Шөлкемлестириў илажлары


ХIII-бап. Аккумулятор батареясы



Download 0,95 Mb.
Pdf ko'rish
bet36/75
Sana18.07.2022
Hajmi0,95 Mb.
#821413
1   ...   32   33   34   35   36   37   38   39   ...   75
Bog'liq
2 5402436682131707811

ХIII-бап. Аккумулятор батареясы.
256. Аккумулятор батареясы жайласқан хана ҳəмме ўақыт қулыпланған болыўы керек. Усы 
хананы көзден кешириўши ҳəм онда ислеўши адамларға гилт улыўма тəртипте бери-леди.
257. Аккумулятор ханада шегиў, ол жерге өрт пенен кириў, өрт шығыўы мүмкин болған электр 
ысытыў əсбабы, аппарат ҳəм инструментлерден пайдаланыў қадаған ети-леди (усы 
бəндтен басқа 266-бəнти қараң).
Аккумулятор ханасының есиклеринде «Аккумулятор ханасы», «Өртке қəўипли», «Шегиў 
қадаған етиледи» деген жазыўлар ямаса мəмлекетлик стандартқа сəйкес ашық өрттен 
пайдаланыўды ҳəм шегиўди қадаған етиўши қəўипсизлик белгилер асып қойы-
лыўы керек.
258. Үзликсиз самаллатыў үскенеси болған аккумулятор ханасында, самаллатыў үскенеси заряд 
бериў алдынан қосылыўы ҳəм зарядлаў тамам болғаннан кейин кеминде 1,5 саат өткеннен 
кейин, пайда болған газ толық шығарылып жиберилгеннен кейин тоқтаты-лыўы тийис.
259. Ҳəр бир аккумулятор ханасында:
электролит таярлаў ҳəм оны ыдысларға қуйыўға арналған 1,5-2 литр көлемдеги тумсықлы 
шише ямаса форфор ыдыс;
кислоталы батарея ушын ишимлик содасының нейтралластырыўшы еритпеси ҳəм щелоч 
батареясы ушын бор кислотасы ямаса сирке эссенциясы болыўы шəрт.
260. Ишинде электролит, тазаланған суў ҳəм нетралластырыўшы еритпеси болған барлық 
ыдысларда суйықлық атларын көрсетиўши жазыў болыўы шəрт.
261. Кислота, аўзы беккем жабылатуғын тығын менен бекитилген шише ыдысларда сақла-ныўы 
ҳəм суйықлық аты жазылған бирка менен үскенеленген болыўы зəрүр.
Батареяларды эксплуатация ислеўге арналған, ишинде кислота суйықлығы болған ыдыслар 
ҳəм бос ыдыслар аккумулятор батареясына тийисли бөлек ханада сақланыўы зəрүр.
Ыдыслар полда арнаўлы карзинаға ямаса ағаш ящиклерге салып сақланыўы
керек.
262. Кислота, щелоч ҳəм қорғасын менен байланыслы жумысларды арнаўлы оқытылған, 
үйретилген адамлар ислеўи шəрт.
263. Ишинде кислота хам щелоч болған шише ыдысларды еки исши тасыўы керек. Шише 
ыдыслар корзинасы менен биргеликте саплы арнаўлы ағаш ящиклерде ямаса ортасында 
ойығы бар, əтирапы ағаш кетек пенен оралған ҳəм шише ыдысы 2/3 бөлиминде жайла-сыўы 
зəрүр болған (корзина менен биргеликте) арнаўлы зəмберде тасылыўы керек.
264. Электролит таярлаўда кислотаны, ишинде тазаланған суў болған ыссыға шыдамлы ямаса 
форфор ыдысқа əсте ақырын (еритпениң тез қызыўының алдын алыў мақсетинде) жиңишке 


36
етип жымбырлатып қойыў керек. Бунда электролитти бəрқулла таяқша ямаса шише трубка, 
кислотаға шыдамлы пластмассадан таярланған мешалка менен аралас-тырып турыў керек.
Кислотаға суў қуйып, электролит таярлаў қадаған етиледи. Таяр электролитке суў қуй-ыў 
мүмкин.
265. Кислота ҳəм щелоч пенен ислегенде костюм (кислота ушын қалың жүнли ҳəм щелоч ушын 
пахталы), резиналы етик (шалбар астынан) ямаса галош, резиналы фартук, қорғаўшы көз 
əйнек ҳəм резиналы қолғапларды кийиўи зəрүр. 
Едкий щелоч бөлекшелери алдын қапшыққа орап, арнаўлы ажыратылған жайларда 
майдаланыўы зəрүр.
266. Аккумулятор ханаларында пластинкаларды пайкалаў жумысларын апарғанда төмен-деги 
жағдайларда рухсат етиледи:
зарядлаў тамам болғанына 2 сааттан артық ўақыт өткеннен кейин пайкалаўға рухсат 
етиледи. Турақлы зарядланыў тəртибинде ислеўши батареяларда пайкалаў жумыслары 
жумыс баслаўдан 2 саат алдын зарядландырыў тəртибине өткизилиўи шəрт;
жумыс баслаўдан алдын хана 2 саат даўамында шамаллатылыўы зəрүр;
пайкалаў ўақтында хана тоқтаўсыз самаллатып турылыўы керек;
пайкаланып атырған жер, басқа батареялардан өртке шыдамлы шитлер менен 
қоршаланыўы керек;
қорғасын ямаса оның бирикпелери тəсиринде зəҳəрлениўдиң алдын алыў ушын арнаўлы 
илажлар көрилиўи ҳəм аккумулятор батареяларды эксплуатация қылыў ҳəм оңлаў 
көрсетпесине сəйкес жумыс тəртиби белгилениўи керек;
жумыслар наряд-рухсатнама менен орынланыўы зəрүр.

Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   32   33   34   35   36   37   38   39   ...   75




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish