МӘМЛЕКЕТИМИЗДЕ ЖАСЛАРДЫҢ ИННОВАЦИЯЛЫҚ КӨЗ ҚАРАСЫН
ҚӘЛИПЛЕСТИРИӮ МӘСЕЛЕЛЕРИ
Реймбаева Айсултан Алмаз қызы - Мойнақ районы 1-санлы мектеби оқытыӯшысы
Ешчанова Гулзира Ендировна – ҚРХБХҚТҚААО аға оқытыўшы
Ҳәр қандай дәӯирде жаслардыӊ билим дәрежеси, ой-пикири, мәдений көз-
қарасына қарай жәмийеттиӊ келешегин көриӯге болады. Сонлықтан да, жаслар
жәмийеттиӊ негизи, халықтың тийкарғы қатламы болғанлықтан, келешектиң исенимли
ийеси болып есапланады. Базар экономикасы дәӯиринде тийкарғы мәселе болып
саналатуғын мәмлекеттиң илимий-техникалық сиясатының әҳмийети республиканың
ишки талабын тез пәт пенен қанаатландыратуғын, дүнья базарында бәсекиге шыдамлы
бола алатуғын, экономикалық тараӯларды түптен жаңалаӯға имкан жарататуғын
илимий ҳәм технологиялық изертлеӯлерге жәрдемлесиӯден болып табылады.
Qaraqalpaqstan
Respublikası xalıq bılımlendiriw xızmetkerlerin
qayta tayarlaw hám olardıń qánigeligin arttırıw aymaqlıq orayı
64
“Tálim sistemasında elektron tálim ortalıǵında
islewdegi mashqalalar hám sheshimler”
Мәмлекеттиң инновациялық сиясаты жергиликли өнимлердиң бәсекиге
шыдамлылығын асырыӯ, турақлы экономикалық өсиӯди тәмийнлеӯ, халықтың турмыс
дәрежесин асырыӯ, тexнoлoгиялық ҳәм экoлoгиялық қәӯипсизликти тәмийнлеӯ ушын
инновациялық ҳәрекет етиӯ тийкарларын тән алыӯдан келип шығып қәлиплестириледи
ҳәм әмелге асырылады.
Мәмлекеттиң инновациялық сиясатының тийарғы мақсети инновациялық
ҳәрекет ушын жергиликли өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығының өсиӯи, илимий-
техникалық жетискенликлерден нәтийжели пайдаланыӯ, социал-экономикалық
раӯажланыӯ мәселелерин шешиӯди тәмийнлейтуғын экономикалық, ҳуқыйқый ҳәм
шөлкемлестириӯшилик жағдайларды жаратыӯ ҳәмде мәмлекеттиң қорғаныӯ
қәбилетин, шaxстың, жәмийеттиң ҳәм мәмлекеттиң қәӯипсизлигин беккемлестириӯден
ибәрат.
Ҳәзирги күнде тек ғана ишки емес, бәлким сыртқы базарда да илимге деген талап
ҳәм жетилистирилген теxнологияларға тийкарланған өнимлерге талап күшли.
Сонлықтан-да пүткил дүнья жүзинде жаңа ҳәм жетилискен теxнологиялардың базары
раӯажланбақта.
Халықтың тийкарғы бөлеги жаслардан туратуғынлықтан мәмлекетимиз бул
бойынша үлкен потенциалға ийе. Демографлардың пикиринше, мәмлекетимиз
халқының жоқары пәт пенен өсиӯи жақын келешекте де даӯам етеди. Бул тек қана
елимиздеги халақтың санының артыӯын емес, бәлким ол жигерли миллет түринде
үлкен интеллектуал имканиятларға ийе екенлигинен дәлалат береди. Мәмлекетимиз
басшысының илимди, билимлендириӯди раӯажландырыӯға үлкен итибар қаратып
атырғанлығы себепли бул дәрежелик жетилиспекте. Ҳәр жылы келешекте илимий
идеяларды ҳәм жойбарларды әмелге асырыӯ ушын мәмлекетлик грантлар
ажыратылмақта. Мәмлекеттиң илимий-теxникалық программалары арқалы әмелге
асырылып атырған фундаментал ҳәм әмелий изертлеӯлер дүнья жүзи илими ушын да
үлкен әҳмийетке ийе.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың 2018 жыл 28
декабрь күнги мәмлекетимиз Парламенти – Олий Мажлиске мүрәжатында, ”Бүгин биз
тез өзгерип баратырған заманда жасап атырмыз. Дүнья көлеминде мәплер гүреси,
бәсеки барған сайын ҳәўиж алып, халық аралық жағдайлар кескинлесип бармақта. Биз
келеси жыл ушын әмелий жобалар дүзер екенбиз, халық аралық майдандағы мине
усындай қурамалы жағдайды есапқа алған ҳалда, раўажланыўымыздың баслы
бағдарларын анық белгилеп алыўымыз зәрүр”[1] деп атап өтти.
Мәмлекетимиз халқының дерлик ярымын қурайтуғын жаслар менен ислесиў
мәселеси, буннан кейин де ең тийкарғы ўазыйпаларымыздың бири болып, жасларды
қоллап-қуӯатлаӯ, олардың бәнтлигин тәмийнлеў мәқсетинде “Жаслар - келешегимиз”
жамғарма фонды искерлигин жәнеде
кеңейтиў зәрүрлигинен келип шығып кейинги
жылда жамғарма ушын 2 триллион сўмнан зыят қаржы ажыратыў ҳәм сол арқалы 50
мыңнан артық жаңа жумыс орын жаратыў нәзерде тутылмақта [2].
Бүгинги күнде мәмлекетимизде жаслар машқалаларын шешиӯге қаратылған
дәстүр ҳәм иләжларды әмелге асырыӯда, жас әӯладтың турмыста өзине сәйкес орнын
табыӯын, оларды жумыс пенен тәмийнлеӯ, жақсы жасаӯы ушын имкәният жаратыӯ,
жаслардың сезиминде заманагөй көз-қарас, жаңаша ойлаӯды қәлиплестириӯ,
социаллық турмыстағы машқала ҳәм тосқынлықларды алып таслаӯ, олардың ҳуқық
ҳәм еркинликлерин толық әмелге асырыӯлары ушын жағдай жаратып бериӯ сыяқлы
жүдә әҳмийетли мәселелер баршылық.
Qaraqalpaqstan
Respublikası xalıq bılımlendiriw xızmetkerlerin
qayta tayarlaw hám olardıń qánigeligin arttırıw aymaqlıq orayı
65
Do'stlaringiz bilan baham: |