Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың


-статья. Мүрəжат етиў ҳуқықын əмелге



Download 0,88 Mb.
Pdf ko'rish
bet38/92
Sana24.02.2022
Hajmi0,88 Mb.
#217613
1   ...   34   35   36   37   38   39   40   41   ...   92
Bog'liq
Каракалпакский

11-статья. Мүрəжат етиў ҳуқықын əмелге 
асырыўдың кепилликлери
Физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мəмлекетлик 
органларға жеке тəртипте ямаса жəмəəт болып мүрəжат 
етиў ҳуқықына кепиллик бериледи.
Түсиник берилип атырған статья ҳəр бир инсанның жеке 
тəртипте де, басқа шахслар менен биргеликте де ўəкилликли 
мəмлекетлик органларға ҳəм мəмлекетлик мəкемелерге арза-
лар, усыныслар ҳəм шағымлар менен мүрəжат етиў ҳуқықын 
бекитип берген.
Усы статьяға муўапық, физикалық ҳəм юридикалық 
шахслардың мəмлекетлик органларға жеке тəртипте яки жəмəəт 
болып мүрəжат етиў ҳуқықына кепиллик бериледи.
Мəмлекетлик органларға жеке тəртипте яки жəмəəт бо-
лып мүрəжат етиў мүмкинлиги «Мəмлекетлик органларда 
ҳəм мəмлекетлик мəкемелерде физикалық ҳəм юридикалық 
шахслардың мүрəжатлары менен ислеў тəртиби ҳаққында» 
үлги Режеде

де нəзерде тутылған.
1
Қараң: Өзбекистан Республикасы Жынаят кодекси. – Т.: Адолат, 2014. –295-б.
2
«Мəмлекетлик органларда ҳəм мəмлекетлик мəкемелерде физикалық ҳəм 
юридикалық шахслардың мүрəжатлары менен ислеў тəртиби ҳаққында»ғы үлги 
Режениң 6-бəнти екинши абзацы. Министрлер Кабинетиниң 31.03.2015-ж. қабыл 
етилген №73 қарарына қосымша. //Өзбекистан Республикасының нызам ҳүжжетлери 


76
Сырт ел пуқаралары усы Нызамда белгиленген тəртипте 
судқа шағым менен мүрəжат етиў ҳуқықына ийе, егер 
Өзбекистан Республикасының халық аралық шəртнамалары 
ҳəм келисимлери менен басқаша тəртип нəзерде тутылмаған 
болса.
Пуқаралығы болмаған шахслар усы Нызамға муўапық судқа 
шағым менен мүрəжат етиў ҳуқықына ийе.
Мүрəжат етиў ҳуқықын əмелге асырыўдың ең əҳмийетли ке-
пилликлери мүрəжатларды қабыл етип алыў, рəсмийлестириў 
ҳəм көрип шығыўдың ҳəкимшилик-ҳуқықый процедурала-
ры, яғный Нызамның режелерин əмелге асырыў механизмле-
ри болып есапланады. Оларға муўапық, аўызша мүрəжат пе-
нен келген физикалық шахслар ҳəм юридикалық шахслардың 
ўəкиллери мүрəжатлар менен ислеў бойынша бөлимшениң бас-
шысы ямаса басқа жуўаплы хызметкери, сондай-ақ мəмлекетлик 
органның қурам бөлимшелериниң басшылары ямаса басқа 
жуўаплы хызметкери тəрепинен қабылланады.
Мүрəжат етиўшиниң шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер 
тексерилгеннен кейин белгиленген форма бойынша есапқа 
алыў карточкасы толтырылады. Есапқа алыў карточкасы 
аўызша мүрəжат сыпатында дизимге алынады.
Физикалық шахслар ҳəм юридикалық шахслардың ўəкиллери 
тəрепинен олар мəмлекетлик органға аўызша мүрəжат еткенде 
берилген жазба мүрəжатлар ҳəм басқа материаллар қабыл ети-
лип, үлги Режениң 16-бəнтине
1
муўапық толтырылған есапқа 
алыў карточкасына қоса тигилиўи тийис.
Дизимге алынған мүрəжатлар келип түскен ўақтынан бас-
лап бир ис күнинен кешиктирместен мəмлекетлик орган бас-
топламы, 2015, №13, 154-ст.
1
«Мəмлекетлик органларда ҳəм мəмлекетлик мəкемелерде физикалық ҳəм 
юридикалық шахслардың мүрəжатлары менен ислеў тəртиби ҳаққында»ғы үлги 
Реже. Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 31-марттағы №73 қарарына қосымша. //
Өзбекистан Республикасының нызам ҳүжжетлери топламы, 2015, №13, 154-ст.


77
шысына, оның орынбасарына яки қурам дүзилме баслығына 
киргизиледи, ол жуўапкер қурам дүзилмени (хызметкерди) 
белгилеген ҳалда резолюцияны (тапсырманы) қояды.
Резолюция (тапсырма) қойылған ўақыттан баслап бир ис 
күни даўамында мүрəжатлар менен ислеў бойынша бөлимше 
мүрəжатты орынлаўшы сыпатында белгиленген қурам 
бөлимине (хызметкерге) имза қойдырған ҳалда береди.
Мүрəжатлар аўызша яки жазба ямаса электрон формада 
берилиўи мүмкин.
Мəмлекетлик органлардың «исеним телефоны»на келип 
түскен мүрəжатлар аўызеки мүрəжат сыпатында үлги Режеде 
белгиленген тəртипте жазып қойылады, дизимге алынады ҳəм 
көрип шығылады.
Мəмлекетлик органның рəсмий веб-сайты арқалы яки 
мəмлекетлик органның рəсмий электрон почта мəнзилине ке-
лип түскен мүрəжатлар электрон мүрəжатлар сыпатында жа-
зып қойылады ҳəм үлги Режеде белгиленген тəртипте көрип 
шығылады
Өзбекстан Республикасының Бирден-бир интерактив 
мəмлекетлик хызметлер порталы (Ҳүкимет порталы) арқалы 
келип түскен мүрəжатлар электрон мүрəжатлар сыпатында жа-
зып қойылады ҳəм Министрлер Кабинетиниң 2012-жыл 30-де-
кабрьдеги №378 қарары менен тастыйықланған Өзбекистан 
Республикасының Бирден-бир интерактив мəмлекетлик хыз-
метлер порталы ҳаққындағы Реже талапларын есапқа алған 
ҳалда үлги Режеде белгиленген тəртипте көрип шығылады.
1
Физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжат етиў 
ҳуқықларын бузыў нызам ҳүжжетлеринде нəзерде тутылған 
1
Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Интерактив мəмлекетлик 
хызметлер көрсетиўди есапқа алған ҳалда Интернет тармағында Өзбекистан 
Республикасының Ҳүкимет порталы искерлигин жəне де жетилистириў илажлары 
ҳаққында»ғы қарары. //Өзбекистан Республикасының нызам ҳүжжетлери топламы, 
2013, №2, 23-ст.; 2015, № 10, 113-ст.


78
жуўапкершиликти келтирип шығарады (Нызамның 28-статья-
сына берилген түсиниклерге қараң).

Download 0,88 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   34   35   36   37   38   39   40   41   ...   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish