Өзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги бердақ атындағЫ Қарақалпақ МӘмлекетлик университети


Тәбият ҳәм жамийет арасындагы байланыслар хаққында көз-караслар



Download 10,97 Mb.
bet8/61
Sana25.02.2022
Hajmi10,97 Mb.
#297164
TuriЛекция
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   61
Bog'liq
Палео20

Тәбият ҳәм жамийет арасындагы байланыслар хаққында көз-караслар.
Тәбиий орталықтың адамга тәсири хаққында кызыгыушылык жуда ертеден пайда болган. Бул хаккында коз-караслар хар кыйлы болып, айрымлары табияттын адамларга тасирин толык бийкарласа, айрымлары адамлардын минез-кулыкларынан баслап, рауажланыу цивилизациясын коршалган орталык пенен байланыстырады.
Кейинги рауажланган коз-караслардан бул маселеге байланыслы, философиялык багдарлар болып, булар географиялык детерменизм хам географиялык поссибилизм агымлары еди. Бурынғы Аўқам дәўиринде бул бағдарлар илимий емес деп караланды, асиресе (антропогеография) күшли (критикаланды) айыпланды,яғный бул буржуазия илими деп аталды. Бундай тартыс пикирлер кобинесе идеологиялык характерге ийе болды.
Инсан хам табият арасындагы байланыслар хаккында көз-қарасларды избе-излик пенен көрип шыгамыз.
Адам менен табият ортасындагы байланыслар хаккында бизин эрамызга шекем 460-370-жылда жасаган Демокрит оз шыгармаларында коршалган орталыктын, әсиресе климаттын органикалык дуньяга тасири хаккында жызган еди.
Геродот (490-420-жыл б.э.ш.) озинин «Тарийх» китабында адам хам табият ортасындагы малим бир байланыслар хаккында пикир жургизеди. Ҳар кыйлы мамлекетлердин табияты, адамлардын турмысын жаза отырып, хар кыйлы табиятта жасайтугын адамлардын турмыс жагдайы, хар кыйлы хожалык тури болып, хар кыйлы оним жетистиреди, олар бир-биринен физикалык хам психологиялык жактан ажыралады деп жазган еди.
Ал Гиппократ болса өзиниң «Ҳауа, суу ҳәм орын хаккында» деген мийнетинде, табиий орталыктын адам физилогиясы ҳәм психологиясына тәсири хаккында жазган еди. Ол «доктор озине таныс емес калага келгенде каланын жайласыуына итибар бериу керек, ягный кала кун шыгарга, шамалга, кун батарга караганлыгы, суу менен калай тамийинленгенлиги, сууы каттыма, жумсакпа, суу кай жерден агып откен, басланыуы калай, тузлыгы, аукат писириуге тасири барма, жокпа, жери калай-осимликке байма, я осимлик жокпа, климаты ыссыма, сууыкпа» деген сауалларга жууап излеуи керек деген еди. Сондай етип Гиппократ табийгый жагдайдын адам ден-саулыгы хам адам рухына тасирин уйренди хам медикикалык-экологиялык изертлеулерге баслама салды. Гекатей Милетский картасы
Адам хам табият арасындагы байланыслар машкалары орта асирлерде изертленбегени менен улкетаныу жумысларында табиятты, хожалык, халыкты сууретлеген коплеген шыгармалар болып,бирак олар арасындагы байланыслар сууретленбеген.
Адам хам табият арасындагы байланыслар хаккындагы ХVIII-асирде философ материалистлер жумысларында улкен итибар берилген. Бул изертлеулерди Шарл Луи Монтескье жумысларында да көриуге болады хам оны географиялык детерменизм тийкарын салыушысы деп атады.
Монтескье социаллык кубылысларды табийгий жагдайга байланыстырды. Табийгый орталык, асиресе климат, жамийеттеги барлык кубылыслардын аныклаушы себеплери болады деген еди. Ол озинин «Рухлар хаккында нызамлар» мийнетинде суўык климат зонасында жайласқан адамлар кушли шыныккан болады, орташа климат зоналарында адамлардын турмыс жагдайлары тураксыз болады, себеби бул жердин климаты тураксыз, ал ыссы климат зонларында адам денеси дене кушин жойтады. Сонын ушын ыссы хам ыгаллы климат жағдайында адамлардын психикасы азилленген болады. Табияттын катан кубылыслары-тайфунлар вулканлардын атылыуы, суу басыулар адамлардын еркинлигин басып таслайды. Сонын ушын халыктын устинен зулымлық откериу жуз береди, хамде туслик мамлекетлердин (деспот) зулымлы шексиз хукимдарлыгы географиялык орталыкка байланыслы. Ал тусликке карама-карсы болган арка зонанын катан табияты адамды балалыктан психикасын хам еркинлигин шыныктырады. Бул жерде сиясий баскарыудын еркинлик тури пайда болады деген еди. Монтескьеннин бул коз-карасын бир канша илимпазлар коллап кууатлайды.
Англиянын социалог-илимпазы Г.Т.Бокль озинин «Англиянын цивилизация тарийхы» мийнетинде жамийетлик хам мадений рауажланыуында географиялык орталыктын ахмийетин келтирип отеди.
Биракта онын Монтескьеден айырмашылыгы, ол адамлардын биологиялык жактан тен екенлигин, бирак табияты хожалыгы хам мадениятынын рауажланыуында географиялык орталыктын хар кыйлы тасир етиуин келтирип отеди. Жамийеттин рауажланыуын географиялык орталык белгилейди деп Европа цивилизациясы хам айрым халыклардын мадений жактан толык рауажланбаганлыгын географиялык орталык пенен байланыстырып далийлеп корсетеди. ХIХ-асирде адам хам табият арасындагы машкалалар географиялык жумысларда да ушырасады. К.Риттер хам Ф.Ратцельдин жумысларында жердин табияты хам халыклары хаккында токтап отип, хар бир халыктын озине тан мадениятын хам турмыс жагдайын табийгый орталык пенен байланыстырып уйренеди.
Мюнхен университети профессоры этнографы Фридрих Ратцель бириншилерден болып мәденият қублысларының тарқалыў нызамлықларын еллер ҳәм зоналар бойлап тарқалыўына итибар берди. Эволюционистлер мәденият қублысларын тарқалыўын келип шығыўын анық келип шығыў жағдайына байланыстырмады. Рацель бириншилерден болып мәденият қублысларын халықлар арасындағы байланыс белгиси деп мәселени қойды.Расалар араласады, тиллер пайда болады ҳәм жоғалады, халықлардың атлары өзгереди. Тек мәденият затлары өзлериниң формасын ҳәм ареалын сақлайды.
Өзиниң идеяларын Ратцель көп томлы шығармаларында «Народоведение», «Анторпогеография» «Земля и жизнь» адамзаттың жер бетиндеги тарқалыўын хәм мәденияттың раўажланыўын географиялық жағдай менен байланыстырды.Буның ушын ол халықлардың ишки турмысына тәбийий орталықтың барлық тәсир етиўши формаларын ҳәм мәденияттың қәлиплесиўин, халықлар арасындағы қатнаслар характерлерин ҳәр тәреплеме үйренип шықты.
Ратцельдиң мәденият концепциясның баслы идеясы «Антропогеография» мийнетинде дөретип материаллық мәденияттың затларының географиялық тарқалыўын бул затлардың таратыўшысы адамлардың тарқалыўы менен байланыстырды. Тәбийий жағдайға байланыслы халықлар арасындағы мәденият айырмашылығы, халықлар арасындағы байланыслар нәтийжесинде этнографиялық затлар асте ақырынлық пенен билинбей кетеди. Ақырында Ратцель халықлардың ҳәр қыйлы байланыс формаларына итибар берди.Қәўимлердиң көшиўлери, басқыншылық ҳәрекетлери, расалық типлердиң араласыўлардың типлери, саўда ҳ.т.б Усы процесслер нәтийжесинде мәденияттың кеңислик арқалы тарқалыўы жуз береди. Әмелиятта этнографиялық затлардың тарқалыў формасына кирип буның әҳмийети тил ҳәм расалық белгилердиң тарқалаўына қарағанда әҳмийетлирек.
Расалық типлер өз ара барқулла араласады, соның ушын ҳәзирги заман расалары аралас.Тил бираз турақлырақ расаға қарағанда, бирақ ўақыттың өтиўи менен олда әстенлик пенен өзгерип барады. Материаллық мәденият затлары көбирек өз формасын ҳәм өзиниң тарқалыў басқа мәдений қублысларға қарағанда узақрақ сақлайды.Оның пикиринше халықлар өзгериўи, жоқ болып кетиўи мумкин бирақ материаллық мәденият өзгериссиз қалыўы мумкин.Соның ушында этнографиялық затлардың географиялық тарқалыўын үйрениў мәдениятты изертлеп атырғанда бираз әҳмийетке ийе
Ф.Ратцель адам хам табият арасындагы байланысларды экологиялык тарептен уйренди. «Жер хам тиришилик», «Антропогеография», «Народоведение» ҳәм басқада мийнетлеринде табиятты адам жасау орталыгы деп тусиндиреди. Сонын менен бирге халыклардын мадениятынын рауажланыуын табияттын колайлыгына байланыстырып тусинемиз деп жазады: « Жер бетиндеги жабайы халыклардын жасау орынлары, жер бетинин сууык, ыссы еллеринде, айрым ажыралып турган атауларда, барып билмейтугын тауларда, шоллерде болганлыктан оларда дийханшылык хам шаруашылык рауажланыуына мумкиншилик болмаған, мысалы` Австралия, туслик Америка, табийгый жагдайлары байлык танлауга жагдай туудыратугын, онимдарлы топырак хам мийнет мадениятынын рауажланыуына улкен ахмийетке ийе» - деген еди.
К.Риттер «Жер таныу» панинин тийкарын салыушылардын бири болып, онын пикиринше бул илим адам менен табият ортасындагы байланысларды уйренеди. Ол жерди адамнын жасайтугын уйи деп есаплады.
Географиялык орталыктын озгериуин ол цивилизациянын табыслары деп тусиндирди. Риттер бириншилерден болып адамнын табиятка кери тасирин корсетип отти.
К.Риттер хам Ф.Ратцелдин изертлеулерин дауам еттириуши илимпазлардын Э.Реклю, А.Гюйо, П.П.Семенов-Тянь-Шанский, Л.И.Мечниковлар болды. Француз географы Э.Реклю озинин «Адам хам жер» жумысында адамзат тарийхын, адам менен табият арасындагы байланыслар тарийхы деп, бул багдарды «мезеология» деп атады. Буннан баска ол биринши болып «географиялык орталык» тусинигин киритип, бул адамды коршаган орталык тусиниги деп атайды.
Э.Реклюдин шакирти Л.И.Мечников озинин жумысларында адам хам табият арасындагы байланысларды табийгый тарийхый процесс деп есаплады. Онын хаммеге белгили болган «Цивилизация и великие исторические реки», «Географическая теория развития современных обшеств» шыгармасында, «коллективлик мийнет табиятты жаксы тареплерге озгертирип онын онимдарлыгын асырады, бундай мийнеттин аркасында жамийетлик катнаслар келип шыгады» - деген еди.
Ол маденияттын хам цивизациянын рауажланыуында суудын ролин, асиресе дарьялардын ахмийетин айтып отти. Тарийхый дарьялар цивилизациянын баслы двигатели болып, ол коллективлик жумысларды шолкемлестириуге жагдай туудырады. Табиятты озлестириуде хам табияттын ынжыклыкларын шешиуде албетте коллективлик жумыс улкен ахмийетке ийе. Ҳамде топланган мийнет дастурлери ауладтан-ауладка отип табияттан пайдаланыудын кыйын усыллары адамларды бириктириуге мажбурлейди деген еди.
Адам хам табият арасындагы байланыслар хар кыйлы уакытта хар кыйлы географиялык регионларда хар кыйлы жуз береди.
Этнослардын хам табийгый орталык пенен байланыслары хаккында хазирги заман географиясынын хам университет география мектебинин тийкаршысы Д.А.Анучин шугылланды. Ол озинин «Жер таныу» географиясы курс лекциясында (курс лекций географии землеведения) хам тагы баска улкетаныу жумысларында, халык онын тыгызлыгы, этнографиялык курамы, хожалыгы, маденияты хам турмысын уйренип, олар арасындагы айырмашылыкты табийгый жагдай менен байланыстырады.
Адам географиясы (антрогеография) бул география илиминин бир тармагы болып, география илиминин бирлигин корсетиуши инсан хам табият арасындагы байланысларды уйрениуши пан. Антропогеография табийгый-географиялык кубылыслар, халыклар олардын географиялык жайласыуы, хожалык мадений типлери, урип-адетлери, мадениятын хам олар арасындагы тыгыз байланыслардын барлыгын уйрениу зарур деп есаплады.
Адам хам табият арасындагы байланыслар машкаласы менен Москва университетинин профессоры А.А Крубер шугылланды. Ол озинин «Общие землеведения» мийнетинде адам хам табият арасындагы байланыслар толык уйренилип «адам тарепинен исленген хам пайдаланган затлар кийим, уй-жай, исениушиликлери менен инаныуларына шекем табият тасирин корсетип турады»- деген еди.
Крубердин пикири бойынша маденияттын рауажланыуында адам менен табият арасында жана байланыс сабагы пайда болады. Бурын бизлер байланысты маденияттын мын турге ийе шексизлигинен коремиз деген еди. Бул байланысларды изертлеудин еки жолы бар.
1) Избе-излик пенен табийгый-географиялык факторларды уйрениу хам олардын адамга, материаллык хам рухыйлык мадениятына тасирин тереннен уйрениу.
2) Адамзаттын жер бетинде таркалыуын систематикалык турде сууретлеу. Олардын айырмашылыгын, жер бетинин хар кыйлы жерлеринде жетилискен мадениятын хам тасирин тусиндириу зарур деген еди.
Сондай етип А.Гумбольт, К.Риттер, Ф.Ратцель, Э.Реклю, Л.И.Мечников, Д.Н.Анучин, А.И.Воейков, А.А.Крубер х.т.б. илимпазлардын изертлеу жумысларынын орайында адам хам табият болды. Олар табияттын хар кыйлылыгын, халыклардын жайласыу айырмашылыкларын, хожалыгын хам мадениятын уйрене отырып адам хам табият арасындагы байланысларды корсете билди.
Бурынғы Аўқам дауиринде бул илимпазларды географиялык детерменизм тарепдарлары деп, кемшиликлери бортирилип улкен критикага ушырады.
Жамийеттеги бундай карама-карсылыкларга карамай ХХ әсирдиң 50-жылларынын басында этнограф хам археологлар Б.В. Андрианов, М.Г Левин, Н.Н.Чебоксаров, В.П.Алексеев, бул машкалага марксистлик идеяларга суйенген жагдайда хожалык-маденият типлери (хозейственно-культурных типов ХКТ) хам тарийхый-этнографиялык областлар (историко-этногеографических областей ИЭО) ажратылган типологияда, хожалык-маденият типлери озине тан социал-маденият система ретинде каралып адамларды маденияттын жардеминде, хожалык ис-харекетлери аркалы табийгый ресурслар менен байланыстырды.
Ҳазирги хакытта бул машкаланы шешиуде философлар, тарийхшылар, географлар, этнологлар белсенделик пенен катнасып атыр. В.С.Жикулиннин пикиринше тарийхый географиянын дастурий маселеси адам хам табият арасындагы байланысларды уйрениу деген еди. Ол табият, халык хам хожалык арасындагы байланыслар адамнын коршалган орталыкка тасир дарежесин хам сыпатламасын корсетеди деп есаплады. Ландшафтлардын озлестириу тарийхын уйрениуде ауыл-хожалык технологиясы менен ислеп шыгарыу кушлерин рауажландырыу дарежеси хам ислеп шыгарыу катнасыкларын бир тарептен, екинши тарептен ландшафт характери менен уйрениу кереклигин тусиндирип отти.
Москва университетинин табияттан акылга мууапык пайдаланыу кафедрасында табийаттан пайдаланыу машкалаларынын шешиуде тарийхый - географиялык багдарлары ислеп шыгылган. Бул жана географиялык изертлеулер табияттын жагдайы, антропоген озлестириудин айырмашылыклары хам территориянын хожалык максетлери ушын пайдаланыу арасындагы байланыслардын нызамлыкларын уйрениу болып есапланады.
И.И.Невяжский тарептен ажыратылган табийгый-хожалык система (ПХС) бул байланыслар кенислик-уакыт объектлери табийгый жагдайлар хам хожалык яки халыктын ис-харекетлери менен характерленетугын белгили объектлер. Кейинрек бул системага этносларды коскан жагдайда этно-социаллык табийгый хожалык системасы деп ажыратылып бул системада ландшафт шегарасы онын ишки структурасы адам мийнети менен озгертилген менен аныкланады деген еди.
Бундай пикирге К.В.Зворыкин ауыл-хожалык жерлерин бонитировка машкаласын шешкенде, жерге баха бергенде тек гана топракка баха берип коймастан, усы топыракты кайта ислеуде хам технология мадениятты яки жерди ислеу мадениятын ягный халыктын этно-социаллык айырмашылыкларын есапка алыу керек деген еди. Ягный жерден эффектив турде пайдаланыуды бахалаганда, топырак пенен адам арасындагы байланыс, онын техника хам технология менен тамийнлениуин гана есапка алмай, онын мадениятын, билимин, тарбиялыгын ен баслы минез-кулкын уйрениу зарур деп есаплады.
Жуумаклай келе соны айтып отиу керек, тарийхый дауирде илимпазлар бул маселеге хар кыйлы коз-караслар менен жандасты. Солардан копшилиги табийгый географиялык факторлардын адам омирине хар кыйлы тасир жасайтугынлыгын, асиресе сиясий хам социал турмысына тасир етиуин тусиндирип отти. Бул тусиндириулерде айырымлары кате-кемшиликке жол койып, айрым халыклардын социаллык рауажланыуларын табийгый жагдай белгилейди деп табийаттын ролин асырып корсетти. Сонын ушын буларды географиялык детерминизм уакиллери деп есаплады.
Кейин ала бул идеяга карама-карсы географиялык индетерминизм койылып, бунда табияттын социаллык процесслерге тасири туптен бийкарланды.
Бунын натийжесинде география илиминде хам табияттан пайдаланыуда улкен кателерге жол койылды, ягный адам менен табият арасындагы байланыслар есапка алынбады.
Сонын менен бирге географиялык детерминизм табият пенен жамийет кубылысларынын рауажланыу байланысларынын себеплерин ашып бере алды. Әсиресе бул байланысларды уйрениу хам тан алыу, дунья экологиялык дагдарысты оз басынан кеширип атырган уакытта, коршалган орталыкты саклап калыу кауипли жагдайда екенлигин, улыума айтканда адамзаттын омири хам келешек тагдирине байланыслы екенлигин есапка алганда жуда зарур болып табылды.

Download 10,97 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   61




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish