15
92. Жумыс күни даўамында жумыста тəнепис ўақтында (түсликте) бригада жумыс орнынан
шығарылыўы, бөлистириў үскенеси қапылары жаўылып, қулыпланыўы тийис.
Наряд жумыс алып барыўшыда (бақлаўшыда) қалдырылады. Бригада ағзалары тəнепис-тен соң
жумыс алып барыўшысыз, (бақлаўшысыз) жумыс орнына қайта оралыў ҳуқықы-на ийе емес.
93. Жумыс күниниң тамамланыўына байланыслы, жумыста тəнепис болғанда, бригада жу-мыс
орнынан шығарылыўы тийис.
Плакатлар, қоршаўлар, байрақшалар, жерге жалғағышлар алынбайды.
Жумыс алып барыўшы (бақлаўшы) нарядты иске қосыўшыға тапсырады, иске қосыўшы
болмаған жағдайда нарядты ҳəрекеттеги нарядлар папкасына салып қояды.
Жергиликли нəўбетши жоқ электр үскенелеринде жумыс күни тамам болғаннан кейин жумыс
алып барыўшыға (бақлаўшыға) нарядты өзинде қалдырыўға рухсат етиледи.
Жумыстын тамам болыўын жумыс алып барыўшы (бақлаўшы) өзиндеги наряд нусқасына қол
қойып рəсмийлестиреди.
94. Кейинги күнлери таярланған жумыс орнына қайтадан иске қосыўды иске қосыўшы яки оның
рухсаты менен жумыс басшысы əмелге асырады. Бундай жағдайларда иске қосыўға жоқары
тез-ара исшисиниң рухсатнама бериўи талап етилмейди.
Жумыс алып барыўшы (бақлаўшы) иске қосыўшының рухсаты менен бригаданы бурын-нан
таярланған жумыс орнына иске қосыўы мүмкин, егерде усындай тапсырма нарядтың бөлек
көрсетпе қатарына жазылған болса.
Нəўбетши ямаса тез-ара оңлаў исшилеринен болған иске қосыўшы тəрепинен орынланған иске
қосыўлар нарядтың еки нусқаларынада рəсмийлестириледи, егерде иске қосыў жумыс
басшысы ямаса жумыс алып барыўшы (бақлаўшы) тəрепинен əмелге асырылса, жумыс алып
барыўшыдағы (бақлаўшыдағы) наряд нусқасына рəсмийлестириледи.
95. Келеси күни жумыс қайта басланғанда жумыс алып барыўшы (бақлаўшы) қалдырылған
плакатлардың, қоршаўлардың, байрақшалардың сақланғанлығына ҳəм пүтинлигине, сондай-ақ
жерге жалғағышлардың исенимлигине исеним қабыл еткеннен соң бригаданы жумысқа иске
қояды.
96. Жумыс толық тамамланғаннан соң, жумыс алып барыўшы (бақлаўшы) бригаданы жумыс
орнынан шығарады, бригада тəрепинен қойылған ўақытша қоршаўлар, плакатлар ҳəм жерге
жалғағышларды алады, электр үскенесиниң қапылары жаўылып қулып басылады ҳəм нарядта
жумыстың толық тамамланғанлығына өзиниң қолын қойып рəсмийлес-тиреди. Жумыс
басшысы жумыс орнын тексергеннен соң жумыстын толық тамам болғанлығын нарядта
рəсмийлестириледи.
97. Жумыс алып барыўшы (қадағалаўшы) жумыстың толық тамамланғанлығын ҳəм ҳəре-кеттеги
қағыйданың 96-бəнди талапларының орынланғанлығы ҳаққында иске қосыўшы-ға, оның
жоқлығында жумыс орнын таярлаўға ҳəм иске қосыўға рухсатнама бериўши
исшиге хабарлаўы керек.
98. Жумыстың толық тамамланғанлығы рəсмийлестирилгеннен соң жумыс алып барыўшы
(бақлаўшы) нарядты иске қосыўшыға тапсырыўы тийис оның жоқлығында наряд ҳəре-кеттеги
наряд папкасында қалдырылады.
Егерде жумыс толық тамам болғаннан соң нарядты тапсырыў қыйын болса, иске
қосыўшының яки жумыс орнын таярлаўға ҳəм иске қосыўға рухсатнама бериўши исши
рухсаты менен, жумыс алып барыўшы (бақлаўшы) нарядты өзинде қалдырыўы мүмкин.
Жумыс алып барыўшы иске қосыўшы миннетин биргеликте алып барған жағдайларда жумыс
алып барыўшы (бақлаўшы) ертеңги жумыс күнинен кешиктирилмеген ҳалда нарядты
нəўбетши ямаса наряд бериўшиге, алыс бөлимшелерде административ-техника-лық исшиге
тапсырылады.
99. Иске қосыўшы жумыстың толық тамамланғанлығын рəсмийлестирилген нарядты алған-нан
соң жумыс орнын көзден өткериўи тийис ҳəм жумыс орнын таярлаўға ҳəм иске қосыўға
рухсатнама бериўши исшиге жумыстың толық тамам болғанлығын ҳəм электр үскенесин иске
қосыўға болатуғынлығын хабарлайды.
Do'stlaringiz bilan baham: