46
үскенесинде жерге жалғаў қадаған етиледи. Жумыс тек сымлары жерге жалғанған бағанада
ямаса еки бағана аралығында ислеў мүмкин.
Жумыслар еки ямаса оннан көп бағаналар аралығында (үскенелерде) ислениўи керек болған
жағдайларда электр узатыў тармағы (шынжыры) анкерли бағанадан сымлары түйинлерден
үзилип өз алдына бөлеклерге ажыратылып қойылыўы керек. Ҳəр бир сондай ажыратылған
бөлимде тек бир бригада ғана жерге жалғағыш қойылған жерде ислеўи мүмкин.
351. Бир-бирине үстме-үст жайласқан көп шынжырлы ҳаўа линияның өширилген шынжы-рында
тек усы шынжыр кернеўи астында қалған шынжырдан пəсте жайласқан тəғдирде ғана ислеў
мүмкин. Бунда өширилген шынжырдағы сымды алмастырыў ҳəм оны регулировкалаў
қадаған етиледи.
352. Кесесине жайласқан көп шынжырлы ҳаўа линияның өширилген шынжырында жумыс
ислегенде бағананы кернеў астында қалған шынжырлар тəрепинен қызыл байрақшалар
илдирилиўи керек. Байрақшалар жерден 2-3 метр бийикликке, жумыс ислеўши менен бирге
III-топарға ийе болған бригада ағзасы илдиреди.
Бағананың кернеў астында қалған шынжыры тəрепинен миниў ҳəм усы шынжырды услап
турған траверске өтиў қадаған етиледи. Егер бағанада степ болтлар болса, оларды қайсы
шынжыр астында екенлигинен қаттый нəзер одан көтерилиўге рухсат бериледи. Бағанадағы
степ болтларды кернеў астында болған электр узатыў тармағының кернеў астында қалған
тəрепинде жайласқан тəғдирде бағанаға жерде турған жумыс алып ба-
рыўшы ямаса III-топарға ийе болған бригада ағзасы бақлаўында шығыў зəрүр.
353. Бағанада турып көп шынжырлы ҳаўа линияның өширилген шынжырында жумыс исле-генде
жерге жалғағышты жумыс алып барылып атырған бағананың ҳар бирине қойыў зəрүр.
354. Ҳаўа линияның айырым фазаларын оңлаўда өширилген фаза сымын бөлистириўши электр
үскенеде жерге жалғаў қадаған етиледи. Сым тек жумыс орнында жерге жалға-ныў зəрүр. 35
кВ кернеўден жоқары ҳаўа линияның бир фазасында ямаса избе-из ҳəр-бир фазасындағы
жумысларды ислеўде жерге жалғағышты тек жумыс исленип атырған фазаға ғана қойыў
мүмкин. Бунда кернеў астында болып жерге жалғанбаган басқа фазаларға усы қағыйданың
№2 қосымшасында көрсетилген аралықтан кем аралыққа жақынласыў қадаған етиледи.
355. Ҳаўа линияның айырым фазаларын оңлаў ўақтында жерге жалғағыштың исенимлили-гин
асырыў ушын қосалақ еки бөлек-бөлек бир-бирине параллель орнатылған жерге
жалғағыштан пайдаланыў зəрүр.
Орнатылған жерге жалғағыштан 20 метргеше сымда ислеўге рухсат етиледи. Бир неше
бригада бирдениге жумыс алып барғанда өширилген сым электр тоги менен байланыс-лы
болмайтуғын етип ажыратып қойылыўы зəрүр. Ҳəр бир бригадаға бөлек бөлим ажыратылып
бир дана қосалақ жерғе жалғағыш орнатылады.
356. 110 кВ кернеўден жоқары ҳаўа линиялардың бөлек фазаларындағы оңлаў жумысла-рында
сымға жерге жалғағышты орнатыўдан ямаса оны алып таслаўдан алдын электр дугасы
тарқалмаслығы ушын дуга өшириўши қурылмасы болған арнаўлы штанга менен сым жерге
жалғаныўы керек. Бул штанга тек көшпели жерге жалғағыш қойылғаннан (ямаса
алынғаннан) кейин ғана алыныўы шəрт.
357. Фазалары кесесине жайласқан ҳаўа линияның айырым фазаларын оңлаў ўақтында кер-неў
астында қалған сым услап турыўшы фазалар траверсине өтиў қадаған етиледи.
Do'stlaringiz bilan baham: