Шөлкемлестириў илажлары


§2. Қәўипсизлик плакатларын қыстырыў, жумыс орнын қоршалаў



Download 0,95 Mb.
Pdf ko'rish
bet25/75
Sana18.07.2022
Hajmi0,95 Mb.
#821413
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   75
Bog'liq
2 5402436682131707811

§2. Қәўипсизлик плакатларын қыстырыў, жумыс орнын қоршалаў 
140. Разъединитель, ажыратқыш (отделитель) ҳəм күш выключатель приводларына, аралықтан 
басқарыў кнопка ҳəм гилтлерине, 1000 В дейинги коммутацион аппара-туралар тутқасына, 
оларды қосыў менен жумыс орнына кернеўлик берилиўи мүм-кинлигинен «Қосылмасын! 
Адамлар ислеп атыр» плакаты қыстырылыўы тийис.
Автоматқа ийе емес, рубильник ямаса выключателге ийе емес 1000 В дейинги жалғам-ларда 
плакатлар алынған сақлағыш орнына қойылады. Оператив штангалар менен бас-қарылатуғын 
разъединителлерде плакатлар қоршаўларға қыстырылады, бир полюслы разъединителлерде 
ҳəр бир разъединитель приводларына қыстырылады. Комплект бөлистириў үскенелеринде 
плакатлар ҳəректетеги қағыйданың 243, 244-бəндлерине мас қыстырылады.
Разъединительдиң пневматик приводларына ҳаўа түсиўин жабыўшы задвижкада 
«Ашылмасын! Адамлар ислеп атыр» плакаты қыстырылады.
141. Ҳаўа ямаса кабель линияларында жумыс ислеўге өширилген разедитель приводына, 
ислеўши бригада санынан қаттый нəзер «Қосылмасын! Линияда жумыс ислеп атыр» плакаты 
қыстырылады. Бул плакат линияда ислеўши бригада санын есапқа алыўшы ҳəм жумыс орнын 
таярлаўға рухсат бериўши исшиниң көрсетпеси бойынша алынады ҳəм қойылады.
142. Кернеўлик астындағы ток өткериўши бөлекшелерди ўақытша қоршалаў ушын шитлер, 
ширма, экран ҳəм тағы басқа ағаштан ҳəм изоляциялық материаллардан пайдаланыў мүмкин.
Кернеўлик алынбай ўақытша қоршалаўлар қойылғанда олардың аралығы ток өткериў-ши 
бөлекшелерден ҳəрекеттеги қағыйданың №2 қосымшасында көрсетилген аралықтан кем 
болмаўы тийис. 6-10 кВ элекр үскенелеринде керекли жағдайларда бул аралық 0,35 ме-трге 
шекем кемейтирилиўи мүмкин.
Ўактынша қоршалаўларда «Тоқта! Кернеў» жазыўы түсирилиўи ямаса белгиленген 
қəўипсизлик плакаты қыстырылыўы тийис. 
143. 6-15 кВ электр үскенелеринде ток өткизиўши бөлекшелерди шит пенен қоршалаў мүм-кин 
болмаған жағдайда изоляциялаўшы накладкалары (қаплағышларын) пайдаланыўға рухсат 
етиледи. Булар өширилген ҳəм кернеўлик астындағы ток өткизиўши бөлекшелер аралығына 
қойылады. Бул изоляциялаўшы накладкалар (қаплағышлар) кернеўлик астындағы ток 
өткериўши бөлекшелерге тийип турыўы мүмкин.
Қаплағышларды алыўға ҳəм қойыўға IV ҳəм III-топарға ийе еки адамға рухсат етиледи 
(нəўбетши яки тез-ара оңлаў исшилери). Қаплағышларларды қойғанда яки алғанда 
ди-электрик қолғаптан ҳəм изоляциялаўшы штанга яки клещлерден пайдаланыўы тийис.
144. Жумыс орны менен шегераласқан панель ҳəм шкаф, камералар қоршалаўларына «Тоқта! 
Кернеў» плакаты қыстырылыўы тийис.
145. Ашық бөлистириў үскенелеринде фундаментке орнатылған үскенеде ҳəм бөлек 
конс-трукциясында жерден өткерилген жумыслар алып барылғанда жумыс орнында өткел 
қалдырылып арқан, жип, өсимлик ямаса синтетик талшықлардан исленген шнур менен 
қоршалаў тийис ҳəм ишки қоршалаў орталығына қаратылып «Тоқта! Кернеў» плакаты 
қыстырылады. 
Арқанларды байлаў ушын жумыс орны зонасына киритилмеген конструкциялардан 
пайдаланыўға рухсат етиледи, егерде олар қоршаланған орталықтан тысқарыда 
қалдырыл-ған жағдайда.
Линиялық разъединителинен басқа ҳəмме ашық бөлистириў үскенелеринен кернеўлик 
алынғанда, линиялық разъединитель арқан менен «Тоқта! Кернеў» плакаты қыс-тырылып 
қойылыўы тийис. Бул плакатлар қоршалған орталықтың сыртына қараты-лыўы тийис. Ашық 
бөлистириў үскенелериниң екилемши шынжырында бийлик бойын-ша жумыс ислегенде 
жумыс орнын қоршалаў талап етилмейди.


23
146. Ҳаўа ҳəм кабель линияларынан басқа электр үскенелеринде таярланған жумыс орынларында 
«Усы жерде исленсин» плакаты қыстырылыўы тийис.
147. Ашық бөлистириў үскенелериниң конструкция бөлиминде, сол арқалы жумыс орнынан 
кернеўлик астындағы бөлимлер менен шегераласқан жерлерге жақсы көринетуғын «Тоқта! 
Кернеў» плакаты қойылыўы тийис. Бул плакатларды иске қосыўшы басшы-лығында 
III-топарға ийе оңлаў исшиси қоя алады.
Конструкцияларда сол менен шегераласқан миниўге рухсат етилген конструкция-лардың 
төменине «Өрмелеме! Өлтиреди» плакаты қыстырылады.
Стационар зангилерде ҳəм конструкцияларда жумыс алып барыў ушын солар арқалы 
көтерилиўге рухсат етилген конструкцияларға «Усы жерден шығылады!» плакаты 
қыстырылады.
148. Жумыс тамам боламан дегенше жумыс орнын таярлаўда орнатылған плакат ҳəм 
қоршаўларды алып таслаў яки басқа жерге қойыў қадаған етиледи.

Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   75




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish