Редактор: А. Тилегенов Редколлегия ағзалары


МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў



Download 3,32 Mb.
Pdf ko'rish
bet95/152
Sana02.07.2022
Hajmi3,32 Mb.
#729584
1   ...   91   92   93   94   95   96   97   98   ...   152
Bog'liq
3-2017

МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
95
лары, миллий мәмлекетшилик дәстүрлери, турмыс тәрзи ҳәм менталитетин өзинде 
сәўлелендирген зардуштийлик дининиң муқаддес китабы «Авесто» халқымыздың 
ҳақыйқый мәнаўий мүлкине айланды. 2001-жылы «Авесто»ның 2700 жыллық юбилейи 
Ислам Каримов басшылығында халықаралық көлемде белгиленди, оның тексти өзбек 
тилине аўдарылып китап түринде басып шығарылды.
Усы жерде Биринши Президентимиздиң мына сөзлерин ядқа түсирип өтиў орынлы: 
«Бул сыяқлы салтанатлы илажларды өткериўдеги нийет ҳәм мақсетлеримиз, муқаддес 
орынларды абат қылыўымыз себеплери… бәринен бурын, бул ислерди әмелге асырыў 
негизинде саўап деген уллы түсиник жатады. Саўап – уллы инсаний пазыйлет, жоқары 
исламий қәдириятлардан бири. Мениң кәмил исенимим сол, саўап исти ҳәр ким ислеўи 
керек, саўап ислерди ҳәр күн ислеў керек. Саўаплы ислерди етиў болса халқымызға тән 
әзелий қәсийет. Саўаплы ислерди қылған адамға, оның ел-журтына, әлбетте, Алланың 
рахметлери жаўады, «Жақсылықтың саўғасы тек ғана жақсылық болады». Биз әдиўли 
ислерди қанша көп қылсақ, уллы ата-бабаларымыздың иззет-икрамын орнына қойсақ, 
олардың теберик атларын пүткил дүньяға таратсақ, Жаратқанның өзи бизди бәле-
мәтерлерден асырайды, бизге күш-қүдирет инам етеди, жолымызды ашып береди».1
Ҳәзирги заман машқалаларын табыслы шешиўде дүньялық илим-пәнниң ҳәм 
технологиялардың табысларын өзлестириўимиз ҳәм оның раўажланыўына өз 
үлесимизди қосып барыўымыз лазым. Яғный, бизден бул мәселелерди шешиўде 
дүньялық пенен динийликти бирликте, үйлесикли түрде алып барыўымыз талап 
етиледи. Бул мәселеде Пайғамбарымыздың ҳәдислеринде айтылған: «Бул дүньяны 
деп ол дүньяны, аҳыретти деп бул дүньяны умытпаң» деген көрсетпесин бәрқулла 
басшылыққа алыўымыз зәрүр. «Перзентлеримизге – деп атап көрсетеди Биринши 
Президентимиз Ислам Каримов, – усы шынлықларды, яғный дүньялық ҳәм диний 
қәдириятлар арасындағы нәзик мүнәсибетлердиң мәнисин ҳәр тәреплеме дурыс 
түсиндирип бериўимиз лазым. Тарийх ҳәм турмыс тәжирийбеси соннан дерек береди, 
дүньялық ҳәм диний қәдириятлар бирин-бири толтырмаса, бүгинги күнниң аўыр ҳәм 
қыйын сораўларына толық жуўап табыў аңсат болмайды».1
Дүньялық мәмлекетлерде демократиялық принциплер тийкарында динге ҳүрмет 
исленеди, оған елдеги руўхый, мәдений, тарийхый қәдириятлар ҳәм ҳәр қыйлы 
көзқараслар системасының әҳмийетли, тең ҳуқықлы буўыны деп қаралады. Адамлардың 
көпшилигин қураўшы түпкиликли халықтың ямаса халықлардың динине де, бул ел 
ушын дәстүрий емес ҳәр қыйлы тарийхый тәғдирлерге байланыслы усы журтқа кирип 
келген басқа динлерге де бирдей қатнас жасалады. Динге улыўма исенбеўшилерге де 
ҳүрмет көрсетиледи.
Биринши Президентимиз Ислам Каримов дүньялық пенен динийликтиң 
мүнәсибетин дурыс түсиниўге көрсетпе болатуғын мына пикирди ортаға қойды: 
«Динниң жоқары ролин мойынлаў менен бирге, дүньяға диний көз-қарас, ой-пикирдиң, 
инсанның өзин қоршап турған дүньяға, басқаларға қатнасының жалғыз усылы 
болмағанын да атап өтиў зәрүр. Дүньялық пикир, дүньялық турмыс тәрзи де оның 
менен тең жасаў ҳуқықына ийе болған ҳалда раўажланып келген».2 Бунда ҳәр бир адам 
өзиниң дүньяға көзқарасын, диний исеним мәселесин, өзи ҳеш кимниң мәжбүрлеўсиз 
белгилеўи мүмкин деген терең философиялық ой-пикир ортаға қойылған.
Биринши Президентимиз Ислам Каримов айтқанындай мәмлекет иси – 
мәмлекеттики, динниң иси – диндики болыўы лазым. Мәмлекет динге исениўшилердиң 
диний инанымларын ҳәм ҳуқықларын қаншелли ҳүрмет етсе ҳәм сыйласа, динге 
исениўшилер де мәмлекет нызамларын ҳәм сиясатын соншелли ҳүрмет ҳәм иззетлеўи 
шәрт. Сонда ғана, ҳеш кимниң ҳеш кимнен көңили қалмайды. Дүньялық мәмлекетте 



Download 3,32 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   91   92   93   94   95   96   97   98   ...   152




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish