47
362. Қулап атырған теректиң қулаўының бағытын пышқылаўшылар басқа ислеўшилерге
алдыннан ескертиўлери шəрт. Терек қулаўы мөлжелленген тəрепте ҳəмде оның қарама-қарсы
тəрепинде турыў қадаған етиледи.
363. Теректиң мəлим бөлимин кеспестен ямаса пышқылаўдан алдын ҳəмде пүтинлей пыш-қылап
қулатыў қадаған етиледи. Қыйсайған теректи ийилген тəрепке қулатыў зəрүр.
364. Кесилип атырған ямаса пышқыланып атырған тереклерди қулатпастан жумыстағы дем
алыўға шығыў ямаса басқа теректи кесиўге өтиў қадаған етиледи.
365. Шириген ҳəм қурғаған теректи қулатыўдан алдын оның беккемлигин тексериў соннан соң
жығыў ушын пышқылаўды баслаў зəрүр. Бул тереклерди кесип қулатыў қадаған етиледи.
366. Бир неше тереклерди алдыннан мəлим бөлимин пышқылап ҳəммесин бирдениге ҳəм
бириниң үстине бирин жығыў жолы менен қулатыў қадаған етиледи. Биринши нəўбетте
шириген, күйген ҳəм қурғаған тереклер қулатылыў зəрүр.
§5. Көзден өткериу ҳәм тексериў.
367. Ҳаўа линияларын ямаса өширип-қосыў пүнктлерин көзден өткериў ўақтында ҳеш бир оңлаў
ҳəм тиклеў жумысларын ислеў, сондай-ақ бағаналарға ҳəм оның конструктив бөлеклерине
шығыў қадаған етиледи.
Ҳаўа линия бағаналарына шығып тексериўлерге рухсат етилмейди.
368. Өтиў қыйын жерлерде (батбақ, суў тосыклары, таў, тоғай ҳəм басқада) ҳəм ҳаўа айны-ған
ўақытларда ҳəмде күнниң қараңғы ўақытларында ҳаўа линияны көзден өткериў II-топарға
ийе болған еки хызметкер тəрепинен əмелге асырылыўы керек. Қалған ўа-қытларда ҳаўа
линияны қозден өткериў II-топарға ийе болған бир хызметкер тəрепинен əмелге асырылыўы
мүмкин.
Күнниң қаранғы ўақтында ҳаўа линияларын көзден өткериўде сымлар астынан жүриў
қадаған етиледи.
Ҳаўа линияның насаз жерлери қыдырылып атырғанда көзден өткериўшиде өзи менен
ескертиўши белги ямаса плакатлары болыўы зəрүр.
369. 1000 В кернеўден жоқары ҳаўа линияларының үзилип жерде жатқан сымларына 8 метр-геше
аралыққа жақынласыў қадаған етиледи.
Бундай сымларға адамлар ҳəм ҳайўанлардың жақынласыўларының алдын алыў ушын
қадағалаўшылар қойылыўы мүмкин болған жағдайларда ескертиўши белгилер ямаса
плакатлар қойылыўы ҳəм усы ҳəдийсе туўрысында электр тармақлары кəрханасына хабар
берилиўи зəрүр.
370. Егер темир-бетон бағаналы 6-35 кВ кернеўли ҳаўа линия изоляторларының насазлығы,
сымлардың бағанаға тийип турғанлығы ҳəм басқа себеплер натийжесинде жерге ток
өтиўлери сезилсе (яғный жерден ығалдың көтерилиўи, бағанада ҳəм бағананың жерге тийип
турған жеринде электр дугасының пайда болыўы ҳəм басқа белгилер) кернеў астындағы
бағанаға 8 метрден кем аралыққа жақынласыў қадаған етиледи.
Do'stlaringiz bilan baham: