МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
100
Атамуратова М.
Әжинияз атындағы НМПИ ассистент оқытыўшысы
Таянч сўзлар:
мафкуравий тарбия, инсон, ижтимоий гуруҳ, ғоя, маънавият, эркин
фикрлаш.
Ключевые слова:
идеологическое образование, человек, социальная группа, идея,
духовность, свободное мышление.
Key words:
ideological education, human, social group, idea, spirituality, free thinking.
РуўХый ҚәўиПлЕРдиң АлдыН АлыўдА идЕОлОГиялыҚ
ТәРБияНың ОРНы
Дүньяда идеялық ҳәм информацион топылыслар, түрли идеологиялық, руўхый
қәўиплер ҳәўиж алған бүгинги күнде жасларымыз мәнәўиятын көтериў, олардың
санасында саламат дүнья қарас тийкарларын қәлиплестириў үлкен әҳмийетке ийе.
Буның ең нәтийжели усылы идеологиялық тәрбияны дурыс жолға қойыў болып
табылады. Илимий әдебиятларда: “Идеологиялық тәрбия - инсан, социаллық топар,
миллет, жәмийет дүньяқарасын қәлиплестириўге, оларды белгили бир мақсетлерди
сәўлелендиретуғын идеялық билимлер менен қуралландырыўға жөнелтирилген про-
цесс” деп анықлама берилген. Жәмийеттеги ҳар бир социаллық күш ямаса халық
қатламлары өз мақсет ҳәм умтылысларын өзинде сәўлелендиретуғын идеялар
системасын жаратып, басқа топарларды да өз идеялары тәсирине тартыўға ҳәрекет
қылады. Идеялар әдалатлы ҳәм ҳақ болып, көпшиликтиң талабына мас келсе, бул
тараўдағы тәрбия қураллары тәсиршең, тәрбияшылыр болса актив ҳәм пидайы болса
гөзленген мақсетке ериседи. Жәмийет, халық еле өз мәплерин аңлап жетпеген, өз
идеологиясын қәлиплестирип, мақсетке қарай бағдарланбаған жағдайларда бийгана
ҳәм зыянлы идеялар тәсирине түсиў жағдайлары артып барады. Бул өз нәўбетинде
идеялық тәрбияны жолға қойыў,саламат идеология принциплерин халықтың санасы
ҳәм қәлбине сиңдириўди тийкарғы ўазыйпаға айландырады.
Тийкарынан шахс тәрбиясының бас бағдары - бул идеялық тәрбия. Бул инсан
дуньяқарасында өмир ҳаққындағы философиялық, сиясий, ҳуқуқый, диний, эстетик,
әдеп-икрамлылық көз-қарасларды мақсетли қәлиплестириў процесси. Хәр қандай
тәрбия процессиниң нәтийжеси өз мәнис- мазмунына гөре идеялық тәрбиядур.
Себеби, шаңарақта, балалар бағшасы, мәҳәлле, мектеп, коллеж, лицей, универси-
тетлерде берилетуғын тәлим тәрбия процесслери талаба ҳәм тыңлаўшылырдың
дуньяқарасын кеңейтиў, олардың санасын илимий билимлер менен байытыў ҳәмде
жәмийеттиң раўажланыўы ушын керек болған билимлерди қәлиплестириўге
жөнелтирилген болады. Бул ислер инсанның дунья ҳаққындағы, әлемниң раўажланыў
нызамықлары, инсаныйлық қатнасықларда өзине тәнлилик, әдеп-икрамлылық,
гөззаллық ҳаққындағы түсиниклерди кеңейтиўге хызмет қылады. Бул шын мәнисте
идеологиялық тәрбияның тийкарғы тырнақ тасы есапланады. Соның ушын идеясыз
инсан, идеологиясыз топар, миллет, халық, жәмийет болыўы мүмкин емес.
Идеологиялық тәрбия инсанның социаллық турмыс ҳаққындағы белгили билим-
лер, баҳалыклар ҳәм олар тийкарында жузеге келетуғын мақсетлер системасы сыпа-
тында шығыўы менен белгиленеди. Соның ушын да, идеология шахстың жәмиетлик
дунья қараслары, билимлери, қадриятлар системасы, турмыслық мақсетлериниң
қәлиплесиўине күшли тәсир көрсетеди. Ҳәр қандай идеологиялық тәрбияның
мақсети – жәмийеттиң ҳәр бир ағзасы ҳәм олар тымсалында ҳәр бир социаллық
қатлам, топардың тәрбиялық дәрежесин тәмийнлеў есапланады. Өзбекистан
Do'stlaringiz bilan baham: |