МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
129
Бағдарламаға муўапық оқыўшылар аңында физикалық түсиниклер ҳәм
нызамлардың беккемлениўи ушын оларға теория ҳәм әмелияттың тығыз байла-
ныслы екенлигине исеним пайда етиў керек. Оның ушын оқытыўшы олардың көрип
жүрген жергиликли мазмундағы қубылысларынан мысаллар келтирип, өндириске
ҳәм аўыл хожалығына сәйкес түсиндириўлер алып барыўы зәрүр.
Физика пәниниң Механика бөлиминде Ньютонның үшинши нызамын
үйренгенде ат ҳәм арба ҳәрекетин мысал етип, оның физикалық мағанасын
түсиндириўге болады. Ньютонның үшинши нызамына муўапық денелер бир-бири
менен шамалары бойынша тең, ал бағытлары бойынша қарама-қарсы күш пенен
тәсир етиседи. Яғный, бул нызам
F
1
= —F
2
формуласы менен аңлатылады.
Бул нызамға муўапық ат пенен арба бир-бирине шамалары тең, ал бағытлары
қарама-қарсы күш пенен тәсир етиседи.
Онда не ушын арба аттың изинен бирге қозғалады?
Егер еки күш өз-ара тең болса ҳәм қарама-қарсы бағытланса, онда еки денеде
қозғалмай қалыўы керек. Бул мысалдың физикалық мәнисин түсиндиргенде
оқыўшыларға бул жерде ат пенен арбаны бир дене, ал жерди екинши деп есапқа
алыў кереклиги айтылыўы тийис.
Ат пенен арбаның массасы, әлбетте жердиң массасынан бир неше мың есе
киши болғанлықтан, жердиң тәсир етиў күши ат пенен арбаға
тезлениўин
береди. Өз гезегинде ат пенен арбаның тәсир етиў күши
жерге ҳеш
қандай тезлениў бере алмайды. Нәтийжеде арба менен ат бирдей тезлениў менен
қозғалады. Формуладағы m
1
-аттың, ал m
2
-арбаның массасы.
Усындай сораўлар жәрдеминде оқыўшылардың анық жуўапларын еситип,
өтилген темалар бойынша билимин беккемлеп барыўға болады.
Сабақ барысында күнделикли турмыстан мысаллар алып түсиндирип барсақ
ҳәм жергиликли материаллар менен қосымша толықтырыўлар ислесек, физикалық
қубылыслар ҳәм нызамлылықлар окыўшылардың ядында узақ сақланады және олар
өзлериниң күнделикли турмысында қоллана алады.
Әдебиятлар:
1.Юнусова Х. К. Касб ҳунар коллежларида физика фанини ўқитиш жараёнида ўқувчилар
фаоллигини ошириш. Табиий фанларни ўқитишни гуманитарлаштириш. Университет илмий
амалий конференция материаллари. Низомий номидаги ТДП 2012 й.164 б
РЕзЮМЕ
Мақолада умумий ўрта таълим мактаблари ўкувчиларининг физика фанига қизикувчанлиги
масалалари баён қилинган.
РЕзЮМЕ
В данной статье рассматривается мотивация к изучению физики в общеобразовательной
средней школе.
SUMMARY
This article illustrated motivation siensec of physics in secondary schools.
Do'stlaringiz bilan baham: |