МуғаллиМ ҳәМ үзликсиз билиМлендириў
148
жаўызлықты сәўлелендириўши көринислердиң түп мәнисине итибар қаратыўымыз
керек. Айырым жағдайда, перзентлерде зулым, зорлық ҳәм жанға қылыў сыяқлы
иллетлер әпиўайы ҳалатқа айланып қалыўы мүмкин.
Төртиншиден, батыс жасларында уйымластырылған жынаятшылық ҳәм
зорлыққа берилиў жағдайлары бир қанша жоқары. Буған себеп-балаларға нормадан
артық еркинлик берилгени. Оның үстине, «аламанша мәденият» ерли-зайыплы ҳәм
балалардың шаңарақтағы ўазыйпалары, бурш ҳәм жуўапкершиликлеринен «азат»
етип, шаңарақлық бирлик, меҳир-мириўбетти жоққа шығарып атыр, шаңарақты
ыдыраўға алып келмекте.
Бесиншиси, Батыс турмыс тәрзинде мақтаныш-ар, еркеклик шан, ҳаяллық ийбе-
лик деген нәзик түсиниклер жоғала баслағанына бир қанша болды. «Еркин өмир
тәрзи» сыпатында үгит қылынып атырған әдепсизлик, уятсызлық ҳәм басқа иллет-
лер инсан өмири, шаңарақ беккемлиги ҳәм жаслар тәрбиясына үлкен қәўип салып
атырғаны бәршемизди қырағы қылыўы керек. Бундай қәўетерлерге қарсы тынбай
гүресиўимиз кереклигин ҳәммеге уқтырыўымыз зәрүр.
Халқымыздың миллий руўхыйлығы, шаңарақларымызда әмел қылынатуғын
тәртип-қағыйдалар жаслар тәрбиясында үлкен әҳмийетке ийе. Журтымызда мил-
лий қәдириятлар ҳәм мүбәрек динимиздиң жақсылық тәлийматлары тийкарында
шаңараққа тийисли нызам-қағыйдалар жәнеде пухта қайта исленди.
«Балаларыңызға әдеп бериңлер ҳәм әдеплерин шырайлы қылыңлар».(Ҳәдиси
шариф).
Солардан, шаңарақта ериниң абырайы жоқарылығы, ҳаялда өз ҳақ-ҳуқықларына
ийелиги, перзентлердиң ата-ананы ҳүрмет қылыўларын алайық.Көп жыллар
даўамында ата-бабаларымыз қәлбине сиңип кеткен бул қәдириятларды бүгин жәнеде
қәдирлеў кереклигин заман талап етпекте. Әсиресе, қыйыншылық пенен өзгерип
баратырған ҳәзирги заманда мәниссиз топылыслар көбейип, олардың инсан ҳәм
жәмийет өмирине унамсыз тәсирлери мисли көрилмеген дәрежеде күшейип бармақта.
Соның ушын бәршемиз көзимизди үлкенирек ашып, зийреклик ҳәм қырағылық пенен
бундай ҳәрекетлерге қарсы гүреспегимиз лазым.
Бул ҳаққында Президентимиз «Жоқары мәнәўият-жеңилмес күш» китапла-
рында: «Ҳәзирги ўақытта әдепсизликти мәденият деп билиў ҳәм керисинше, руўхый
қәдириятларды менсинбестен, ескилик сарқыты деп қараў менен байланыслы
жағдайлар бүгинги раўажланыўға, инсан өмири, шаңарақ муҳәддеслиги ҳәм жас-
лар тәрбиясына үлкен қәўип салмақта ҳәм көпшилик пүткил дүньяда бәле-қазадай
тарқалып баратырған бундай топылысларға қарсы гүресиў қаншелли әҳмийетли
екенин аңлап жетпекте»[3], деп руўхый қәўиплерден жас әўладты асыраўымыз
зәрүрлигин айырықша айтып өтти.
Халқымыздың әдеп-икрамлығы ислам дининиң тәлийматлары тийкарында
қәлиплескен десек, алжаспаған боламыз. Перзенттиң сәлем берип, ҳал-аўҳал
сорасыўынан баслап, ата-анаға қандай қатнас жасаў кереклиги барысындағы
тәлимлери тәрбияның әҳмийетли бөлшеклери. Перзентлерге шырайлы әдеп-
икрамлықты үйретиў ибадаттан абзал ҳәм саўаплырақ дейиледи. Жасларды туўры
тәрбиялаўда ийман-исеним ҳәм Ўатанга садықлық мәселеси әҳмийетли орынға ийе.
Соның ушын тәрбия бериў жүдә нәзик есапланып, ол туўры болса, перзент камалға
жетип, ел-журтқа пайда келтиреди.
Әдебиятлар:
1.Каримов И.А. Хавфсизлик ва тинчлик учун курашмоқ керак.-Т.: «Ўзбекистон»,2002.
2. Каримов И.А.Юксак маънавият-енгилмас куч.-Т.: Маънавият,2008.
Do'stlaringiz bilan baham: |