Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың


 Мүрəжаттың жазба формасы



Download 0,88 Mb.
Pdf ko'rish
bet12/92
Sana24.02.2022
Hajmi0,88 Mb.
#217613
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   92
Bog'liq
Каракалпакский

2. Мүрəжаттың жазба формасы.
Жазба формада мүрəжат еткенде мүрəжат етиўшиниң 
– физикалық яки юридикалық шахстың мəплерин гөзлеген 


28
ҳалда мүрəжатты еки дана етип таярлаў ҳəм мүрəжаттың 
көширмесине яки екинши нусқасына қабыл етип алыўшының 
имза қойып бериўин илтимас етиў керек. Мүрəжат Нызамның 
6-статьясында көрсетилген талаплардың ҳəммесин есапқа 
алған ҳалда таярланған болыўы тийис. Жазба мүрəжат мүрəжат 
етиўши физикалық шахстың яки мүрəжат етиўши юридикалық 
шахс басшысының ямаса ол ўəкиллик берген шахстың имзасы 
менен тастыйықланған болыўы керек. Физикалық шахстың жаз-
ба мүрəжатын мүрəжат етиўшиниң имзасы менен тастыйықлаў 
имканы болмаған жағдайда бул мүрəжат оны жазып берген 
шахстың имзасы менен тастыйықланып, оның фамилиясы (исми, 
əкесиниң исми) де қосымша түрде жазып қойылыўы керек.
Жазба мүрəжат алынғанлығы мəлим етилетуғын буйыртпа хат 
пенен почта арқалы да жиберилиўи мүмкин. Жазба мүрəжатлар 
оларды есапқа алыў журналына тийисли жазыўларды киргизиў, 
үлги Режениң 2-қосымшасына муўапық форма бойынша есапқа 
алыў карточкасын толтырыў ҳəм мүрəжаттың биринши бетине 
дизимге алыў штампын қойыў жолы менен дизимге алынады.
3. Мүрəжаттың электрон формасы.
Түсиник берилип атырған статьяда электрон формада 
мүрəжат етиў де нəзерде тутылған. Мəмлекетлик органның 
рəсмий веб-сайты арқалы яки мəмлекетлик органның рəсмий 
электрон почта мəнзилине келип түскен мүрəжатлар электрон 
мүрəжатлар сыпатында жазып қойылады ҳəм үлги Режеде бел-
гиленген тəртипте көрип шығылады.
Өзбекстан Республикасының Бирден-бир интерактив 
мəмлекетлик хызметлер порталы (Ҳүкимет порталы) арқалы 
келип түскен мүрəжатлар электрон мүрəжатлар сыпатында жа-
зып қойылады ҳəм Министрлер Кабинетиниң 2012-жыл 30-де-
кабрьдеги №378 қарары менен тастыйықланған Өзбекистан 
Республикасының Бирден-бир интерактив мəмлекетлик хыз-
метлер порталы ҳаққындағы Реже талапларын есапқа алған 
ҳалда үлги Режеде белгиленген тəртипте көрип шығылады.


29
Нызамның 6-статьясы 4-бөлимине муўапық, электрон 
мүрəжат электрон санлы имза
1
менен тастыйықланған ҳəм 
электрон ҳүжжеттиң оны идентификациялаў имканиятын 
беретуғын басқа реквизитлерине ийе болған электрон ҳүжжет 
формасында болыўы керек. Өзбекистан Республикасының 
2004-жыл 29-апрельде қабыл етилген №611-II «Электрон 
ҳүжжет айланысы ҳаққында»ғы
2
Нызамына муўапық, электрон 
формада жазылған, электрон санлы имза менен тастыйықланған 
ҳəм электрон ҳүжжеттиң оны идентификациялаў имканиятын 
беретуғын басқа реквизитлерине ийе болған мəлимлеме – элек-
трон ҳүжжет болып есапланады.
Электрон мүрəжат нызам ҳүжжетлеринде белгилен-
ген талапларға сəйкес болыўы тийис. Электрон ҳүжжеттиң 
мəжбүрий реквизитлерине төмендегилер киреди: 
– электрон санлы имза; 
– электрон ҳүжжетти жөнетиўши юридикалық шахстың аты 
яки электрон ҳүжжетти жөнетиўши физикалық шахстың фами-
лиясы, исми, əкесиниң исми; 
– электрон ҳүжжетти жөнетиўшиниң почта ҳəм электрон 
мəнзили; ҳүжжет дүзилген сəне.
3
Нызам ҳүжжетлеринде яки электрон ҳүжжет айланысы 
қатнасыўшыларының келисими менен электрон ҳүжжеттиң 
басқа реквизитлери де белгилениўи мүмкин.
«Электрон санлы имза ҳаққында»ғы Нызамның 3-статьясы-
на муўапық, электрон санлы имза – бул электрон ҳүжжеттеги 
усы электрон ҳүжжет мəлимлемесин электрон санлы имзаның 
1
Өзбекистан Республикасының 2003-ж. 11-декабрьде қабыл етилген №562-II 
«Электрон санлы имза ҳаққында»ғы Нызамы. //Өзбекистан Республикасы Олий 
Мажлисиниң Ведомостлары, 2004, № 1-2, 12-ст.
2
Өзбекистан Республикасының 2004-ж. 29-апрельде қабыл етилген №611-II «Элек-
трон ҳүжжет айланысы ҳаққында»ғы Нызамы. //Өзбекистан Республикасы Олий 
Мажлисиниң Ведомостлары, 2004, №5, 80-ст.
3
Өзбекистан Республикасының 2004-ж. 29-апрельде қабыл етилген №611-II «Элек-
трон ҳүжжет айланысы ҳаққында»ғы Нызамы. //Өзбекистан Республикасы Олий 
Мажлисиниң Ведомостлары, 2004, №5, 80-ст.


30
жабық гилтинен пайдаланған ҳалда арнаўлы өзгертиў нəтийже-
синде жаратылған ҳəм электрон санлы имзаның ашық гил-
ти жəрдеминде электрон ҳүжжеттеги мəлимлемеде қəтелик 
жоқлығын анықлаў ҳəм электрон санлы имза жабық гилтиниң 
ийесин идентификациялаў имканиятын беретуғын имза болып 
есапланады.
Мəмлекетлик органларда ҳəм мəмлекетлик мəкемелерде 
физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатлары ме-
нен ислеў тəртиби ҳаққында үлги Режеге
1
муўапық, электрон 
мүрəжатлар келип түскен күни, ал ис ўақты тамамланғаннан 
соң түскен жағдайда болса – келеси ис күни қағазға басып 
шығарылыўы керек.
Жазба ҳəм электрон (қағазға басып шығарылған) мүрəжатлар 
мүрəжатларды дизимге алыў журналына тийисли жазыўлар 
киргизиў, үлги Режениң 2-қосымшасына муўапық форма бой-
ынша есапқа алыў карточкасын толтырыў ҳəм мүрəжаттың би-
ринши бетиниң төменги оң тəрепине дизимге алыў штампын 
қойыў жолы менен мүрəжатлер менен ислеў бойынша бөлимде 
дизимге алынады.
Мүрəжатларды дизимге алыў журналында мүрəжаттың 
тəртип саны, мүрəжат еткен физикалық шахстың фамилия-
сы, исми ҳəм əкесиниң исми, оның жасаў орны, юридикалық 
шахстың аты, оның мəнзили, мүрəжаттың қысқаша мазмуны, 
мүрəжат қабыл етилген сəне, дубликат яки мүрəжатлардың 
тəкирарыйлығы, қадағалаўға алынғаны туўралы белги, 
орынлаўшы етип белгиленген мəмлекетлик органның қурам 
бөлимшесиниң аты, сəне көрсетилген ҳалда орынлаў туўралы 
белги көрсетиледи.
Дизимге алыў штампында мəмлекетлик органның рəсмий 
атамасы (егер мəмлекетлик органның атамасы узын болса
1
Мəмлекетлик органларда ҳəм мəмлекетлик мəкемелерде физикалық ҳəм юридикалық 
шахслардың мүрəжатлары менен ислеў тəртиби ҳаққындағы үлги Реже. Минис-
трлер Кабинетиниң 2015-жыл 31-марттағы №73 қарарына қосымша. //Өзбекистан 
Республикасының нызам ҳүжжетлери топламы, 2015, №13, 154-ст.


31
улыўма қабыл етилген қысқартылған атама яки қысқартпа 
көрсетилиўи мүмкин), мүрəжат келип түскен сəне ҳəм дизимге 
алыў саны көрсетиледи.
Мүрəжатлардың тəртип саны ҳəр жыл басында жаңадан 
есапланады.
Мүрəжат почта арқалы конвертте келип түскенде конвертте 
мүрəжат ҳəм оған қосымшалар бар екенлиги тексериледи.
Конвертте мүрəжаттың жоқлығы яки оның жарам-
сыз жағдайға келгени, сондай-ақ, мүрəжатта көрсетилген 
қосымшалардың жоқлығы анықланғанда еки нусқада 
акт дүзиледи, олардың биреўи мүрəжатлар менен ислеў 
бөлимшесинде қалады, екиншиси мүрəжат етиўшиге конвертте 
көрсетилген мəнзил бойынша жибериледи.
Келип түскен мүрəжатлар конвертлери мүрəжат етиўшиниң 
мəнзилин, мүрəжаттың жиберилген ҳəм алынған ўақтын 
анықлаў ушын сақлап қалыныўы мүмкин.

Download 0,88 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish