыздан «жақсыдан қаш, жаманға жантас», «уры
гәззап пенен аўыллас болма, малыннан айырып аш етер сени», деген философиялық
пикирлер қалған [Ж.Базарбаев 22]
Жуўмақлап айтқанда инсаннама инсанды ҳәртәреплеме үйренетуғын, оны баска
мақлуқлардан парқын үйренетуғын (ямаса уқсаслығын), перзент тәрбиясы, беккем
шаңарақ пайда болыўын үйренетуғын белгили бир бағдар болып әдеп-икрамлық
ҳәм тәрбия мәселесинде оның орны әҳмийетли болып табылады.
Әдебиятлар:
1. Абу Наср Фарабий «Фозил одамлар шаҳри» Ташкент. 1993 ж
2. Ж.Базарбаев «Миллий идея жол көрсетиуши жулдыз». Нөкис 2011 ж
3. Иброҳим Каримов. «Маънавият, фалсава ва ҳаёт» Ташкент. «Фан» 2007ж
4. А.Сагдуллаев, В Костецкий. «Тарийх». «Ўзбекистон». 2013 ж
5. Х.Баранов «Арабско-русский словарь» Москва. 1985 ж.
РЕзЮМЕ
Мақолада инсон, унинг келиб чиқиши, яшаши ва инсоннома ҳақида фикр юритилади.
РЕзЮМЕ
Статья посвящена раздумьям об «Инсаннамэ».
SUMMARY
The main idea of the article is the inner thoughts of the author of «Insannama».
Do'stlaringiz bilan baham: |