Гравитациялық толқынлардың ашылыўы, Альберт Эйнштейн ҳәм оның улыўмалық салыстырмалық



Download 1,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet3/20
Sana24.02.2022
Hajmi1,37 Mb.
#221165
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   20
Bog'liq
Гравитациялық толқынлардың ашылыўы, Альберт Эйнштейн ҳәм оның улыўмалық салыстырмалық теориясының 100 жыллығы

Quantity 
Value Upper/Lower
error estimate 
Unit 
Primary mass 
14.2 
+8.3 -3.7 
M sun 
Secondary mass 
7.5 
+2.3 -2.3 
M sun 
Chirp mass 
8.9 
+0.3 -0.3 
M sun 
Total mass 
21.8 
+5.9 -1.7 
M sun 
Final mass 
20.8 
+6.1 -1.7 
M sun 
Final spin 
0.74 
+0.06 -0.06 
Radiated gravitational-
wave energy 
1.0 
+0.1 -0.2 
M sun c
2
Peak luminosity 
3.3 
+0.8 -1.6 
10
56
erg/s 
Luminosity distance 
440 
+180 -190 
Mpc 
Source redshift z 
0.09 
+0.03 -0.04 
Жоқарыда келтирилген мағлыўматлардың барлығы да гравитациялық 
толқынларды регистрациялаў ислериниң жолға қойылғанынан, гравитациялық-
толқынлық астрономияның пайда болғанлығын ҳәм тез арада бул тараўда оғада 
әҳмийетли болған илимий ашылыўлардың жүзеге келетуғынлығынан дерек береди. 
Келешек ушын дүзилген жобалар 
Гравитациялық-толқынлық астрономияның перспективалары қәнигелерди еле 
де терең изертлеўлерге қарай, атап айтқанда Әлемниң пайда болыўы менен 
эволюциясына 
тийисли 
болған фундаменталлық 
мәселелерди шешиўге 
руўҳландырады. Ҳәзирги ўақытлары aLIGO детекторының ең биринши ҳәм ең қысқа 
бақлаў сеансы жуўмақланды. Бул сеанс жүдә жемисли болып шықты. Адамлар 
гравитациялық толқынларды еки рет регистрациялады ҳәм фундаменталлық 
илимниң раўажланыўы ушын және де бир үлкен жол ашылды. Дәлирек айтқанда 
гравитациялық толқынлар обсерватория рәсимий түрде ашылмастан бурын 
табылды ҳәм коллаборация төрт айлық жумыслардың нәтийжелери ҳаққында еле 
есап бермеди. Мүмкин, төрт айдың ишинде және де басқа қосымша сигналлар 
бақланған шығар? Қандай болғанда да детекторлардың сезгирлиги жоқарылаған 
сайын Әлемниң гравитациялық-толқынлық бақлаў мүмкин болған бөлими үлкейеди, 
ал регистрацияланған ўақыялардың саны кескин артады. 
2016-жылдың ақырында Италиядағы жетилистирилген Virgo лабораториясы 
иске түседи. Оның сезгирлиги LIGO обсерваториясының сезгирлигинен азмаз киши. 
Ал 
гравитациялық-толқынлық 
обсерваториялардың 
санының 
көбейиўи 
гравитациялық толқынлардың Әлемниң қайсы ноқатынан келгенлигин дәл 
анықлаўға мүмкиншилик береди. Соның менен бирге ҳәзирги ўақытлары Японияда 


12 
KAGRA деп аталатуғын гравитациялық-толқынлық антенна қурылып атыр. Оның 
жумысы 2018-2019 жыллары басланады. Бул мәселеде Индия да сыртта қалған жоқ. 
Ол жерде 2022-жыллары LIGO-India детекторы ислей баслайды. Усының 
нәтийжесинде енди бир неше жыллардан кейин ҳәр қыйлы мәмлекетлердеги 
гравитациялық-толқынлық детекторлардың толық тармағы гравитациялық 
толқынларды регистрациялай баслайды.
Гравитациялық толқынлық детекторларды космос кеңислигине шығарыў 
бойынша да әҳмийетли жобалар бар. Мысал ретинде eLISAН проектин атап өтиў 
мүмкин. Усыған байланыслы 2015-жылдың ақырында Жер әтирапындағы космос 
кеңислигине 
биринши космослық аппарат шығарылды. Оның мақсети 
технологияларды сынап көриў болып табылады. Әлбетте, космослық аппаратлардың 
гравитациялық толқынларды детекторлаўы ушын еле көп жумыслардың ислениўи 
керек. Бирақ усындай космослық аппаратлардың топары мағлыўматларды жыйнай 
баслағанда Әлемге төменги жийиликли гравитациялық толқынлар арқалы және бир 
айна ашылады.
Онлаған жыллар даўамында өткерилген излеў жумысларының нәтийжесинде 
жаңа қубылыстың ашылыўы физика илиминиң және бир жаңа бөлиминиң 
басланыўы болып табылады. Әлбетте, еки қара қурдымның қосылыўының 
салдарынан пайда болған гравитациялық толқынды детекторлаўдың өзи де үлкен 
әҳмийетке ийе. Нәтийжеде адамзат қара қурдымлардың, оның үстине қос қара 
қурдымның болатуғынлығын, гравитациялық толқынлардың ҳақыйқатында да бар 
екенлигин, соның менен бирге гравитация қубылысына геометриялық 
жақынласыўдың 
ҳәм 
усындай 
жақынласыўға 
тийкарланған 
улыўмалық 
салыстырмалық теориясының дурыс екенлигин билди. Оның үстине гравитациялық-
толқынлық астрономия изертлеўлердиң жаңа усылына айланды. Енди усындай 
усылдың жәрдеминде бурынлары жүзеге келиўи мүмкин емес болған илимий 
изертлеў жумыслары басланды. Мысаллар келтиремиз: 
Бириншиден, бул Әлемге қараўдың және Әлемде орын алатуғын катаклизмлерди 
үйрениўдиң жаңа усылы. Гравитациялық толқынлар ушын ҳеш қандай 
тосқынлықлар жоқ, олар Әлем арқалы еркин тарқалады. Толқынлардың профиллери 
оларды пайда еткен процесслер ҳаққында информацияларға ийе болады. Соның 
менен бирге, егер оғада үлкен космослық партланыў ямаса басқа да космослық 
қубылыс жүзеге келген жағдайда әдетте оптикалық, рентгенлик, нейтринолық, 
гравитациялық ҳәм басқа да сигналлар биргеликте тарқалады ҳәм олардың 
барлығын да регистрациялаў мүмкиншилиги туўылады. Нәтийжеде ҳәр қыйлы 
сигналларды бир бири менен салыстырыў жолы менен алыныўы мүмкин болған 
информациялардың көлеми кескин түрде үлкейеди. Усындай ҳәр қыйлы болған 
сигналларды қабыл етиў менен салыстырыў процесслерин меңгериў барлық 
сигналлық астрономияның ең баслы мақсети болып табылады. 
Гравитациялық толқынлардың детекторларының сезгирлиги жоқарылатылса, 
олар қара қурдымлар ямаса нейтрон жулдызлар сыяқлы объектлер қосылған 
ўақытта пайда болатуғын гравитациялық толқынларды ғана емес, ал қосылыўдың 
алдында бир неше секунд бурын пайда болған толқынларды да (яғный кеңислик -
ўақыттың қалтыраўын) регистрациялаў мүмкиншилигине ийе болады. Нәтийжеде 
гравитациялық-толқынлық обсерваториялардың тармағы сол сигналларды қабыл 
етеди, сигналлардың қайсы тәрептен келгенлигин есаплайды ҳәм барлық оптикалық 
телескоплардың сол тәрепке бурылыўы ҳәм оптикалық диапазондағы жылтылдыны 
(космослық катаклизм оптикалық диапазонда жылт етип жақтылықтың шығыўын 
болдырады) бақлаў ушын команда береди. Бундай жағдайда гәп етилип атырған 
космослық катаклизмди ҳәр тәреплеме изертлеў мүмкиншилиги пайда болады. 


13 
Екиншиден, гравитациялық-толқынлық жылтылды Әлемдеги ең қызықлы 
объектлер болған нейтрон жулдызлар ҳаққында көп нәрселерди билиўге 
мүмкиншилик береди. Нейтрон жулдызлардың бир жулдызға биригиўи тәбияттың 
бизге берген ең экстремаллық экспериментлериниң бири болып табылады. Бундай 
биригиўдиң нәтийжелериниң ҳәр қыйлы болыўы мүмкин. Усындай нәтийжелер 
бойынша статистикалық мағлыўматларды жайнап нейтронлық жулдызлардың 
қәсийетлери ҳаққында әҳмийетли мағлыўматларды жыйнаў мүмкиншилиги бар. 
Үшиншиден, көпшилик жулдызлар өзиниң өмириниң ақырында партланады ҳәм 
усындай жоллар менен өледи. Бундай қубылысты аса жаңа жулдыз деп атайды (бул 
атама қубылыстың мәнисине сәйкес келмейди). Аса жаңа жулдыздан келген 
гравитациялық толқынлар менен оптикалық телескоплар жәрдеминде алынған 
мағлыўматларды салыстырып жулдыздың партланыўының қалайынша жүзеге 
келетуғынлығы ҳаққында толық мағлыўматларды алыў мүмкин. 
Төртиншиден, гравитация теориясы менен шуғылланатуғын физиклерде күшли 
гравитация эффектлерин бақлаў ушын "лаборатория" пайда болды. Усы ўақытларға 
шекем физиклер бақлап келген қубылыслар улыўмалық салыстырмалық 
теориясының әззи гравитациялық майданындағы жүзеге келетуғын қубылыслары 
еди. Күшли гравитация майданында кеңислик-ўақыттың майысыўы өзи менен өзи 
күшли тәсир ете баслайды. Бул ҳаққында физиклер оптикалық телескопларда тек 
жанапай мағлыўматларды алыў менен ғана шекленип киятыр еди. 
Ең ақырында гравитациялық толқынлық астрономияның жәрдеминде ҳәзирги 
ўақытлары бар болған көп санлы гравитация теорияларының дурыс ямаса дурыс 
емес екенлиги ҳаққында толық мағлыўматларды алыў мүмкиншилиги пайда болды. 
Эйнштейнниң улыўмалық салыстырмалық теориясы адамзаттың оғада уллы 
интеллектуаллық жетискенлиги болып табылады. Бирақ оның математикалық 
тийкарларын ислеп шыққан ҳеш бир алымға усы ўақытларға шекем Нобель сыйлығы 
берилген жоқ. Бул теорияның айырым болжаўларын экспериментте тастыйықлаған 
эксперименталлық физика бойынша айырым қәнигелер сыйлықты алыўға миясар 
болды. Нобель сыйлығы квантлық физика бойынша қәнигелерге олардың 
математикалық мийнетлери ушын берилген еди. Бирақ салыстырмалықты үйренген 
ямаса изертлеген ҳеш бир теоретикке Нобель сыйлығы берилмеди. 
Быйыл, яғный 2016-жылы Нобель комитети теориялық жумыслардың әҳмийетин 
мойынлайды ҳәм сонлықтан сыйлыққа миясар болған физиклердиң ишинде 
теоретик те болады деп үмит етиўге болады.

Download 1,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   20




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish