Өзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги


Тема:Қарақалпақстан телевидениесиң пайда болыўы, қәлиплесиўи



Download 219 Kb.
bet15/17
Sana09.06.2022
Hajmi219 Kb.
#648476
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   17
Bog'liq
Кино ТВ Р ТМ №1

Тема:Қарақалпақстан телевидениесиң пайда болыўы, қәлиплесиўи


Жобасы:

1. Телевидениениң ғалаба хабар қураллары системасындағы тутқан орны


2. Қарақалпақстан телевиденисиениң пайда болыўы
3. Қарақалпақстан тележурналистика тарийхы

Радио менен киноның жүзеге келиўи телевидениениң пайда болыўына тийкар болды. Телевидение, яғный узақтан көриў мүмкиншилиги физикалық жақтан алып қарағанда 3 басқыштан турады Биринши басқышта көринислер избе-из элекр сигналларына айландырылады, екинши басқышта сигналлар эфир арқалы тийисли аталыққа жеткерилип бериледи, ол үшинши басқышта электр сигналлары көриниске айналдырылады. Росссияда ислеп атырған итальян пуқарасы Д. Козелли 1862-жылы Шотландиялы А. Бейн принципи тийкарында «химиялық телеграф»ты жүзеге келтирди. Бирақ ислеўи қыйын болғанлықтан қоллап-қуўатланбады. Ҳәзирги элекр-нур трубкалы телевизорды ойлап тапқан немис физиги К. Ф. Браун менен орыс илимпазы Б. Л. Розинг усайды.


1922-жылы Б. Л. Розинг электронли телевидениени жетилистире барып, qoqq-жылы алған гуўалығына қосымша «радиотелескопия» жасап шығарғаны ушын мәмлекетлик гуўалық алады. Розингтиң шәкиртлериниң бири Б. П. Грабовский Орта Азия Мәмлекетлик Университетиниң физика факультетинде оқып жүрып устазының жумысын даўам етеди ҳәм қабыллаўшы-эфирге бериўши аппарат жасап шығарады. Оның қабыллаўшы аппаратында емески болса да, ҳәрекетти ҳәм сүўретти көриў мүмкин еди.
«Механикалық» телевидение тәжрийбе сынаўларынан табыслы өткен соң турақлы көрсетиў бериўге таярлық көрилди. qoew-жылдың 1-октябринен МГСПС радиостациясы арқалы дәслепки турақлы көрсетиўлер бериле баслады. qoeq-жылдың 1-октябринен турақлы саат түрде 12 ден 1 ге дейин бериле баслаған көрсетиўлерди Томскийде, Нижний Новгородта, Одессада, Смоленскийде, Ленинградта, Киевте, Карвковта қабыл етип атырғаны туўралы хабарлар келип турған. Сол жыллары «Говорить Москва» журналы «пайтахтта қолдан исленген отыздан аслам телевизорлар ислеп тур»-деп мақтаныш пенен жазады. Москва ҳәм басқа қалалардағы телевидение көрсетиўлери урыс жылларында тоқтап қалды. Москва 1945-жылы майдан баслап, Ленинградта 1948-жылдан, Киевте 1956-жылдан телекөрсетиўлер басланады. Ташкент телевидениеси өз көрсетиўлерин 1956-жылы 6-ноябрьде, Нөкис телевидениеси qoyr-жылы 5ноябрьде эферге көрсетиўлер берди.
60-жыллардың басларында телевидение тек Москва, Ленинград ҳәм Ташкентке усаған ири қалаларда ғана емес, ал барлық миллий республикалардың орайларында, ҳәтте барлық автономиялы республикалардың пайтахларында болды ҳәм жергиликли миллий тиллерде көрсетиўлер берип турған еди. Ири санаат орайларынан бир қанша шетте жайласқан Қарақалпақстан халқы телевидение туўралы еситсе де оны көрмеген еди. Ҳәтте не нәрсе екенлигине де исенбей, ески түсиниктеги адамлар «айтыўшының гәпи шығар, болмаса ящиктен адамның сүўрети көринеме»-дейтуғын еди. Ол жыллары ҳәр қандай ири жумыслардың ислениўи Москвадан шешилип артта қалған үлкеде телевидениениң қурылыўы миллий үлкелерге исленген жақсылығы ҳәтте сыйлығы менен сақыйлығы сыпатында қаралады.
КПСС Орайлық Комитетиниң жоқары қарары да солай болды. Бул қарарларға тийкарланып, Өзбекстан КП Орайлық Комитетиниң қарары шықты. Онда айырым ўалаят орайларында, соның ишинде Қарақалпақстанның орайы Нөкис қаласында да телевидение орайын салыў нәзерде тутылды, усыларға тийкарлана отырып, өз гезегинде ўәлаятлық Партия Комитети «Нөкис қаласында телевидение орайын салыў ҳаққында» қарар қабыл етти ҳәм оны тез әмелге асырыў бойынша илажларды белгиледи. Телевидение комплекси ушын ҳәзирги орын бурынғы «Нөкис» совхозына қараслы жоңышқашылық атызлары таңлап алынды.
Ең дәслеп 1962-жылдың февраль айынан баслап Қәүү қурылыс трестиниң Қә-қурылыс басқармасы қурылысшылары 12 квартиралы 2 этажлы жайдың ҳәм передатчик жайының қурылысларын баслады. Бирақ қурылыс материаллардың механизмлердиң жетиспеўи, шебер усталардың азлығынан белгиленген мүддеттен бираз кешикти. Бирақ, телевидениениң әҳмийетин түсинген жергиликли басшылар исти тезлетиўдиң барлық илажларын көрди. Нәтийжеде, передатчиктиң жайы ә9үң-жылдың жаз айларының басында монтаж жумысларын жүргизиўге таяр болды. Ленинград (Ҳәзирги Санкт-Петербург), Красноярск Новосибирскийдиң радиоаппатураларын соғыўшылары узақтағы Қарақалпақстанның телевидение студиясы ушын оғада керекли әсбап-үскенелер радиоаппаратуралар, радиодеталларын кабель сым, радиолампаларын жиберди. Оларды монтажлаў ҳәм орынлы-орынларына жайғастырып бир-бири менен тутастырыў да аңсат емес еди. Қарақалпақстанда байланыс ҳәм радио қәнигелери бар болғаны менен, еле телевидение бойынша маман кадрлар жетиспейтуғын еди.
Бүгинги күни Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан халық артисти дәрежесине жетискен, белгили режиссер Қуўат Абдиреймов пенен Кийик Абдиреймова 2-мәртебе басқарыў пультинде отырып қарақалпақша биринши көрсетиўди эфирге шығарады. Қарақалпақстан телевидениесиниң дәслепки дүзилиў жылларында қыйыншылықларды жеңип ислеген аға режиссер Қ. Абдиреймов пенен режиссер ассистенти К. Абдиреймовалар орынлы түрде телевидениениң биринши режиссерлары есапланады.
Дәслепки көрсетиўлер оғада қыйыншылықлар менен алып барылған. 35-40 квадрат метр тар жайдың ишинде диктор да еки телекамера да сести ҳәм көринисти эфирге беретуғын режиссерлар пультлары жайласқан. Олардың қасында аппарат-студия комплекси орналасқанлықтан жайдың иши жақтырыў ҳәм радиолампалардың қызыўы менен адам шыдамаслық жағдайларда ислеўге туўра келгенликтен ҳәзирги ветеранлар қызықлы етип гүрриң етеди.
Биринши телеоператор Қарақалпақстанға мийнети синген мәденият хызметкери П. А. Бекимов пенен К. Ерназаровлар еди. Дәслепки ўақытлары Нөкис телевидениеси ҳәптеге қ-мәртебе-шийшемби, жума ҳәм екшемби күнлери күниге ғ-сааттан көрсетиў берди. Соның ишинде өзлери таярланған көрсетиўлер ярым саатлардан аспайтуғын еди.
1965-жыллардың 1-марттан баслап ҳәптесине 4 рет, ҳәр күни 2,5 саат көрсететуғын болды.



Download 219 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   17




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2025
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish