6. Актерлық шеберлик
Коркем фильмде қатнасатуғын, сценарийдағы қаҳарманлардан бириниң образын жаратыўшы доретиўши инсан актер делинеди. Демек, актер сценарийдағы жазылған образды экранда жанландырады. Ол әўеле жаратпақшы болған образдың қәсийетлерин тәрийплеп бере алама-жоқпа, өзине тапсырылган ролди үйрене алыўга қурбы жетеме, өз мойнына жүкленген ўазыйпаны орынлай алама, мине усыларға үлкен әхмийет бериўи керек. Кино тарийхында образ жаратыўдың еки түрли белгили булардан бири киноның даўыссыз дәўириндеги образ жаратыў, екиншиси- киноның даўыслы дәўиринде образ жаратыў. Кино санъатының даўыссыз дәўиринде актер сөйлемейтуғын оның қол, аяқ, геўде ҳарекетлери биринши орында турады. 20-жыллардың екинши ярымында кинодағы ойнаўшылардың кориниси фильмде сўәлеленбекши болған қаҳарманларға усас болыўына итибар берилип, артистликтен узақ кисилер арасынан дөретиўшилер изленип басланды. Актер-шығарманың идеясын тусинип жетиўи қаҳарманның ишки туйғыларын. Сезимлерин ашып бериўи, сол қаҳарман өмири менен биргеликте жасаўы, зәрүр болып қалды. Сонда ғана ол ойнаған роль тамашагөй тәрепинен жақсы баҳаланады, экранда омир сүрип атырған қаҳарманға корсетиўи, жүз беретуғын ўақыялардың ишине кирип барыўы ҳәм оған исиўи мүмкин болады. Сол себепли актер ушын бирден-бир туўры методына сүйениў болып қалды. Бунда сөз өз-өзинен актердың жүрек төринен үйылып шығады. Ол роль жаратып атырғанын умытып, жаратыпды. Кино тарийхында өзине жүлектилген ўазыйпаны белгили дәрежеде дөретип, халық алғысына сазаўар болған актерлар көплеп табылады. Булар: В.Марецкая (Пелагея Ниловна), Н.Черкасов (Иван Грозный), А.Хараво (Георгий Соакадзе), М.Ульянов (раис), Р.Хамроев (Навойи, Насриддин) сыяқлы қатор актерлардир.
7. Операторлық өнери
Оператор тийкарғы фильм жаратыўшылардан бири есапланады ҳәм ол фильмниң түсириў үстинде жумыс алып барады. Пастановкачы-режиссер менен биргеликте фильмниң идеялық көркемлик жөнелисин көрсетиў шеберлигин тамийинлейди.
Оператор фильм сюжетиниң раўажы, образлар қасийети, ҳәрекетлердиң қәлиплесиўи ушын әўеле режиссердың сценарийси режелери менен жақыннан танысып шығады. Көркемлик устасы менен декорацияны, кийим-кенликлерди, сүўретке алыныўы керек болған тәбийғый орынларды, гримни, жарықлық усталарын егер фильм реңли болса онда реңлер бирикпесин үйренип шығады. Оператор ҳар тәреплеме шаққан, ҳарекетинен болыўы зәрүр. Ол болажақ сүўретке алмақшы болған фильмин алдыннан көре билиўи, қайсы эпизодты бөлек-бөлек лыў, қандай жерде турып түсириў усаған детапларды ислеп шығыўы лазым.
Соның менен бирге фильмдеги қатнасып атырған қаҳарманлардың характерин. Психологиясын, ис ҳәрекетлерин көз алдына келтирип, түрли формаларда кадрларға түсириў керек.
Себеби оператор сол фильмниң сценарий авторы менен режиссердың тамашагөйге жеткермекши болып атырған көз-қарасларын, идеяларын, мақсетлерин пленкаға түсирип бериўши шахс.
Операторлар 3 түрге бөлинеди: 1. Пастановкашы оператор, 2. Операторлар, 3.Оператор ассистентлери
1. Постановкашы оператор операторлар топарының басшысы болып, фильмниң съемкаға алыўын ҳәм техникалық жумысларында басшылық етеди ҳәм оған оператор қосымша жәрдем береди. Оператор ассистентлери техникалық үскенелерди таярлаў жарықлық түсириў ислеринде операторларға жәрдемлеседи. Операторлық өнери жоқары дәрежеде болған “Урыс ҳәм тынышлық (Анатолий Петрицкий “Мосфильм””), “Руслан ҳаққында дәстан”, “Руслан ҳәм Суҳраб” (Д.Худайбергенов), “Тожикфильм”, “Алишер Навойи” (М.Кроснянский), “Узбекфильм”, “Инсан қуслар артынан барады” (Ю.Клименко “Узбекфильм”) сыяқлы жүзлеген фильмлерди мысал етип көрсетсек болады.
Do'stlaringiz bilan baham: |