Турданов К., Палўанова А. Д., Сейтмуратова Г.
НМПИ
Таянч сўзлар:
формула, жисм, қонун.
Ключевые слова:
формула, объект, закон.
Key words:
equation, object, low.
ОҚыўШылАРдың ФизиКАғА ҚызығыўШылығыН
АРТТыРыўдА ОҚыТыўШыНың РОли
Оқыў процессиниң сыпаты көпшилик жағдайларда оқытыў усылын дурыс
таңлаўға байланыслы. Туўры таңланған усыллар оқыўшылардың жаңа билимлерди
МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
128
аңлы ҳәм терең өзлестириўине, олардағы исшеңлик ҳәм дөретиўшиликте үлкен
тәсир көрсетеди .
Улыўма орта билим бериў мектеплери алдында турған ең әҳмийетли ҳәм
қурамалы ўазыйпа «Технология әсири есапланған пән-техника раўажланыўының
жетискенликлерине» жуўап беретуғын қәнийгелерге тийкар жаратыўдан ибарат.
Бул ўазыйпаның шешилиўи ушын ҳәр бир пәнди ақлый өзлестириў, оқыўшылардың
оқыўға қатнасын ҳәм қызығыўшылығын арттырыў әҳмийетли мәселе болып еса-
планады.
Оқыўшылардың пәнге қызығыўшылығын пайда етиўде олардың ата-ана-
лары да бираз талапларға жуўап бериўлери, орта мектепти тамамлағаннан соң
қәлеген кәсипти таңлаўлары ҳәм жәмийетке пайдасы тийетуғын шахс болып
тәрбияланыўына ерисиў ушып көп билим алыўына умтылдырыўы керек.
Оның ушын ата-аналар балаларына физика пәнине арналған дөгереклерге
қатнасыўын таңлаўда жәрдем берип, олардың барлық пикирлерин қунт пенен
үйренип, зәрүрли имкәниятлар жаратып бериўи мақсетке муўапық болады.
Бул процессте оқытыўшының ўазыйпасы билимлер алыў зәрүрлигин
оқыўшыларда сиңдире алыўы, пәнге қызығыўшылығын пайда ете алыўы ҳәм оқыў
процессин туўры шөлкемлестириўи зәрүр.
Пәнге оқыўшылардың қызығыўшылығын арттырыў машқаласы мәмлекет сия-
саты дәрежесине көтерилген машқалалардан саналып, оның әмелге асыўында
қабыл қылынып атырған қарарлардың орынланыўы ҳәм тәлим процесине қойылып
атырған талаплардың артып барыўы менен характерленеди.
Пәнге қызығыў оқыўшының оқыўға пүткиллей ҳәм айырым пәнлеринен
үйрениўге болған жақсы қатнасын анықлайды. Егер оқытыўшы өз пәнине
оқыўшылардың қызығыўшылығын оята алса, ол жағдайларда олардың өз бетинше
жумыс ислеўи ушын имканият жаратылады. Олар билим алыўды ҳәм оны ийелеў
жолында ушырасатуғын турли қыйыншылықларды жеңиўге умтылады. Егер
оқыўшыларды пәнге қызықтыра алмаса, онда оқытыўшы таманынан берилип
атырған билимлер оларда итибарсызлықтың жүзеге келиўинен ҳеш қандай эмоция
оятпасдан изсиз жоғалады. Сонғы жылларда физика пәнине оқыўшылар арасында
қызығыў төменлеп атырганының гуўасы болып атырмыз. Физика техниканиң
илмий негизи есапланады, соның ушын ҳәр бир оқыўшы келешекте өндиристе
ислеўи, ойлап табыўшылыққа белсене қатнасыўы, ислеп шығарыўда техника ҳәмде
техналогияны раўажландырыў ушын физикалық нызам ҳәм түсиниклерди жақсы
өзлестирген болыўы зәрүр.
Физика оқыў пәни сыпатында дуньяның ҳәзирги заман физикалық картинасы
ҳаққындағы көз-қарасларды ҳәм түсиниклерди оқыўшыларда раўажландырыўда
дүньяны түсиндириў илмий тийкарда түсиндирип береди.
Өсип киятырған жас әўладларға мектепте билим ҳәм тәрбия бериўдиң бирден-
бир дереги дәўир талабына сай дүзилген бағдарлама ҳәм сол бағдарлама тийкарында
жазылған сабақлық болып табылады. Мектепте оқытылатуғын ҳәр бир пәнниң
талапқа сай бағдарламасы, сабақлығы ҳәм қосымша қолланбалары болмаса, онда
муғаллимниң оқыў процессин сапалы алып барыўы, алға қойған мақсетке ерисиўи
мүмкин емес.
Do'stlaringiz bilan baham: |