Гравитациялық толқынлардың ашылыўы, Альберт Эйнштейн ҳәм оның улыўмалық салыстырмалық



Download 1,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet14/20
Sana24.02.2022
Hajmi1,37 Mb.
#221165
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   20
Bog'liq
Гравитациялық толқынлардың ашылыўы, Альберт Эйнштейн ҳәм оның улыўмалық салыстырмалық теориясының 100 жыллығы

Берлин, 1915-1921 жыллар 
 
1915-жылы Нидерлиндиялы физик Вандер Йоханнес де Хааза (нидерланд 
тилинде Wander Johannes de Haas, 1878-жылы 2-март күни туўылған ҳәм 1960-жылы 
26-апрель күни қайтыс болған Голландия физиги менен математиги) менен 
әңгимелесиўиниң барысында Эйнштейн оған кейинирек "Эйнштейн-де-Хааза 
эффекти" атамасына ийе болған затлардың магнитомеханикалық қәсийетлерин 
анықлаў бойынша тәжирийбениң схемасы менен есабын усынған. Тәжирийбениң 
нәтийжеси 1913-жылы атомның планетарлық моделин усынған Нильс Борды 
руўҳландырған. Бордың тәлиматы бойынша атомның ишинде шеңбер тәризли 
электронлық тоқлар бар болады ҳәм усы тоқларды пайда ететуғын стационар деп 
аталатуғын орбиталары бойынша қозғалатуғын электронлар электромагнит 
толқынларын негедур нурландырмайды. Усы жағдайды Н.Бор өзиниң ярым 
квантлық тәлиматының тийкары етип алған еди. Усының менен бирге "Эйнштейн-
де-Хааза эффекти" бойынша алынған атомдағы электронлардың магнит 
моментлериниң қосындысы күтилген моменттен еки есе үлкен болып шыққан. 
Буның себеби электронның меншикли импульс моменти болған спини ашылғаннан 
кейин белгили болды.
Екинши Жер жүзилик урыстан кейин Эйнштейн физиканиң өзи шуғылланған 
тараўлары болған космология ҳәм "Майданнының бирден бир теориясын дөретиў" 
бойынша жумысларын даўам етти. Эйнштейнниң ойы бойынша бул теория 
гравитацияны, электромагнетизмди ҳәм микродүньяның теориясын бирлестириўи 
керек еди. Космология бойынша биринши мақаласы "Космология мәселелери ҳәм 
улыўмалық салыстырмалық теориясы" деп аталады ҳәм ол 1917-жылы баспадан 
шықты (мақаланы қарақалпақ тилинде abdikamalov.narod.ru сайтынан алып оқыўға 
болады). Бул мақала релятивистлик космология бойынша дүньядағы ең биринши 
мақала болып табылады. 
Буннан кейин Эйнштейн көп кеселликлерге жолықты. Баўырының аўрыўына 
асқазанның аўрыўы қосылды, буннан кейин сары аўрыўға тап болды ҳәм өзин жүдә 
әззи сезди. Бир неше ай даўамында ол төсекте жатқан. Тек 1920-жылы ол төсектен 
турған ҳәм өзиниң илимий жумысларына қайтадан үлкен жигер менен кирискен. 
1919-жылы Альберт Эйнштейн 1876-жылы туўылған ҳәм еки атаға барған 
жақыны Эльза Лёвентальға (қыз ўақыттағы фамилиясы Эйнштейн) үйленген ҳәм 
оның еки қызын өзиниң атына өткерип алған. Эльзаның әкеси Рудольф Альберт 
Эйнштейнниң әкеси Германның еки атаға барған, ал анасы Фанни Кох Алберттиң 
анасы Паулинаның үш атаға барған ағайини болған. Солай етип Эльза Альберт 
Эйнштейнге әкеси жағынан еки атаға барған, ал анасы жағынан үш атаға барған 
жақыны болып табылады. Сол жылы оның үйине аўыр кеселленген анасы Паулина 
көшип келеди ҳәм арадан 3-4 айдан кейин 1920-жылы февраль айында қайтыс 


33 
болады. Эйнштейнниң хатларынан анасының қайтыс болғанына күшли 
қайғырғанын билиў мүмкин. 
Усы дәўирде ҳәм буннан кейин де ол биринши ҳаялы Милева және еки улы Ганс-
Альберт ҳәм Эдуардқа турақлы түрде ғамхорлық қылып турған.
1919-жылдың май айында уллы астроном ҳәм сол ўақытлардағы салыстырмалық 
теориясы бойынша ең үлкен қәниге сэр Артур Эддингтон басшылығынлығы еки 
англиялы экспедиция Бризилия менен батыс Африкаға Қуяш толық тутылған 
ўақытта оның қасынан өткен жақтылықтың бағытының қанша шамаға 
өзгертетуғынлығын анықлаў ушын жиберилди. Сол орынлардағы Қуяш толық 
тутылған ўақытта оның әтирапындағы жулдызлардың фотосүўретлери түсирилди. 
Фотопластинкаларды қайта ислегеннен кейин алынған нәтийжелерди Эйнштейн 
биринши рет 1919-жылы сентябрь айында Лоренцтен билген. Бул ҳаққында ол 
Люцерн қаласындағы анасына дәрҳәл мынадай хабар берген: "Бүгин оғада 
куўанышлы хабар келди. Г.А.Лоренц маған англия экспедицияларының жақтылық 
нурларының Куяштың қасынан өткенде ҳақыйқатында да бурылатуғынлығын 
дәлиллегенлигин телеграф арқалы хабарлады". 
1919-жылы 6-ноябрь күни Уллыбритания Королиниң жәмийети менен 
Уллыбритания астрономларының жәмийетиниң биргеликтеги мәжилисинде 
экспедициялар алған нәтийжелер салтанатлы түрде дағазаланған. Жақтылық 
нурының бағытының өзгерисин өлшеўде алынған шама 1,64 мүйешлик секундқа тең 
болып шыққан. Ал Эйнштейнниң улыўмалық салыстырмалық теориясы бойынша 
есапланған шама 1,7 мүйешлик секундқа тең. Англия Академиясының Президенти 
Эйнштейнниң тәлиматын илим тарийхындағы адамның ойының ең уллы 
жетискенликлердиң бири деп баҳа берген. Усы күннен баслап Ньютонның пүткил 
дүньялық тартылыс нызамы өзиниң универсаллық әҳмийетин жоғалтты. Соның 
менен бирге англияның экспедициясының Германияның уллы илимпазының 
теориясының дурыс екенлигин тастыйықлаўы тәбияттаныўдың халық аралық 
характерге ийе екенлигин айқын түрде көрсетти. Усы күнлери Биринши Жер 
жүзилик урыстан кейин Германия менен Англия арасында жарасыў ҳаққындағы 
питимниң дүзилгенине бир жыл да толған жоқ еди. 
Бундай сенсациялық жаңалықты Европаның барлық газеталары жәриялады. 
Әлбетте, газеталардың дерлик барлығы да улыўмалық салыстырмалық 
теориясының мәнисин надурыс сәўлелендирди. Бирақ теорияның мәниси қарапайым 
газета оқыўшылары ушын зәрүрли емес еди. Нәтийжеде илимпаз Эйнштейнниң 
пүткил Жер жүзинде даңқы оғада жоқарыға көтерилди.

Download 1,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   20




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish