Шөлкемлестириў илажлары


XV-бап. Электр узатыў хаўа линиялары



Download 0,95 Mb.
Pdf ko'rish
bet41/75
Sana18.07.2022
Hajmi0,95 Mb.
#821413
1   ...   37   38   39   40   41   42   43   44   ...   75
Bog'liq
2 5402436682131707811

XV-бап. Электр узатыў хаўа линиялары.
§1. Бағаналарда жумыс ислеў.
313. Ҳаўа линия сымларында ҳəм бағаналарда демонтаж жумыслары хəмде бағаналардағы 
элементлерди алмастырыў технологиялық карта ямаса жумыс алып барыў жойбары (ППР) 
менен жумыс басшысы қатнасында алып барылады. 
314. Тек бағананың беккем ҳəм шыдамлы болыўына исеним пайда етилгенде банағаға шығыў ҳəм 
оның жоқарсында ислеўге рухсат етиледи. Бағаналардың бекем турғанлығына исеним пайда 
етилгенде (бағаналарды жерге белгиленген тереңликте көмилгенлиги, топырақтың жумсақ 
ҳəм бослығы, ағашлардың ширигенлиги, бетонның жарылғанлығы, уныраўы ҳ.т.б.) оларды 
беккемлеў зəрүрлиги ҳəм усылын жумыс алып барыўшы ямаса жумыс басшысы жумыс 
орнында белгилейди. 
Бағаналарды тартып байлаўшы жəрдеминде беккемлеў жумыслары, бағанаға шықпас-тан 
бурын яғный телескопик вышка ямаса басқа адамларды көтериўге арналған механизмлерди 
бағана жанына орнатып, яғный бул жумысларды бағаналарға шықпастан орнатылатуғын 
арнаўлы қурылмалардан пайдаланып əмелге асырылыўы керек. 
Бағана беккемленгеннен кейин оған көтерилиўге рухсат етиледи.
315. Сым ҳəм тросларды бир тəреплеме тартылыўына арналмаған бағаналар ҳəм ўақтынша 
усындай тартылыўы мүмкин болған жағдайда олардың қулап кетпеслиги ушын ал-дыннан 
бекемленген болыўы шəрт.
Аралықтағы бағаналарды алдын ала беккемлемей оларға тартылған сымларды үзиў 
ҳəм сымларды ажыратыў қадаған етиледи.


42
316. Бағанаға шығыў төмендеги бригада ағзаларына рухсат етиледи:
III-топарға - ҳəмме түрдеги жумысларды ислеў ушын бағананың жоқарсына шекем шығыў;
II-топарларға - өширилип қойылған ҳаўа линияларының барлық бағаналарының жоқарсына 
шекем шығып орынланатуғын жумысларға, өширилмеген ҳаўа линияла-рында бағананың ең 
төменги сымынан ислеп атырған хызметкердиң басына шекемги аралық 2 метр қалғанша, 
бағананың ток өткермейтуғын бөлиминде орынланатуғын барлық жумысларға. Бағаналарды 
бояў менен байланыслы болған жумыслар буған кирмейди (усы қағыйданың 328-бəнди);
I-топарларға – жер бетинен 3 метргеше болған бийикликтеги (хызметкердиң аяғына шекем) 
барлық түрдеги жумысларға.
Жоқарыда орынланатуғын айырым түрдеги жумыслар усы қағыйдада жазылғаны бойынша 
усы жумысты орынлаў ушын электр қəўипсизлиги топарына ийе болған хызметкерлер 
тəрепинен орынланыўы керек.
317. Ағаш ҳəм темир бетон бағаналарға миниўде қорғаў белбеўин, аспа арқаны ағаш бағана 
артынан айлантырып өткерип алыўы, темир бетон бағаналарда бағана арқасынан 
ай-ландырып өткизиўи ямаса бағанаға бекемленген зəнгиге беккемлениўи керек. 
Бурылыўларға орнатылған штирли изоляторлы бағаналардың ишки мүйеш тəрепинен миниў 
ҳам ислеў қадаған етиледи.
Бағаналарда жумыс ислегенде қорғаныў белбеўинен пайдаланыў ҳəмде еки түрли монтёр 
когтасын (лазын) қолланылғанда оған минип ислеўи шəрт.
Бағананың тийкарғы тик турған бөлиминде ислегенде сондай орналасыў керек, бунда кернеў 
астында болған ең жақын турған сым итибардан қашпаслығы зəрүр.
318. Бағананың айырым бөлеклерин алмастырыў ўақтында бағананың қулаўына ямаса орнында 
қозғалыўына жол қоймаслық керек.
319. Бир ямаса еки тирепбердили П ямаса АП типиндеги бағаналардың түбине қосымша бир 
ямаса екеўден орнатылған приставкаларды алмастырыў ушын бир ўақытта еки 
тирепбердиниң түбин қазыў қадаған етиледи. Дəслеп бир бағана түбине қосымша 
орна-тылған приставка алмастырылып, бандаж бенен беккемленип, жер тығызланып 
басыл-ғаннан кейин екинши бағана түбине қосымша орнатылған приставканы алмастырыўға 
кирисиў мүмкин.
Бағана түбине екеўден орнатылған приставкалар избе-из алмастырылыўы керек.
Приставкаларды қазылған шуқырдан алыў ҳəм түсириў ўактында ислеўшилердиң қазылған 
шуқырда болыўы қадаған етиледи.
320. Бағаналарды қулатыў ҳəм тикейтиў усылын, қыйсайып кетиўине қарсы оның исе-нимлик 
усылларын ҳəм оның зəрүрлигин жумыс басшысы, егер ол таярланбаған болса наряд 
бериўши белгилейди.
321. Крюклы тартыўшыны пайдаланған жағдайда, крюк əлбетте қорғаў қулпы менен 
тəмийинленген болыўы шəрт.
322. Изоляциялаўшы асылыўларда ислеў ўақтында бир ямаса көп шынжырлы (еки ямаса оннан 
көп гирлянлы) аспа ҳəм көп шынжырлы тартыўшы изоляторлар асылыўлары бойлап ҳарекет 
етиўге рухсат бериледи.
Бир шынжырлы тарттырыўшы изоляциялаўшы асылыўда дене тең салмақлылығын сақлаў 
ушын арнаўлы əнжамлар ислетип ямаса оның үстине жатып ҳəмде аяқлар менен траверсаға 
асылып ислеў мүмкин.
323. Изоляциялаўшыда асылып ислеген ўақтында қорғаныў белбеўиниң аспа арқаны траверс-ке 
беккемлениўи шəрт. Егер қорғаў белбеўиниң аспа арқаны келтелик етсе, белге беккемленген 
еки страховка арқанынан пайдаланыў зəрүр. Арқанның биреўи траверске беккем байланады, 
екиншиси болса алдыннан траверс арқалы өткерилип страховка етиўши бригада ағзасы 
услап, керек ўақытта тартып ямаса босатып қойып турады.
324. Тартып турыўшы изоляциялаўшы усылларында ислегенде қорғаў белбеўи аспа арқан 
траверске ямаса усы мақсетке мөлжелленген масламаға беккемлениўи шəрт.
325. Аспа ҳəм тартып турыўшы көп шынжырлы изоляциялаўшы усылларда қорғаў белбеўи-ниң 
аспа арқанын изоляторларда жумыс алып барылмай атырған изолятор гирлянды-ның 
биреўине беккемлеўге рухсат бериледи. Қорғаў белбеўиниң аспа арқанын жумыс орынлап 
атырған гирлядқа беккемлеў қадаған етиледи.


43
326. Изоляциялпаўшы асылыўларда бөлекленип кетиўине алып келетуғын бузықлықлар 
анықланса, жумыс сол ўақытта тоқтатылыўы керек. 
327. Сымлар ҳəм тросларды траверске көтериў (ямаса түсириў) ҳəмде оларды тартыў ўақ-тында 
траверсте ямаса бағананың траверси астында турыў қадаған етиледи.
Жүк көтериў сызылмаларын таңлаўда ҳəм көтериў блокларын орнатыўда сондай есап- китап 
етиў керек, бунда бағанаға зəрер жеткеретуғын күш туўылмасын.
328. Бағанаға көтерилип оның үстинги бөлимине шекем бояў жумысларын II-топарға ийе болған 
бригада ағзасы орынлаўы мүмкин. Бағана боялғанда бояўдың сымларға ҳəм изоляторларға 
тамызбаў илажлары көрилиўи зəрүр.

Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   37   38   39   40   41   42   43   44   ...   75




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish