МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
98
Алымов Қ.
Әжинияз атындағы НМПИ «Миллий идея, руўхыйлық
тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими» кафедраси оқытыўшысы
Таянч сўзлар:
инсонийлик, одоб-аҳлоқ, тарбия масалалари, маънавий озуқа,
Турон, файласуф олим.
Ключевые слова:
человечество, нравственность, вопросы воспитания, духовный
запас, Туран, ученый философ.
Key words:
humanity, morality, education, spiritual reserve, Turan, a learned philosopher.
әдЕП-иКРАМлылыҚ ҳәМ ТәРБия МәСЕлЕлЕРиНдЕ
иНСАНыйлыҚТың ОРНы ҳәМ әҳМийЕТи
Инсан ушын өмир сүриў мәниси бул белгили социаллық мақсетлер ушын
гүресиў ҳәм усы процессте өзиниң жәмийеттеги орнын табыў ҳәм руўхый азық
алыў болып табылады. Адамның инсанға айланыўының белгили факторларының
бири, оның руўхый әлеминиң инсаныйласып барыўы ушын өзине тән ишки қоллап-
қуўатлап турыўшы сезим ийман болып табылады. Адамзат я қудай, яки жоқары бир
социаллық мақсетке шын кеўилден исенсе ҳәм руўхый жақтан өзин ол менен бай-
ланыстырып, оған садық болыў ушын ант пенен жасаса, сол жоқары мақсетлерге
ерисиў процесинде инсаный пазыйлетлерге ийе болып барады. Ийман бул адамды
инсанға айландырып иштен тәрбиялап баратуғын оның ишки сезими болып табы-
лады. Мәселен, Нәжмиддин Қубро «Ўатанды сүйиў – ийман иси» ураны астында
пүткил Туран халықларын маңғол ьасқыншыларына қарсы урысқа атландырды ҳәм
өзи Ўатан қорғаўы ушын қаҳарманларша қурбан болды [Каримов. 73]
Өзбекистан Қаҳарманы Озод Шарафуддинов былай деген еди «Дүньяның ҳәмме
сырына жетиў мүмкин, бирақ инсан деп аталған жумбақтың сырына ҳешқашан
жетип болмайды».
Атақлы алым Сократ инсанның руўхый әдеп-икрамлылық тәрбиясына
айырықша итибар берген. Грециядағы Делфия ибадатханасында оның суйикли хик-
мети жазылған «Өзиңди аңла ҳәм бил» (Познай себя) [Сагдуллаев, Костецкий. 111].
Бул философияның ең тийкарғы қағыйдаларынын бири болып қалды. Сократ ҳәмме
ўакытта инсанды ҳақықатлықты билиўге шақырды. Ол әсиресе нәпсин тыймаў
ҳәм инсанды байлық жыйнаў сыяқлы қәсийетлерин қаралаған. Базарда жүргенде
«буларсыз да күн кешириу мумкин болған сонша нәрселер бар екенлиги кандай
жақсы»,- деген екен. Сократ инсан ушын дуньяда жаксылық нызамлары бар екен-
лигин, оларды билиў ҳәм бойсынған ҳалда жасаў керек екенлигин дәлийллеген.
Философ алым Фома Аквинский «Инсан-ҳайўанлар менен периштелер
ортасындағы жан, ол жан менен тәнниң тутаслығын билдиреди. Бирақ жан тәнниң
қорғаўшысы ҳәм адамның мәнисин анықлаўшы»,- деп жазған еди. Ал Рене Декарт
адамзат өмир сүриўиниң жалғыз ғүмансыз дәлийли ойлаў болып табылады. «Мен
ойлайман, демек мен өмир сүремен» (Я думаю, значить я живу) деп жазған еди.
Философ Гегельдиң пикиринше адамның ҳайўаннан айырылмашылығын өзи ең
дәслеп адамзатқа, оның адамлығы туўралы хабар беретуғын ойлаўында болып
табылады.
Инсаннама тек инсанды илимий, философиялық, биологиялық, психологиялық,
диний, педагогикалық көз-қарастан үйрениуши системалар жыйнағы есапланады.
Инсанды уйрениуши оның қәдир-қымбатын биринши орынға қойыўшы, оның келе-
Do'stlaringiz bilan baham: |