Шөлкемлестириў илажлары


§3. Кернеўлик жоқлығын тексериў



Download 0,95 Mb.
Pdf ko'rish
bet26/75
Sana18.07.2022
Hajmi0,95 Mb.
#821413
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   75
Bog'liq
2 5402436682131707811

§3. Кернеўлик жоқлығын тексериў. 
149. Кернеўлик жоқлығын тексериў кернеўликти көрсетиўши əсбап жəрдеминде тексери-лиўи 
тийис. Əсбаптың иске жарамлылығы қолланыўдан алдын жақын жердеги кернеў-лик 
астындағы ток өткериўши бөлекшелерге жақынластырып ямаса сол мақсетке бағ-дарланған 
қəнийгелестирилген əсбаплар жəрдеминде анықланады.
1000 В жоқары электр үскенелеринде кернеўликти көрсетиўши əсбаплардан пайдалан-ғанда 
диэлектрик қолғаплардан пайдаланыў керек.
35 кВ ҳəм оннан жоқары электр үскенелеринде кернеўлик жоқлығын тексериў ушын 
изоляциялаўшы штангалардан пайдаланыў мүмкин. Кернеўлик жоқлығы ток өткериўши 
бөлекшелерге бир неше мəртебе тийгизилип көриледи. Кернеўликтиң жоқлығының бел-гиси 
ушқын жоқлығы ҳəм шыртылдаўдың жоқлығы болып есапланады. 
220 кВ жоқары бир шынжырлы ҳаўа линиясында кернеўликтиң жоқлығының белгиси 
коронацияның жоқлығы болып табылады.
150. Электр станция ҳəм жəрдемши станция электр үскенелеринде кернеўлик жоқлығын тексериў 
1000 В дейинги электр үскенелеринде III-топарға ийе ҳəм 1000 В жоқары электр 
үскенелеринде IV-топарға ийе нəўбетши яки тез-ара оңлаўшы бир исшиге рухсат етиледи. 
Ҳаўа линияларда кернеўлик жоқлығын тексериў еки исши орынлайды. Ҳаўа линияда IV ҳəм 
III-топарға ийе болыўы тийис, ал 1000 В дейинги ҳаўа линияда III-топарға ийе болыўы тийис.
151. Кернеўлик жоқлығы схемаға салыстырылып жумыс орнында тексериў төмендеги 
жағ-дайларда рухсат етиледи:
ашық бөлистириў электр үскенелеринде, сыртта орнатылған комплект бөлистириўши электр 
үскенелери ҳəм комплект трансформатор пунктлеринде, сондай ақ ҳаўа линия-лары туман, 
жамғыр, қар жаўып турған жағдайда арнаўлы кернеўликти көрсетиўши əсбап жоқ болған 
жагдайларда; 
220 кВ ҳəм оннан жоқары кернеўли ашық бөлистириў электр үскенелери ҳəм еки 
шынжырлы 220 кВ ҳəм оннан жоқары кернеўли ҳаўа линияларында.
Ҳаўа ҳəм кабель электр тармақларының кириўинде (вводында) кернеў жоқлығын схемаға 
қарап орнында тексерилген жағдайда, буны линияның басқарыўы кимниң мой-
нында болса, сол нəўбетши тастыйықлайды.
Ҳаўа линиясында кернеўлик жоқлығын схемаға қарап орнында тексериў диспетчер-лик 
атамасына мас келген линия бағдары ҳəм сыртқы белгисине ҳəмде бағаналарға жазылған 
белгилерине қарап анықлаўдан ибарат.
152. 6-20 кВ ҳаўа линиясының ағаш яки темир бетон бағаналарында, сондай-ак телескоплы 
вышкаларда емкость тоги ағып өтиўи принципинде тийкарланған көрсеткиш жəрдемин-де 
кернеўлик жоқлығы тексерилгенде көрсеткиштиң талап етилген сезимталлығын тəмийинлеў 
тийис. Буның ушын оның исши бөлимин жерге тутастырыў керек.
153. Ҳаўа линияның ҳəр түрли бийикликте асылған сымларында кернеўлик жоқлығы көрсет-киш 
ямаса штанга жəрдеминде тексериледи ҳəм жерге тутастырғыш ең астынғы сымнан, 
төменнен жоқарыға қарай қойылады. Кесесине асылған сымларда кернеўди тексериў жақын 
сымлардан баслап əмелге асырылады.


24
154. Жерге тутастырылған нейтралы 1000 В дейинги электр үскенелринде еки полюслы 
көрсеткишти қолланған ҳалда кереўлик жоклығын тексериў фазалар аралығын ҳəм ҳəр бир 
фаза ҳəм жерге тутастырылған үскене корпусы аралықлары ямаса өткериўши жерге 
тутастырғыш аралықлары тексерилиўлери тийис. Бундай жағдайларда алдын ала 
тексе-рилген вольтметрден пайдаланыўға рухсат етиледи. Қадағалаўшы (контроль) 
лампалар-дан пайдаланыў қадаған етиледи.
155. Аппаратлардың өшиў жағдайынан сигнал бериўши қурылма, блокировкалаўшы 
қурыл-малар, турақлы жалғанған вольтметрлер ҳ.т.б. кернеўлик жоқлығын тастыйықлаўшы 
қосымша қураллар болып олардың көрсетпеси жоқ деген жуўмаққа келиўге болмайды.

Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   75




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish