Tilshunoslikdagi zamonaviy yo
‘
nalishlar: muammo va yechimlar
281
ҚАРАҚАЛПАҚ ТИЛИНДЕГИ ҚОСПА СӨЗЛЕРДИҢ
КЛАССИФИКАЦИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА
Бекбергенов Қ. А.
Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими
Қарақалпақ гуманитар илимлер илим изертлеў институты, Нөкис қаласы
Гилт сөзлер
: қоспа сөзлердиң классификациясы, жуп сөзлер, тәкирар
сөзлер, сөз қосылыў усылы, аффиксация усылы, лексикализация, қысқарған
қоспа сөзлер.
Калит сўзлар
: қўшма сўзларнинг таснифи, жуфт сўзлар, такрор
сўзлар, сўз қўшилиш усули, аффиксация усули, лексикализация, қисқарган
қўшма сўзлар.
Ключевые слова
: классификация сложных слов, парные слова, парно-
повторные слова, способ словосложения, аффиксация, лексикализация,
сложносокращенные слова.
Қоспа сөзлер көплеген түркий тиллеринде изертленген, олардың
жасалыў дереклери ҳәм
усыллары, қурамы бойынша түрлери анықланған.
Бирақ соған қарамастан оларды үйрениўде елеге дейин бирдей классификация
жоқ. Буған, бириншиден, қоспа сөзлердин түрлериниң ҳәр қыйлылығы,
олардың ҳәр қыйлы сөз шақапларына тийислилиги, компонентлери
арасындағы семантикалық қатнаслардын ҳәрқыйлы болыўы [1] себепши
болса, екиншиден, қоспа сөзлерди оларға уқсас
тил бирликлеринен
ажыратыўдағы
критерийлердин
жеткиликсизлиги,
қоспа
сөзлерди
анықлаўдағы көзқараслардың ҳәр қыйлы болыўы себепши болып киятыр.
Дәслепки изертлеўлерде қоспа сөзлер компонентлери арасындағы
синтаксислик
байланысқа
қарай
классификацияланған:
дизбекли
байланыстағы ҳәм бағыныңқы байланыстағы. Бул классификация арқалы
дизбекли байланыстағы коспа сөзлер анықланды, ол арқалы жуп сөзлер
жасалады,
ал
бағыныңқылы
байланыстағы
қоспа
сөзлерди
классификациялаўда еле аныклық жоқ, ол арқалы қоспа сөзлердиң қайсы
түрлери жасалатуғыны анық емес.
Кейинги ўақытлардағы мийнетлерде түркий тиллердеги қоспа сөзлерди
классификациялаўда
олардың
қурылысы,
қурамы,
семантикасы,
компонентлериниң байланысыў усыллары ҳәм семантикасы, т. б. белгилер
есапқа алынған.
Tilshunoslikdagi zamonaviy yo
‘
nalishlar: muammo va yechimlar
283
қосылыўынан:
атқулақ, ҳәр ким, баспасөз, ислеп шығарыў
; б) еркин ҳәм
турақлы сөз дизбеклеринен:
қара тал, қызылаяқ, көз байлаў, атқосшы
; в)
мәнили ҳәм жаңғырық сөзлерден:
нан-пан, қағаз-пағаз
; г) бир сөздиң өзинен:
бөлек-бөлек, таў-таў, бирим-бирим
; д) сөзлердиң қысқарған түрлеринен:
филфак, БМШ
ҳәм т. б.
2. Қоспа сөз дизбекли ҳәм бағыныңқылы байланыстағы сөз
дизбеклеринен жасалады. Сөз дизбеги компонентлериниң қоспа сөз қурамына
киргенге дейинги өз ара байланысын анықлаў қоспа сөздиң пүтинлигин, оның
бир сөзге айналыў дәрежесин белгилеўге жәрдем береди. Қоспа сөз
компонентлеринин мәнилик қатнасларын анықлаў арқалы оның
лексика-
грамматикалық мәниси ҳәм қайсы сөз шақабына тийисли екенлиги
анықланады.
3. Қоспа сөзлер, басқа дөренди сөзлер сыяқлы, белгили бир сөз жасалыў
усыллары арқалы жасалады. Олар төмендегилер: а) сөз қосылыўы; б) сөз
қосылыўы ҳәм аффиксация; в) лексикализация; г) қысқарып биригиў. Бул
усыллар арқалы: а) сөзлер қосылып, ямаса бир сөз дизбеги мәнилик жақтан
жаңа бир мәниге
ийе болады; б) компонентлер өз формаларын сақлап
жупласады; в) бир сөз жуп сөз формасында тәкирарланып қоспа сөзге
айналады; г) компонентлер тығыз биригип колланылады; д) қысқарып
биригеди.
4. Компонентлердиң қоспа сөзге айналыўы нәтийжесинде: а) сөзлердиң
жупласып қосылыўы арқалы жуп сөзлер; б) тәкирарланып қосылыўы арқалы
тәкирар сөзлер; в) айырым сөзлердиң қосылыўы ҳәм сөз дизбеклериниң
лексикаласыўы арқалы қурама ҳәм бириккен сөзлер; г) бирнеше сөзлердиң
қысқарып биригиўи арқалы қысқарған қоспа сөзлер жасалады.
Солай етип, ҳәзирги қарақалпақ тилиндеги қоспа сөзлерди жасалыўы
ҳәм түрлери бойынша төмендегише классификациялаўға болады.
I. Сөз қосылыў усылы менен жасалған қоспа сөзлер:
1.
Компонентлери дизбекли байланыстағы қоспа сөзлер: а)
компонентлердиң жупласыўы арқалы жасалған қоспа сөзлер – жуп сөзлер; б)
компонентлериниң тәкирарланыўы арқалы жасалған қоспа сөзлер – тәкирар
сөзлер;
2. Компонентлери бағыныңқы байланыстағы қоспа сөзлер: а)
компонентлери мәниси бойынша қосылып бир мәниге ийе болған қоспа сөзлер
– қурама (составлы) сөзлер; б) компонентлериниң өз ара биригиўинен
жасалған қоспа сөзлер – бириккен сөзлер.
II. Сөз қосылыўы ҳәм аффиксация усылы менен жасалған қоспа сөзлер.
III. Сөз дизбеклериниң лексикаласыўы нәтийжесинде жасалған қоспа
сөзлер.
Tilshunoslikdagi zamonaviy yo
‘
nalishlar: muammo va yechimlar
284
IV. Сөзлердиң қысқарып қосылыўы нәтийжесинде жасалған қоспа
сөзлер – қысқарған қоспа сөзлер.
Do'stlaringiz bilan baham: