Некоторые методы оптической спектроскопии


Ламберт – Бугер – Бер нызамын тексериӱ



Download 381 Kb.
bet4/8
Sana26.04.2023
Hajmi381 Kb.
#932234
TuriЛекция
1   2   3   4   5   6   7   8
Bog'liq
12-13-leksiya

Ламберт – Бугер – Бер нызамын тексериӱ
Абсорбцион спектроскопия. арлық химиялық затлардан электромагнит нур өткенде нур жутылып оның интенсивлигин пәсейтеди. Бундай жағдайда нур жутылыўын үйрениў абсорбциялы спетроскопия усылының тийкары болып есапланады.
Абсорбция усылларын электромагнит нур тәбиятына байланыслы рентген, ультафиолет, көринетуғын област, микротолқынлы ҳәм радиотолқынлы спектроскопия болып бөледи.

Нур дереги ретинде ультрафиолет областа аргон, ксенон, водород ямаса дейтерий лампалары, көзге көринетуғын областта вольфрам сымлы лампалар, инфрақызыл областта нихром сым ямаса глобар қолланылады.


Монохроматорлар ретинде ультрафиолет областта кварц ямаса шийшеден исленген призмалар, ИК областта NaCl ямаса KBr нен исленген призмалар қолланылады. Жүдә қатаң режим талап етилмейтуғын жағдайлар ушын светофильтрлер қолланылыўы мүмкин.
Детекторлар ретинде фотокүшейткишлер, фоторезисторлар, фотоэлементлер қолланылады.
Нур дереги – анықланатуғын еритпе арқалы өткенде жутылыўы тексерилетуғын нурларды шығарыўы ушын ислетиледи.
Монохроматор – болса усы нурлардың ишинен тексериў ушын керекли болған толқын узынлығындағы нурларды басқа нурлардан ажыратып алып бериўши үскене болып есапланады.
Детекторлар – бул тексерилип атырған зат арқалы өтип атырған нур келип түсетуғын жерге қойылады ҳәм ол нурдың интенсивлигин анық көрсетип беретуғын үскене болып есапланады.
Абсорбциялық анализде муғдарлық характеристиканы көрсететуғын нызамлық спектрдиң барлық областлары ушын орынлы болады. Белгили қалыңлықтағы нур жутыўшы орталықтан өтип атырған нурдың интенсивлигиниң кемейиўи Ламберт – Бугер – Бер нызамы менен төмендегише анықланады.

Бул жерде А оптикалық тығызлық, I, I0 – нур интенсивлиги, ε – моляр жутыў коэффициенти.
Ламберт – Бугер – Бер нызамы бир нешше нур жутыўшы компонентлери бар еритпе ушын да орынлы болады (Шәрти бул компонентлер өз ара тәсир етисип кетпейтуғын болса). Улыўма оптикалық тығызлық еритпе ишиндеги компонентлердиң барлығының оптикалық тығызлықлары жыйындысына тең болады.

Аулыўма = А1+ А2+ А3+ … Аn = ε1lc1+ ε2lc2+ ε3lc3+…… εnlcn





Ламберт – Бугер – Бер нызамы бойынша нур жутылыўын 5-сүўреттен түсиндирип өтетуғын болсақ, еритпени бир нешше dx қалыңлықтағы бөлимлерге ажыратып аламыз. Ҳәр бир ажыратылған бөлим мысалы ушын жақтылық нурын 10 есе кемейтетуғын болсын. Сонда дәслепки нур интенсивлигине I0 салыстырғанда - биринши бөлимнен өткенде 10 есе кем нур өтеди, екинши бөлимнен өткенде 100 есе кем өтеди, 3 - бөлимнен өткенде 1000 есе кем нур өтеди ҳәм т.б. буннан еритпе қалыңлыгына байланыслы нур жутылыў арасында логарифмлик қатнас бар екенин көремиз. Тап усы тақылетте еритпе салынған ыдыстың узынлығы l диң орнына ериген нур жутыўшы зат концентрациясын пайдалансақ коцентрация менен оптикалық тығызлық арасында логарифмлик қатнас болатуғынлығын көремиз.

Фотоэлектроколориметрияда бирдей өлшемдеги еки кюветаларға еритпе ҳәм ериткиш салынады, бул екеўиниң оптикалық тығызлығы өлшенип олардың айырмасы анықланады бул айырма ериген заттың концентрацииясына байланыслы болады. Демек бул усыл жәрдеминде муғдарлық анализ өткерип ериген заттың концентрациясын анықлаў мүмкин.
Ламберт – Бугер – Бер нызамынан шетлеў. Оптикалық тығызлықты өлшеў усылы төмендеги жағдайларда натуўры нәтийжелер бериўи мүмкин.
1. Бул нызам суйылтырылған еритпелерде анық орынланады. Еритпе концентрациясы артыўы менен жақтылықты сындырыў коэффициенти n өзгереди. 0,01М ден жоқары концентрацияларда ериген зат молекулалары бир бирине жүдә жақын жайласқан болады, бул да өз гезегинде Бер нызамынан шетлеўге алып келеди.
2. Химиялық тәсирлер. Еритпеде ериген затлардың молекулалары ериткиш пенен тәсир етисип басқа бир зат молекулаларын яки ионларын пайда етиўи мүмкин. Пайда болған затлардың нур жутыўы басқа областта болыў итималлығы бар болғанлықтан ЛББ нызамынан шетлеўге ушырайды.
3. Инструментлер қәтелиги. Оптикалық тығызлықты үйрениў ушын пайдаланатуғын үскенелерде анық монохроматик нур алыў қыйынға түседи. Тийкарғы өлшеп атырғаннан басқа толқын узынлықтағы нурлар еритпениң басқа компонентлери менен тәсир етискенликтен ақырғы нәтийжеге тәсир етеди.



Download 381 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish