Гравитациялық толқынлардың ашылыўы, Альберт Эйнштейн ҳәм оның улыўмалық салыстырмалық



Download 1,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet13/20
Sana24.02.2022
Hajmi1,37 Mb.
#221165
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   20
Bog'liq
Гравитациялық толқынлардың ашылыўы, Альберт Эйнштейн ҳәм оның улыўмалық салыстырмалық теориясының 100 жыллығы

Гравитациялық толқынлар 
Физика тарийхы бойынша белгили алым, әсиресе Альберт Эйнштейнниң өмири 
менен илимий мийнетлери ҳаққында көп санлы китаплар жазған, Эйнштейнниң өзин 
көрген ҳәм оның гәплерин тыңлағын А.Пайс (Abraham Pais, Рокфеллер 
университетиниң профессоры) 1980-жылы Германиядағы Йена қаласында 
өткерилген гравитациялық нурланыў бойынша GR9 конференциясының пленарлық 
мәжилислериндеги Пасадиналы Кип Торнның ҳәм Москвалы Владимир 
Брагинскийдиң лекцияларын тыңлап улыўмалық салыстырмалық теориясының 
қаншама алға кеткен (ўақытынан әдеўир бурын ашылған) теория екенлигине көз 
жеткердим деп жазған ҳәм ол "гравитациялық толқынлар усы ўақытларға шекем 
ашылған жоқ, ал К.Торн болса оларды бизиң әсиримизде (яғный XX әсирде) ашылады 
деп үмит етеди" деп атап өткен. Сол ўақытлары экспериментаторлардың 15 группасы 
(олардың көпшилиги көп миллетли) усы ўақыяға таярланған. 
1916-жылы Эйнштейн "Näherungsweise Integration der Feldgleichungen der 
Gravitation" (қарақалпақ тилинде "Гравитациялық майданның теңлемелерин жуўық 
түрде интеграллаў") мақаласында улыўмалық салыстырмалық теориясының 
шеклеринде гравитациялық толқынлардың болыўының керек екенлигин ҳәм 
механикалық 
системаның 
энергиясының 
бир 
бөлимин 
гравитациялық 
толқынлардың пайда болыўы ушын жумсайтуғынлығын көрсеткен. Усының 
нәтийжесинде қәлеген қозғалмайтуғын жулдыздың дөгерегинде айланатуғын 
денениң (мысалы планетаның) гравитациялық толқынларды нурландырыўдың 
нәтийжсинде 
тоқтайтуғынлығы 
болжаған. 
Эйнштейн 
сол 
мийнетинде 
гравитациялық нурланыўдың салдарынан планетаның энергиясының кемейиўиниң 
шамасының жақтылықтың тезлиги болған 𝑐 шамасының төртинши дәрежесине кери 
пропорционал екенлигин, яғный оғада киши шама болатуғынлығын анықлаған. Бул 
қәте жуўмақты ол 1918-жылы дүзеткен ҳәм "Über Gravitationswellen" (Гравитациялық 
толқынлар ҳаққында) мақаласында квадруполлик формуланы келтирип шығарған 


32 
ҳәм бундай квадруполлик нурланыўда оның интенсивлигиниң жақтылықтың 5-
дәрежесине кери пропорционал (яғный және 10 есе киши) болатуғынлығын көрсете 
алған. 
Солай етип улыўмалық салыстырмалық теориясы тезлениў менен қозғалыўшы 
үлкен массаға ийе денелердиң гравитациялық толқынларды нурландырыўының 
керек екенлигин көрсетеди. Теория бойынша сондай толқынлар кеңисликте 
жақтылықтың тезлиги менен еркин тарқалады. Олардың интенсивлигиниң жүдә 
киши болатуғынлығына байланыслы (жақтылықтың тезлигиниң бесинши 
дәрежесине кери пропорционал) гравитациялық толқынларды регистрациялаў 
мәселеси оғада қурамалы болған физикалық экспериментлердиң қатарына киреди 
ҳәм бул мәселе тек 100 жыл өткеннен кейин, 2015-жылы әмелге ғана асты. 

Download 1,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   20




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish