МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
106
бай, элементар түрде болса да философияның теориялық тәлийматлары орын алған
деген еди философ Г.Риттер.
Авестадағы жақсылық ҳәм жаманлық гүресиниң диалектикалық бирлиги
тәлим-тәрбия ҳаққындағы тәлийматында да өз сәўлелениўин көрсетти. Авеста жер
бетинде жасаўшы адамларды жақсылық қудайы Ахура-Мазда дөреткен ҳәм олардық
туңғыш жәмийетлик турмыс тәризин анықлап, адамларды ең дәслепки тәрбиялап
шығарыўшы деп үйретеди... Буны: Ахура-Мазда бизге турмыс тәризин береди ҳәм
бизди тәрбиялады-деген қатарынан көремиз. Усылай етип Авеста ең дәслепки инсан
тәрбиясын ойлап шығарған ҳәм оны жәмийетлик турмыста адамлардың тәрбияланып
шығыўына қолланған жақсылық қудайы Ахура-Мазда деп тәрийплейди.
Сондай-ақ китапта жасларға география, астрономия, зоология, математика, меди-
цина пәнлериниң жетискенлиги бойынша билимлер бериў пикирлери де усынылған.
Адамлардың жақсы пәзийлетли болыўы елдиң тоқшылығы ҳәм абаданшылығы менен
тығыз байланыслы делинген. Усыған бола жасларды мийнет етиўге тәрбиялаўды, бул
арқалы жәмийетти жақсылаўды, адамларды пәзийлетли етиўди нәзерде тутқан.
Жасларды әдалатлылыққа, шынлықты сүйиўге үйретиў. Улыўма халықлық
бағдар ийелеўи кереклиги тәрипленген. Әдалатлылықтың жеңетуғынлылығына исе-
ним менен қараў көз қараслары менен түсиндирилип, жасларды бир сөзлиликке,
халық ушын хызмет етиўге тәрбиялаў мақулланған, өзгелер пикирине жалтақ,
принципсиз болыўыды айып санаў орын алған. Адамның руўхый психологиялық
ҳәм физиологиялық тәреплери өз ара байланысқа ийе делинип жаслардың дене
тәрбиясына ҳәм гигиенасына айрықша дыққат қаратылған.
Авестадағы бул ҳәм басқада тәлим-тәрбиялық ўәсиятларды көпшилик алдында
көркемлеп оқыў усылында қырәәтке салып оқыған. Усы арқалы жасларға бул бойынша
аўызеки билим бериў әмелге асырылған. Оқыған китап текстлерин дурыс түсиниўи
ҳәм ядлап алыўда аңсат болыўы ушын текст көркем ҳаўаз бенен оқыған, тексти оқыў
алдында ядлап алыныўы ямаса дыққат бөлиниўи шәрт қанша орын барлығы инабатқа
алынған. үлкен текст бөлимлерге бөлинген, көп мәрте тәкирарлаў усылы қоланылған.
булар Авестаны жасларға үйретиў арқалы оқытыў усылларының да жетискенли-
гин, билим бериўдиң унамлы, утымлы жолларын излеп табыўдың орын алғанлығын
көрсететуғын дереклер еди. Усы себепли де бул китап Орта Азия халықларының
жәмийетлик ҳәм тәлим-тәрбиялық ой-пикирлерииниң тийкары есапланыўшы оғада
уллы ҳәм қунлы мийрас.
Әдебиятлар:
1. Каримов И.А. Тарихий хотирасиз келажак йўқ. Тошкент, 1998.
2. Кыдырбаев Р. Атеистлик тәрбияның гейпара мәселелери. Нөкис. Қарақалпақстан. 1977
3. Бердақ. Таңламалы шығармаларының толық жыйнағы. Нөкис. ҚҚМБ. 1950.
4. Авесто. Аскар Маҳкам аўдармасы. «Санъат» № 5 1991.
РЕзЮМЕ
Бу мақолада «Авесто» ва ўнинг пайдо бўлиш тарихи, тадқиқоти, «Авесто»да таълим-тар-
бия масалалари ҳақида сўз этилган.
РЕзЮМЕ
В этой статье отображены задачи об истории возникновения, исследования «Авеста», а
также освещены вопросы образования и воспитания.
SUMMARY
In this clause is displayed tasks about a history of occurrence, research «Аvesta», and also the
questions of formation and education are covered.
Do'stlaringiz bilan baham: |