2. Мүрəжат етиў ҳуқықынан пайдаланыўда гендерлик
тең ҳуқықлылық.
Мүрəжат етиў ҳуқықынан пайдаланыўда жынысына қарап
кемситиўге жол қойылмаслығы Өзбекистан Республикасында
ҳаял-қызлардың еркеклер менен теңдей ҳуқықларға ийе екен-
лигин аңлатады.
3. Мүрəжат етиў ҳуқықынан пайдаланыўда тиллик тең
ҳуқықлылық.
Тилге байланыслы мəселеге келсек, мүрəжат етиў ҳуқықынан
пайдаланыўда, Өзбекистан Республикасының 1989-жыл
21-октябрьде қабыл етилген «Мəмлекетлик тил ҳаққында»ғы
Нызамының 14-статьясына
2
муўапық, Өзбекистан Республи-
касы аймағында жасаўшы шахсларға мəмлекетлик шөлкемлер
ҳəм мəкемелерге, жəмийетлик бирлеспелерге арзалар, усыныс-
лар, шағымлар менен мəмлекетлик тилде ҳəм басқа тиллер-
де мүрəжат етиў ҳуқықы тəминленеди.Тап усындай қағыйда
түсиник берилип атырған Нызамның 6-статьясы үшинши
1
Қараң: Өзбекистан Республикасы Конституциясы. –Т.: Өзбекистан, 2014. –9-б.
2
1989-жыл 21-октябрьде қабыл етилген «Мəмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызам. //
Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Ведомостлары, 1995, № 12, 257-ст.
71
бөлиминде нəзерде тутылған, оған муўапық, мүрəжатлар
мəмлекетлик тилде ҳəм басқа тиллерде берилиўи мүмкин.
4. Мүрəжат етиў ҳуқықынан пайдаланыўда диний тең
ҳуқықлылық.
Ҳүждан, дин, динге ықтықат еркинлиги ҳуқықы – ҳəр бир
инсанның конституциялық ҳуқықы болып, инсанның руўхый
еркинлигиниң тийкарын қурайды.Бул ҳуқық ҳеш қандай ны-
зам менен шеклениўи мүмкин емес ҳəм мəмлекет тəрепинен
ҳəкимшилик пенен араласыўға жол қойылмайды, соның ме-
нен бирге, мəмлекет, диний толерантлық ҳəм дин еркинли-
ги принциплеринен келип шыға отырып, диний бирлеспелер
менен жəмəəтлерди қорғаў ўазыйпасын да атқарады. Руўхый
тараўдағы ең тийкарғы инсан ҳуқықларын сəўлелендириўши
бул принцип халық аралық ҳүжжетлердиң де принципи болып
есаспланады (Инсан ҳуқықлары пүткил жəҳəн декларациясы,
1
Пуқаралық ҳəм сиясий ҳуқықлар ҳаққындағы Халық аралық
пакт
2
ҳəм т.б.).
Өзбекистан Республикасы Конституциясының 31-статьясы-
на муўапық, Өзбекистанда ҳəмме ушын ҳүждан еркинлигине
кепиллик берилген. Ҳəр бир инсан қəлеген динине ықтықат
етиў яки ҳеш бир динге ықтықат етпеў ҳуқықына ийе. Диний
көз-қарасларды мəжбүрий сиңдириўге жол қойылмайды.
Динге ықтықат етиў яки өзге ықтықатлар еркинлиги миллий
қəўипсизликти ҳəм жəмийетлик тəртипти, басқа пуқаралардың
өмирин, саламатлығын, əдеп-икрамын, ҳуқық ҳəм еркинликле-
1
Инсан ҳуқықлары пүткил жəҳəн декларациясы. – БМШ Бас Ассамблеясының 1948-
жыл 10-декабрьдеги 217 А (III) резолюциясы менен қабыл етилген. //Халық аралық
шəртнамалар топламы, БМШ, Нью-Йорк ҳəм Женева. 1994. Том I, 1-бөлим. 1-8-бб.
2
Пуқаралық ҳəм сиясий ҳуқықлар ҳаққындағы Халық аралық пакт (Факульта-
тив протокол менен бирге). 1966-жыл 16-декабрьде БМШ Бас ассамблеясының
1491-пленар мəжилисинде 2200 (XXI)-резолюция менен қабыл етилген. //Халық
аралық шəртнамалар топламы, БМШ, Нью-Йорк ҳəм Женева. 1994. Том I, 1-бөлим.
22-47-бб.
72
рин тəминлеў ушын зəрүр болған дəрежеде ғана шеклениўи
мүмкин.
«Ҳүждан еркинлиги ҳəм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы
Нызамның 3-статьясына
1
муўапық, ҳүждан еркинлиги –
бул пуқаралардың ҳəр қандай динге ықтықат етиў яки ҳеш
қандай динге ықтықат етпеўден ибарат кепиллик берил-
ген конституциялық ҳуқықы болып есапланады.
2
Пуқара
өзиниң динге, динге ықтықат етиўге яки ықтықат етпеўге,
сыйыныўда, диний дəстүрлер менен мəресимлерде қатнасыў
яки қатнаспаўға, диний тəлим алыўға өз мүнəсибетин белгилеп
атырған ўақытта оны ол яки бул тəризде мəжбүр етиўге жол
қойылмайды.
Ер жетпеген балаларды диний шөлкемлерге қатнастырыў,
сондай-ақ, олардың ықтыярына, ата-аналары яки олардың
орнын басыўшы шахслар ықтыярына қарсы тəризде динге
оқытыўға жол қойылмайды.
Динге ықтықат етиў яки өзге ықтықатлар еркинлигин əмелге
асырыў миллий қəўипсизликти ҳəм жəмийетлик тəртипти,
басқа пуқаралардың өмирин, саламатлығын, əдеп-икрамын,
ҳуқықларын ҳəм еркинликлерин тəминлеў ушын зəрүр болған
дəрежеде ғана шеклениўи мүмкин.
Сырт ел пуқаралары ҳəм пуқаралығы болмаған шахслар
Өзбекистан Республикасы пуқаралары менен тең рəўиште
ҳүждан еркинлиги ҳəм диний ықтықат еркинлиги ҳуқықынан
пайдаланады ҳəм ҳүждан еркинлиги ҳəм диний шөлкемлер
ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлық ушын нызамда
белгиленеген тəртипте жуўапкер болады.
Усы Нызамның 4-статьясында бекитилген қағыйдаға
муўапық, Өзбекистан Республикасы пуқаралары дин-
1
1998-жыл 1-майда қабыл етилген «Ҳүждан еркинлиги ҳəм диний шөлкемлер
ҳаққында»ғы Нызам. //Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Ведомостла-
ры, 1998, № 5-6, 99-ст.
2
Қараң: Өзбекистан Республикасы Конституциясы. – Т.: Өзбекистан, 2014. –13-б.
73
ге мүнəсибетине қарамастаан, нызам алдында тең. Рəсмий
ҳүжжетлерде пуқараның динге мүнəсибети көрсетилиўине
жол қойылмайды. Пуқаралардың динге мүнəсибетине қарап
олардың ҳуқықларын ҳəр қандай шеклеў ҳəм оларға тиккелей
яки жанапай имтиязлар бериў, душпанлық ҳəм жек көриўшилик
оятыў ямаса олардың диний яки атеистлик ықтықатына бай-
ланыслы сезим-туйғыларды масқаралаў, диний зиярат орын-
ларын аяқ асты етиў нызамда белгиленген жуўапкершиликти
келтирип шығарады.
Do'stlaringiz bilan baham: |