МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
37
келиўи тәлимниң дәстүрий функциялары мазмунына салыстырмалы ҳәм белгили бир
өзгерислер киргизиў зәрүриятын қәлиплестирди. Интерактив сөзи инглизше сөз болып,
«inter» өз-ара ҳәм «act» - ҳәрекет етиў мәнислерин билдирип, олардың улыўма маз-
муны интерактив – яғный өз-ара ҳәрекет етиў мәнисин аңлатады. Бундай өз-ара ҳәрекет
түрлерине «оқыўшы ҳәм муғаллим», «муғаллим-оқыўшы», «муғаллим-оқыўшылар
классы», «оқыўшылар-оқыўшылар» дың мақсетли өз-ара ҳәрекетин киргизиў мүмкин.
Интерактив оқытыўда муғаллим оқыў искерлигиниң актив шөлкемлестриўшиси
болып, оқыўшы бул искерликтиң субъекти сыпатында ҳәрекет қылады. Интерактив
усыллар оқыўшылардан мағлыўматларды өзлестириў процессиндеги искерликти,
дөретиўшилик, еркинликти қәлиплестирип қоймастан, оқытыў мақсетлериниң толық
әмелге асыўына жәрдем береди. Бүгинги күнде инглиз тилин оқытыў системасындағы
ең нәтийжели интерактив оқытыў методлары ҳәм техникаларына төмендегилерди
киргизиўимиз мүмкин болады: «Синквейн», «Кластер», «Шығыр», «Мийге ҳүжим»,
«Скоробей», «Еки бөлекли күнделик», «Венн диаграммасы», «Түсиниклер анализи»,
«Дебатлар», «6-3-5», «Аквариум», «Инсерт», «Ассисмент», «Фидбейк», «Пинборд»,
«Жуплықларда ислеў», «Бесиншиси артықша» техникасы ҳ.т.б. Төменде олардың
әмелиятта қолллаў методикасы менен қысқаша танысып шығамыз. «Кейс стади»
методы.
«Кейс стади» - инглизше сөз болып, («case» - анық ўәзият, ҳәдийсе, «stadi» - үйрениў,
анализ қылыў) анық ўәзиятларды үйрениў, анализ қылыў тийкарында оқытыўды
әмелге асырыўға қаратылған метод есапланады. Бул метод дәслеп 1921 жыл Гарвард
университетинде әмелий ўәзиятлардан экономикалық басқарыў пәнлерин үйрениўде
пайдаланыў тәртибинде қолланылған. «Кейс стади» ди әмелге асырыў басқышлары:
искерлик басқышлары
искерлик формасы ҳәм мазмуны
1-басқыш:
Кейс ҳәм оның информация
тәмийнаты менен таныстырыў
-жеке тәртиптеги аудио-визуал искерлик;
-ўәзият пенен танысыў;
-информацияны улыўмаластырыў;
-информация анализи;
-проблемаларды анықлаў;
2-баскыш:
Проблемалы ўазиятты анық-
ластырыў ҳәм проблемалы тапсырманы
белгилеў
-индивидуал ҳәм топарда ислеў;
-проблемалардың актуаллық иерархиясын
анықлаў;
-тийкарғы проблемалы ўәзиятты белгилеў;
3-басқыш:
Проблемалы тапсырма шеши-
мин излеў, оның шешим жоларын ислеп
шығыў
-индивидуал ҳәм топарда ислеў;
-оптимал шешим жолларын ислеп шығыў;
-ҳәр бир шешимнин имканиятлары ҳәм
тосықларын анализ қылыў;
-оптимал шешимлерди таңлаў;
4-басқыш:
Проблемалы тапсырма шеши-
мин қәлиплестриў ҳәм тийкарлаў
-жеке ҳәм топарда ислеў;
-оптимал вариантларды әмелде қоллаў
имканиятларын тийкарлаў;
-дөретиўши-проект
презентациясын
таярлаў;
-соңғы жуўмақ ҳәм ўәзият шешиминиң
әмелий аспектлерин ашып бериў;
Do'stlaringiz bilan baham: |