3 басқыш (20 минут)
ДҮНЬЯЛЫҚ БИЛИМЛЕР МЕНЕН ДИНИЙ ИСЕНИМ
БИРЛИГИ
Уллы данышпан бабамыз Бахауаддин Нақшбанд «Жүрегиң - Аллада, қолың - мийнетте болсын» деп жаратыўшылыққа шақырғанларында, ҳәр қандай исти ақыл ҳәм исеним менен әмелге асырыўды нәзерде тутқан. Бул шақырықта инсан жүрегинде Аллаға исеним қойып, өзи ҳадал мийнети менен тиришилик өткериў ҳәм илим-өнер үйренип Ўатанды абат қылыўға шақырады. Диний ислерди дүньялық ислер менен байланыста алып барыў, дүньялық ҳәм диний исенимниң бирлиги арқалы жәмийетте турақлылық, тынышлық ҳәм пәраўанлыққа ерисиў мүмкиншилиги идеясы нәсиятланады. Ғәрезсизлик жылларында Өзбекстанда, Ислам дининиң ийгиликли идеялары миллий бахалықларымыз ҳәм турмыс тәризимизге терең сиңип бармақта. Улыўма, исенимди искерликке, искерликти болса исенимге айландырыў халқымызға тән. Мәселен, жақсылықты, яғный әпиўайы инсаний искерликти исеним дәрежесине көтергенимиз яки Аллаға болған исенимимизди тек ғана ийгилик жолында хызмет қылдырыўды дәстүрге айландырамыз (яғный, динди нықап қылып ақыйдапарастлыққа, жаўызлыкқа, бузғыншылыққа берилмегенимиз) буның дәлили.
Жаратыўшылық идеялар менен қуралланған адамлар пәрәўан турмыс, еркин жәмийет қурыў ушын гүрес алып барғанлығы тарийхтан мәлим. Бундай процесс унамлы идеялардың туўрылығына, олар болса, өз нәўбетинде, еллер, халықлар ийгилик, мийнетсүйгишлик сыяқлы дөретиўши идеяларды тарқатқан инсан, пайғамбар Зардушт жаратқан «АВЕСТО» китабындағы жоқары идеялар уллы ўатанласымыз Зардушттың өлмейтуғын идеологиясы еди.
Дерлик үш мың жыл алдын ағартыўшылық қуранын жаўызлық бултлары қаплап алған дәўирде уллы ўатанласымыз Зардушт жеке қудайлық ҳәм ийгиликли идеяларды нәсиятлай баслаған еди. Зардушт тәлиматында инсанды ийгиликке баслаўшы идеялар орайлық орынды ийелейди.
Ийгилик ҳәм жаўызлық күшлери ортасындағы идеялық гүрес зардуштийлик дининиң мухаддес китабы «АВЕСТО» да көрсетип өтилген. Онда әскерий соқлығысыўлар, басқыншылық урыслары, хайўанларды азаплаў, адамларға әдилсизлик, өтирик сөйлеў, ўәдеге опасызлық, сатқынлық қылыў идеялары қараланып, отырықшы өмир кешириўге, мийнетке, дийханшылық, шарўашылық пенен шуғылланыўға шақырыўшы идеялар улығланады. Зардуштийлик дининде жер, суў, таза ҳаўа, ана тәбият әлпешленеди, қурғақ жер ашып, оны бағ-бақшаларға айландырған адам қудайдың шарапатына ериседи, керисинше, бағлар, егислик жерлер, суўғарыў қурылмаларын бузғанлар үлкен гүнаға қалады. Зардушттың ийгиликли идеялары инсанларды тыныш-татыў жасаўға, ҳадал мийнет етип Ўатанды абат етиўге шақырады.
«АВЕСТО» да Ўатан сүйиўшилик идеясы улығланып, адамларды баркамол болыўға шақырған. «Маған баркамал ҳәм диншил, ўатанды сүйиўши ҳәм жәмийетлик бирге ислесиўши, татыў, жақсы әдепли, қараңғылықтан, қыйыншылықтан қутқарыўшы перзентлер бер. Олар мәнзил, қала, үлке ҳәм оның аты және даңқын көтерсин» делинеди. Сондай-ақ, шығармада ана жерди әзизлеў, оны абат етиў идеялары нәсиятланады. Мәселен, «АВЕСТО» да жазылыўынша, жерди ҳәммеден көбирек бахтияр қылған шахс, ҳәммеден көп бийдай, шөп ҳәм мийўелы тереклер еккен адам болып табылады. Ол қурғақ жерлерге суў шығарған ҳәм суўлы жерлерди шүдигар қылған инсан..., - делинеди.
Узақ ўақыт егилмеген ҳәм гүнде тиймеген жер бахытсыз. Кимде-ким жерди шеп ҳәм оң қол менен, оң қол ҳәм шеп қол менен шүдигарласа, жер оған параўанлық инам етеди... Жер де мол мийўаларды инам етеди.
Жердиң шүдигар қылынып, сайланды дәнлер себилиўи, бийдай өсимлигиниң өнип шығыўы сол жердеги жаўыз күшлер, дәўлердиң бул жерлерден кетиўи ҳаққындағы идея Авестоның Вандидат тараўына бағышланған бөлиминде төмендегие берилген:
«Қашан атызларда дән жетилсе, дәўлер орынларынан көшеди.
Қашан бийдай гүркиреп көгерсе, дәўлер қорқыныштан дир-дир қалтырай баслайды. Қашан бийдай ун болса, дәўлер қапа боладылар. Қашан бийдай қырманға үйилсе, дәўлер набыт болады. Қайсы бир үйде бийдай бас шығарса, дәўлер ол үйден узақласады. Қайсы бир үйде бийдай амбары болса, мисли қыздырылған темир дәўлер мойынын шырмап таслайды». («АВЕСТО», 115-бет).
«Авесто» да сәўлеленген Зардушттың «Жақсы нийет жақсы сөз ҳәм жақсы ис-ҳәрекетти алғыслайман» Нийет, сөз ҳәм ислер ишинен мен жақсы нийет, жақсы сөз ҳәм жақсы исти таңлайман. Мен барлық жаман әндийше, жаман сөз ҳәм жаман истен жүз бураман», деген ҳикметли сөзлери бүгинги күнде де үлкен тәрбиялық әҳмийетке ийе. Бул өлмес идеялар кейиншелик пайда болған динлер, тийкарынан, христианлық ҳәм ислам тәрепинен де қабыл етилди.
Биз ол ислам болсын, христианлық болсын, ямаса басқа диний исеним болсын, оның инсан ушын екенлиги, инсанның камалатына, биргеликте татыў жасаўына ҳызмет етиўи кереклигин ядымыздан шығармаўымыз тийис. Дин байрағы астында ҳәрекет етип атырған айырым ҳәрекетлер ҳәм олардың тәлийматын инабатқа алмағанда, тийкарында барлық динлерде ийгиликли идеялар үстин болып келген.
«Жақсылық қыл, жаманлық қылма» демеген бир де бир диний тәлиймат жоқ. Сондай екен, барлық динлерди, ҳәтте ең әййемгилерин де баўрыкеңлик руўхында үйрениў зәрүр. Ислам дини өзиниң дәслепки дәўирлеринен-ақ баўрыкеңлик дини сыпатында пайда болды. Исламда исеним еркинлиги ашық-айдын жәрия қылынған: «Бақара» сурасының 256-аятында «Динде зорлаў жоқ», делинген.
Миллий ҳәм диний рәнг-бәреңлик ҳәм диний исеним еркинлигин қарар таптырыў мәселелерине бағышланған ҳәм толығы менен баўрыкеңлик руўхы менен суўғарылған. Қурани аятлары мазмунынан төмендеги жуўмақларды шығарыў мүмкин. Дәслеп, адамлардың тили ҳәм түриндеги парықлар түсингенлер ушын Қудайдың кәраматларынан есапланады.
Ҳәзирги ўақыттағы дүньядағы ҳәр қыйлылық Жаратқанның ерк-ықрары ҳәм ҳикмети менен байланыслы. Қудай дәслеп адамзатты бир үммет қылып жаратқан еди, соңынан оларды түрли қәўим ҳәм халықларға ажыратыўды мақул көрди. Бундай рәң-бәреңликтен мақсет – улыўма пәраўанлық жолында инсанлар бир-бирлери менен беллесиўлери дәркар. Басқа жәмәәтлар менен бирге ислесиўди тереңлестириў ушын мусылманлар олар менен, әсиресе, китоб ахли яҳудийлер ҳәм христианлар менен тиллесиўлери лазым. Қуран бул дүньяны барлық халықлар тыныш-татыў жасайтуғын жер деп жәриялады. Динлердиң ҳәр-қыйлылығы Жаратқан тәрепинен орнатылған екен, оны бийкар қылыў яки ҳәммени бир дин байрағы астында зорлап бирлестириў мүмкин емес.
Соның менен бирге, аятларда ҳақыйқый исеним ишки ийманнан келип шығыўы айтылғанын атап өтиў зәрүр. Сондай екен, оны зорлық пенен орнатып болмайды, «Динде зорлық жоқ» аятты инсанға таңлаў имканияты берилген ҳәм буның ушын оның өзи жуўап береди, деген мәнисте түсиниў де мүмкин. Буннан тысқары, ақыретте исеним мәселесиндеги бәсекелерди Жаратқанның өзи шешеди. Оған шекем болса, инсанлар тек ғана қайырлы жумысларда бәсекелесиўи керек. Исеним мәселесинде монополия болыўы мүмкин емес.
Улыўма алғанда, Қуранның 50 ден аслам сүрелериндеги жүзлеп аятларда мусылманлар мөмин, тынышлық сүйиўшилик ҳәм басқа исеним ўәкиллерине баўрыкеңликке шақырған. Муҳаммед пайғамбар да өз өмиринде ҳеш қашан, ҳеш кимди исламға кириўге мәжбүр қылмағанлығын, бир мәрте болса да әскерий ҳәрекет диний исеним себепли болмағанлығын да естен шығармаў керек.
Do'stlaringiz bilan baham: |