МағЛЫЎматлар туризм, спорт ҳӘм мәдений мийрас тараўларында мәмлекет басқарыўы системасын және де жетилистириў ис-илажлары ҳАҚҚында


ШАВКАТ МИРЗИЁЕВ: ТӨМЕНГИ БУЎЫНДАҒЫ БАСШЫЛАР ДҮНЬЯҒА КӨЗҚАРАСЫН ӨЗГЕРТИП, ИСБИЛЕРМЕН МЕНЕН ДОС БОЛЫП ИСЛЕМЕСЕ, НӘТИЙЖЕ БОЛМАЙДЫ



Download 1,23 Mb.
bet3/6
Sana24.02.2022
Hajmi1,23 Mb.
#192313
1   2   3   4   5   6
Bog'liq
16.04.2021 Каракалпак

ШАВКАТ МИРЗИЁЕВ: ТӨМЕНГИ БУЎЫНДАҒЫ БАСШЫЛАР ДҮНЬЯҒА КӨЗҚАРАСЫН ӨЗГЕРТИП, ИСБИЛЕРМЕН МЕНЕН ДОС БОЛЫП ИСЛЕМЕСЕ, НӘТИЙЖЕ БОЛМАЙДЫ


Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 8-апрель күни аймақларда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.


Исбилерменлик мәмлекетимиз экономикасының тийкарғы бағдары етип белгиленген ҳәм мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланып келинбекте. Атап айтқанда, өткен жылы киши бизнес субъектлерине жәми 120 триллион сум муғдарында кредит ҳәм финанслық жәрдемлер ажыратылды. Нәтийжеде, пандемиядан зыян көрген 104 мыңнан аслам кәрхананың жумысы тикленип, жеке меншик кәрханалардың пул айланысы өткен жылға салыстырғанда 33 процентке өсти.
Быйылғы жылдың биринши шерегинде 27 мың жаңа исбилерменлик субъектлери шөлкемлестирилген. Исбилерменлик ушын ажыратылған кредитлер өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 13 процентке өскен.
Мәжилисте айырым аймақ ҳәм сектор басшылары жаратылған бундай имканиятлардан елеге шекем толық пайдалана алмай атырғаны атап өтилди.
– Оғада қыйын жылларда жумыс ислеп атырмыз. Ҳәр күни излениў, умтылыў ҳәм нәтийжеге ерисиў ушын ислеў керек. Исбилерменди қоллап-қуўатламасақ, оларға шараят жаратпасақ, исбилерменлерди көбейтпесек, қала ҳәм районларда жергиликли бюджет көбеймейди. Биз қанша көп қаржы бермейик, пәрман-қарарлар қабыл етип, шараят жаратпайық. төменги буўындағы басшылар дүньяға көзқарасын өзгертип, исбилермен менен дос болып ислемесе, нәтийже болмайды, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Сын көзқараста өткен мәжилисте ҳәкимлер ҳәм секторлардың басшыларына өз аймағында исбилерменликтиң жағдайы көрсетип өтилди.
Жуўапкерлерден қайсы аймақта қайсы исбилерменлик бағдарлары раўажландырылып, неше жаңа жойбардың әмелге асырылғаны, қанша жумыс орны жаратылып, қанша халық жумыс пенен тәмийинленгени ҳаққында соралды.
Атап өтилгениндей, раўажланыўдан артта қалған 33 районнан 28 инде кескин өзгерис болған. Бул районларда 2 мың жаңа жойбар орынланып, 25 мың жаңа жумыс орны жаратылған.
Ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимликлерине усы тәжирийбе тийкарында, ҳәр бир мәҳәллениң раўажланыў бағдарламасын ислеп шығып, жергиликли кеңеслерде тастыйықлаў, орынланыўын шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди.
Исбилерменлик ушын жер ҳәм имаратлар ажыратыў мәселеси додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ушын оларға өзи жасайтуғын мәҳәлледе шараят жаратып бериў зәрүр екенлигин атап өтти.
Мәселен, мәҳәлле уйымларының имаратында исбилерменлик жойбарларын иске қосыў ямаса жеке меншик шериклик тийкарында имарат қурып, биргеликте пайдаланыў мүмкин. Сондай-ақ, заманагөй конструкциялардан көшпели шақапшалар қурыў да қолайлы ҳәм арзан.
Жуўапкер шөлкемлерге жеңил конструкциялы саўда ҳәм хызмет көрсетиў шақапшаларын шөлкемлестириў, оларды аукцион арқалы жайластырыў тәртибин ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
Шетки аймақларда жайласқан жер участкаларының басланғыш баҳасын 50 процентке шекем шегирме менен сатыўға қойыў ўәкиллигин жергиликли кеңеслерге бериў усынысы билдирилди. Буннан тысқары, өнимдарлығы төмен болған ҳәм пайдаланылмай атырған аўыл хожалығы жерлеринде де киши санаат зоналарын шөлкемлестириў мүмкин екенлиги айтылды.
Бизнестиң турақлылығы ушын инфраструктура суў ҳәм ҳаўадай зәрүр. Бирақ орынларда бул бағдарда кемшиликлердиң бар екенлиги исбилерменликтиң раўажланыўына тосқынлық етпекте. Соның ишинде, инфраструктурадағы машқалалар себепли 320 исбилермен кейинги 2 жылда импорт етилген 220 миллион доллар муғдарында әсбап-үскенелерди иске қоса алмай атыр.
Және бир мысал – электр төмен болғанлығы себепли, Янгиҳаёт районындағы 24 кәрханада 2,5 мың жумыс орны ҳәм экспорттан жылына 25 миллион доллар жойтылмақта.
Сол себепли санаат зоналарын инфраструктура менен тәмийинлеўге быйылғы жылы 2 триллион сумнан аслам қаржы ажыратылмақта. Буның есесине жылдың ақырына шекем 168 санаат зонасы 468 километр электр энергиясы, 362 километр газ, 405 километр суў ҳәм 104 километр жол менен тәмийинленеди. Бизнес-омбудсманға орынларға шығып, исбилерменлердиң инфраструктураға байланыслы машқалаларын үйренип барыў ҳәм оларды шешиў бойынша Бас министрге усыныслар киргизиў тапсырылды.
Исбилерменлерди финанслық қоллап-қуўатлаў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Пандемия дәўиринде хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыў ушын 1 триллион сум ажыратылған еди. Буның есабынан 20 мың жаңа жумыс орынлары жаратылды. Сол себепли, Орайлық банкке быйылғы жылы шаңарақлық исбилерменлик ушын ажыратылып атырған қаржылардың кеминде 1 триллион сумын хызмет көрсетиў тараўындағы жаңа жойбарларға бағдарлаў бойынша көрсетпе берилди.
Сондай-ақ, компенсация берилетуғын кредитлер процентиниң муғдары Орайлық банк тийкарғы ставкасының 1,5 есесинен 1,75 есесине шекем арттырылатуғыны белгиленди. Быйылғы жылы исбилерменлерге айланыс қаржылар ушын кеминде 40 триллион сум кредит, буннан тысқары, Экспортты хошаметлеў агентлигиниң 1 триллион сумы есабынан экспортёрларға «револьвер» кредитлер ажыратыў әҳмийетли екенлиги айтылды.
Исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўды кеңейтиў мақсетинде үш жыл даўамында салықларды өз ўақтында төлеген тәртипли исбилерменлерге салықлардың 50 процентин бөлип-бөлип төлеў ҳуқықын бериў тәртиби ислеп шығылады.
Сондай-ақ, экспорттың валютасы сырт елден өз ўақтында келип түспегени ушын жәрийма муғдарын 2 есеге қысқартыў, мәжбүрий орынлаў арқалы өндирилетуғын қарыздарлықты бюджет ҳәм исбилерменлердиң пайдасына тең бөлистириў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәмлекетлик сатып алыўлар киши ҳәм орта бизнес ушын үлкен имканият екени, ҳәкимлер исбилерменлерди усы процесске және де белсене тартып, олардың мәмлекетлик сатып алыўлардағы үлесин кеминде 2 есеге арттырыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
Исбилерменликтиң раўажланыўы бәнтлик мәселесине байланыслы. Быйылғы жылы бәнтлик бағдарламасы тийкарында 457 мың турақлы жаңа жумыс орнын шөлкемлестириў мақсет етилген.
Атап айтқанда, киши ҳәм орта бизнес кәрханалары ҳәм жаңа жеке исбилерменлердиң жумысын шөлкемлестириў есабынан 210 мың, тармақ ҳәм аймақлық инвестициялық жойбарлар есабынан 248 мың жаңа жумыс орнын ашыў мөлшерленген.
Буннан тысқары, 40 мың жумыссызларға өзин-өзи бәнт етиўи ушын 92 миллиард сум субсидия ажыратылыўы белгиленген.
Мәжилисте бул мәселениң әҳмийетлилигине және бир мәрте итибар қаратылып, жуўапкерлерге бир қатар тапсырмалар берилди.
Усы жылдың биринши шерегинде 36 триллион сум бюджет түсими тәмийинленип, жергиликли бюджетлердиң ықтыярында 1,6 триллион сум қалдырылғаны атап өтилди. Бар дәреклерди кеңейтип ҳәм қосымша резервлерди таллап, буннан кейин де түсимлерди кепилликли тәмийинлеў мәселелерине де тоқтап өтилди.
Жумысында кемшиликке жол қойған, исбилерменлер менен ислесиўге жетерли дәрежеде итибар бермеген ҳәкимлер ҳәм сектор басшыларына административлик шаралар белгиленди.



Download 1,23 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish