4. Кинодраматургия, сценарий-фильмниң тийкары
Кино-синтетик саънаат есапланып, оның тийкрын әдебият, яғный сценарий қурайды. Көркем сценарийда исленежақ фильмниң идеялық көркемлик жонелиси ҳәм образлар жыйындысы өз көринисин табады. Демек, экранда қойылыў ушын жазылған әдебий шығарма сценарий деп аталады. Кино даўыс диалог монолог, музыка, ария сыяқлы бөлимлериден ибарат болмаған ўақытларда да автор ҳәм режиссерлар өз пикир усынысларын қағазға түсирип баспаған. Сүўретке алынып атырған фильм қом жеринен басланып қал ўақытта жуўмақланыў кереклигин, қамда ўақыя-ҳәдийселерди өз ишине қамтыйтугынын киноартистиң өзин услап тутыўын сүўретлеп избе-из жайластырар еди. Мине усындай нәтийжелерден сценарий жанры әсте ақырынлық пенен пайда бола баслады. 1927-жылда мәмлекетимиз экранларына шығарылған “Роботқолиқирлари” атлы фильм өзбек миллий кинематографиясы раўажланыўында бир басқыш болды. Себеби бул фильмде бас қаҳарман садық ролин ойнаған. Сулайман Хужав өзбек киносценарий тарийхында биринши мәрте фильм авторлары менен қылған еди.
1931-жылға келип Ноби Ғаниев, Н.Кладо менен биргеликте “Юксалиш” фильми сценарийин сол жылы С.Хожаев “Таң алдынан” фильми сценарийин 1935-жылы Эргаш Ҳамроев “Жигит” фильми, 1936-жылда одил Шаропов “Қылыш” фильми сценарийларын жазды. Өзбекстанда сценарий жанрының раўажланыўында Н.Ғаниевтиң мийнетлери айтарлықтай болды.
Сондай-ақ, республикамызда даўыс пенен жазылатуғын фильм ушын сценарий жаратқан бул Комия Яшин еди. Ол озбек ҳаял-қызларының жәмийетте тутқан орны, олардың мийнетте ерискен табыслары, еркинлик, азатлық жолындағы гүреслерин “Асал”фильминиң сценарийинде көрсетип берди.
Даўыслы кино пайда болыўы менен сценарий жазыў бираз қыйынласты, себеби бул урыс жылларына туўра келип калды. Бирақта усындай күнлерде өзлериниң бар күшин жумсап сценарий жазыўга ийекемлесип көрген К.Ерматов болды. Ол И.Склют пенен биргеликте “Фронттағы досларға” деген фильм-концерт сценарийин жазды. Кейинрек “Ўатанға саўға” сценарийин жазып сол тийкарында фильм жаратты. Өзбекстанда киносценарий жанры урыстан кейинги жылларда раўаланды.
Өзбек киносында көркем шығармаларды экранластырыўға дәслеп Өзбекстан халық артисти Латиф Фаизиев қоп урды. Ол 1953-жылда Хамза ҳакимзаданың классик шығармасы “Бай менен хызметкер”ди экранда жанландырды Арадан көп өтпей Айбектиң “Қутлық қон” А.Қаҳҳардың “Синчалак” шығармалары Л.Файзиев басшылығында экран жүзин көре баслады.
Өзбек киносының раўажланыўында анық түрде мийнети менен үлес қосқан авторлардан бири Өзбекстанға хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери Собир Муҳаммедов “Ҳамза”, “Шиддат” сыяқлы фильмлерге жазған сценарийлары менен танылды.
Өзбекстан халық жазыўшыы Саид Аҳмадтың “УФҚ” романы тийкарында жаратылған “Муҳаббат мажораси” фильми урыстың кыйыншылықларын. Оның тезирек тамам болыўы болмаса ҳар бир шаңарақта түскинлик, урыс руўхы сезилип турады деген идеяны алға сүрген еди.
Қулласы “Өзбекфильм” дөретиўшилиги әдебий шығармаларға мүрәжәәт қылып өз жылнамаларын жаңа жаңа шығармалар елин байытыўға еристи.
Do'stlaringiz bilan baham: |