Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың



Download 0,88 Mb.
Pdf ko'rish
bet16/92
Sana24.02.2022
Hajmi0,88 Mb.
#217613
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   92
Bog'liq
Каракалпакский

бириншиден, олар физикалық яки юридикалық шахстың 
мəмлекетлик органлар ҳəрекетлери ямаса ҳəрекетсизлиги 
нəтийжесинде бузылған ҳуқықларын ҳəм нызамлы мəплерин 
қорғаў қуралы сыпатында көринеди;
екиншиден, мəмлекетлик органлар жумысларындағы кем-
шиликлер туўралы хабарлай отырып, усы кемшиликлерди 
сапластырыўға, мəмлекетлик аппарат жумысларын жақсылаўға, 
нызамлылық режимин беккемлеўге жəрдем береди. 
Шағым бериў конституциялық ҳуқықының тийкарғы 
функцияларынан бири – өз мүрəжаты арқалы жəмийетлик 
ҳəм мəмлекетлик ислерди басқарыўда қатнаса алатуғын, ҳəр 
түрли мəселелер бойынша өз көз-қарасын, жеке пикирин 
билдире алатуғын физикалық ҳəм юридикалық шахслардың 
ҳуқықларын, еркинликлерин ҳəм нызамлы мəплерин қорғаў 
қуралы болып хызмет етеди. Шағым бериў ҳуқықы институты 
аспектлеринен бири де усыннан ибарат. 
Əмелияттың көрсетиўинше, шағым менен мүрəжат етиўши 
физикалық яки юридикалық шахстың баслы мақсети – яки 
жеке өзиниң бузылған ҳуқықларын қорғаў, ямаса өзиниң ҳуқық 
ҳəм еркинликлерин əмелге асырыў ушын тосқынлықларды 
сапластырыў болып есапланады. Усылайынша жанапай түрде, 
өз ҳуқықлары ушын гүрес даўамында жəмийет ҳəм мəмлекет 
ислерин басқарыўда қатнасыў ҳуқықы əмелге асырылады. Ҳəр 
қандай шахс бузылған ҳуқықларын қорғаў мақсетинде шағым 
ете отырып, мəмлекетлик органларға, өзиниң пикиринше, унам-
сыз, оның ҳуқықларын, еркинликлерин ҳəм нызамлы мəплерин 
бузыўға алып келиўши ҳəм сапластырыўды талап ететуғын 
фактлерди мəлим етеди.
Шағым еткен физикалық яки юридикалық шахс түрли 
мəмлекетлик органлар менен лаўазымлы шахслар ис-
ҳəрекетлериниң, минез-қулқының олар ушын белгилен-
ген мəжбүрий ис-ҳəрекет ҳəм минез-қулқ қағыйдаларына 


37
сəйкеслигине баҳа берип, орын алған кемшиликлерди 
сапластырыўды талап етеди. Демек, шағым етиў ҳуқықы 
жəмийетлик қадағалаўдың əҳмийетли қуралы болып есапла-
нады. Усы мəнистен қарағанда, шағым берген шахс, шағым 
етиў ҳуқықынан пайдалана отырып, ол яки бул ҳақыйқый 
жағдайларға өз мүнəсибетин билдиреди. Усы мүрəжатларда 
келтирилген бундай мəлимлемелер жəмийетлик мəплерди 
анықлаўдың əҳмийетли дереги сыпатында баҳаланыўы тийис.
Шағым менен арзаны бир-биринен ажыратыўда итибар 
беретуғын нəрсе соннан ибарат, арза предмети – субъектив 
ҳуқық ҳəм мəплердиң қандай да бир түрде бузылыўы туўралы 
шағым етиў емес, ал, бириншиден, физикалық яки юридикалық 
шахстың өз ҳуқықларын ҳəм нызамлы мəплерин тийисли ор-
ганлар арқалы əмелге асырыўы ҳəм, екиншиден, ҳəр түрли кем-
шиликлер ҳəм қыянет ислер туўралы мəлим етиў жолы менен 
жəмийет ҳəм мəмлекет ислерин басқарыўда қатнасыў ҳуқықын 
əмелге асырыў болып есапланады. Солай етип, арзалар конкрет 
субъектив ҳуқық ҳəм мəплердиң жүз берген бузылыўларына 
байланыслы болмайды. Ал усы ҳуқықларды, еркинликлерди 
ҳəм нызамлы мəплерди қанаатландырыўдан бас тартыў болса 
шағымды, яғный физикалық ҳəм юридикалық шахстың конкрет 
мəпин қорғаўға бағдарланған ҳəрекетти келтирип шығарады.

Download 0,88 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish