Шөлкемлестириў илажлары



Download 0,95 Mb.
Pdf ko'rish
bet19/75
Sana18.07.2022
Hajmi0,95 Mb.
#821413
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   75
Bog'liq
2 5402436682131707811

§11. Электр станция, жәрдемши станция электр үскенелеринде ҳәм кабель
линияларында жумыс алып барылғанда шөлкемлестириў илажлары.
I. Жумыс басшысын таярлаў.
104. Жумыс басшысы таярланыўы тийис:
жүк көтериўши машина ҳəм механизмлери қолланылған жумысларда;
ҳəрекеттеги қағыйданың 106-бəндине муўапық əпиўайы ҳəм көргизбели схемалы электр 
үскенлеринде, электродвигатель ҳəм онын жабық бөлистириў үскенелери жал-ғамларында, 
электр үскенесиниң ҳəмме ток өткериўши бөлекшелеринен кернеўлик алынған жағдайлардан 
басқа жумысларда, 1000 В жоқары электр үскенелеринде өши-рилиўи менен байланыслы 
жумысларды алып барғанда; 
транспорт көп ҳəрекетлнетуғын ҳəм байланыс жолы зонасында жайласқан кабель линиясы 
ҳəм байланыс кабель линияларда жумыс ислегенде;
наряд бериўшиге жоқарыда көрсетилген жумыслардан басқа жумысларда да жумыс 
басшысын белгилеў рухсат етиледи.
II. Жәрдемши станцияда, жалғамларда бир наряд 
бойынша бир неше жумыс орынларында жумыс ислеў.
105. Ҳəрекеттеги қағыйданың №106, 107, 109, 110, 112-бəндлеринде көзде тутылған 
жағдай-лардан басқа жағдайларда бир жалғамның бир яки бир неше жумыс орынларына 
наряд берилиўине рухсат етиледи.
106. Электр үскенениң бəрше ток өткериўши бөлекшелеринен кернеўлик алынғанда, сондай-ақ 
ҳаўа линия ҳəм кабель линия шығарлықларынан, қоңсы электр үскенесине кириў жоллары 
қулпырылғанда (1000 В дейинги шит ҳəм жыйнамалары кернеўлик астында қалдырылған 
болса) ҳəмме жалғамларда бир ўақыттың өзинде жумыс ислеўге бир наряд берилиўине 
рухсат етиледи.
107. Бир бөлистириў үскене жалғамларында ҳəм бир кернеўликтеги электродвигателлерде жумыс 
ислеўге тек бир наряд бериўге рухсат етиледи.
108. Шкафлар менен комплектленген КРУда, электродвигатель ҳəм оның бөлистириў үскенеси 
жалғамларында бир наряд бойынша жумыс ислегенде, бир жумыс орнынан басқа жумыс 
орнына көшириўде рəсмийлестириў талап етилмейди, бригаданы түрли жумыс орынларында 
жайластырыўға рухсат етиледи. Басқа конструкцияға ийе бөлистириў үскенесиине иске 


17
қосыў электродвигатель жалғамларында жумыс ислеў бир жумыс орнынан басқа жумыс 
орнына көширилиўи рəсмийлестирилиўи тийис.
109. Бир ҳəм бир неше шин системасына ийе 6-110 кВ бөлистириў үскенесиниң ҳəмме секциясын 
толық оңлаўға шығарғанда, соң секцияның ҳəмме жалғамларында ҳəм шиналарында жумыс 
ислеўге бир наряд бериўге рухсат етиледи. Бригаданы усы секцияның ҳəр бир түрли жумыс 
орнында жайғастырыўға рухсат етиледи.
110. Бир үскенениң бир яки бир неше жалғамларының ҳəр түрли жумыс орынларында бир 
ўақыттың өзинде ямаса гезекпе гезек бир наряд пенен төмендеги жағдайларда жумыс ислеўге 
рухсат етиледи.
күш ҳəм қадағалаў кабеллерин таслағанда яки қайта таслағанда, электр үскенесин сынақтан 
өткергенде, қорғаў үскенесин тексергенде, өлшеўлер жүргизгенде, блокиров-каны 
тексергенде, байланыс, телемеханика автоматикасын тексергенде;
бир жалғамдағы коммутация аппаратларын, сондай-ақ басқа бөлмеде жайласқан 
приводларды оңлағанда;
котловандағы, траншеядағы, қудықтағы, коллектордағы, түнелдеги бөлек кабельди 
оңлағанда;
еки котловандай етип исленген ямаса бөлистириў үскенеси ҳəм котлован жанында 
жайласқан (екеўден көп болмаған) кабеллерде, егерде жумыс орнының жайласыўы жумыс 
алып барыўшысына бригада үстинен қадағалаў жүргизиў мүмкин болған жағ-дайларда онлаў 
жүргизиўде.
Бундай бригада ағзаларының ҳəр түрли жумыс орнында жайласыўына рухсат етиледи. Бир 
жумыс орнынан басқа жумыс орнына көшириўде наряд рəсмийлестириў талап етилмейди.
111. Ҳəрекеттеги қагыйданың 106, 107, 109, 110 бəнлерине мас жумыс алып барылғанда ҳəмме 
жумыс орны иске қосыўдан алдын таярланыўы тийис.
Наряд бойынша жумыс толық таярланаман дегенше ҳəмме жалғамдағы 
электродвига-теллерди қосыўға таярлаў сондай-ақ қосып көриў қадаған етиледи.
Бригада ағзаларының ҳəр түрли жумыс орынларында жайласқанында III-топарға ийе бир яки 
бир неше бригада ағзасының жумыс алып барыўшыдан бөлек жумыс ислеўге рухсат етиледи.
Бригада ағзалары жумыс алып барыўшыдан бөлеклениўи тийис болғанда жумыс алып 
барыўшы оларды жумыс ислеў орнына алып келип жумыс ислеўи барысында сақлаўы тийис 
қəўипсизлик илажлары ҳаққында көрсетпе өтиўи тийис.
112. Бир жəрдемши станцияның бир неше жалғамларында ямаса бир неше жəрдемши 
станциясында бир типли жумысларды гезекпе-гезек алып барыўға бир наряд бериўге 
рухсат етиледи.
113. Бир неше электр үскенелеринде гезекпе-гезек жумыс ислеўге бийлик берилиўи мүмкин.

Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   75




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish