22-тема АМИР ТЕМУР ҲӘМ ТЕМУРИЙЛЕР ДӘЎИРИНДЕ МӘНАЎИЯТ ҲӘМ МӘРИПЕТ
Жобасы:
Амир Темур дәўирндеги мәдений орталықтың мәнаўиятқа тәсири
Амир Темурдың мәнаўият мәселесине итибары
Темурийлердиң мәнаўий мийрасы
Таяныш сɵзлер: А.Темур мәмлекетшилиги, әдебият ҳәм кɵркем ɵнер, динниң әҳимийети, Улуғбек обсербаториясы, Наўайы мийрсы
Сақыпқыран Әмир Темур ҳаққында айрықша тоқтаўымыз тәбийий болып табылады. Себеби, теңсиз күш-ғайрат, мәртлик ҳәм данышпанлық тымсалы болған бул тәкирарланбас тулға уллы салтанат қурып, мәмлекетшилик бойынша өзинен әмелий де, теориялық да мийрас қалдырды, илим-пән, мәденият, қурылыс, дин ҳәм мәнаўияттың раўажланыўына кең жол ашты.
Жеке өзим мен ҒТемур түзиклериҒн ҳәр сапары оқыр екенмен, мисли өзиме қандайдур руўхый күш-қуўат тапқандай боламан. Өз жумысында бул китапқа тәкирар-тәкирар мүрәжат етип, ондағы ҳеш қашан ескирмейтуғын, инсан мәнаўияты ушын бүгинги күнде де азық болатуғын ҳикметли пикирлердиң қаншелли турмыслық екенине көп мәрте исеним пайда еткенмен. Мәселен, ҒТәжирийбемде көрилген, қарары беккем, исбилермен, сергек, мәрт ҳәм ғайратлы бир киси мың бийдәўлет, бийпәрўа кисиден жақсырақдурҒ деген сөзлер бүгинги күнде де руўҳый жақтан қаншелли үлкен әҳмийетке ийе екени бәршемизге аян.
Әмир Темур бабамыздың бундай терең мәнили ҳикметлери халқымызда қәдимнен бар болған ҒБилеги күшли бирди, билими күшли мыңды жығадыҒ деген мақалға оғада үнлес болып, инсанды бәрқулла ақыл-ой, әдалат ҳәм жоқары мәнаўият тийкарында жасаўға шақырыўы менен итибарлы болып табылады.
Уллы Әмир Темурдың ақлығы, уллы данышпан Мырза Улуғбектиң орта әсирлер шараятында көрсеткен илимий мәртлиги бүгинги күн алымларын да ҳайран қалдырмастан қоймайды. Тәғдир бул уллы инсанға шексиз үлкен ҳәм машақатлы ўазыйпалар жүкледи. Уллы сәркарда Әмир Темур қурған салтанаттың мийрасхоры болыўдай үлкен жуўапкерли ўазыйпа оған несийп етти. Мырза Улуғбек дерлик қырық жылға жақын ўақыт даўамында Маўереннахр диярының данышпан ҳүкимдары сыпатында халықтың әзелий әрманы – тынышлық, татыўлық, илим-пән ҳәм мәдениятты раўажландырыў жолында үлкен мәртлик ҳәм күш-ғайрат көрсетти.
Бул уллы данышпан өзинде мыңлап жулдызлардың ҳәрекетин жәмлеген жетик астрономиялық кесте жаратты. Усы кестеде көрсетилген илимий мағлыўматлардың қаншелли анық ҳәм туўры екенлигин бүгинги ең заманагөй әсбаплар да тастыйықлайды. Улуғбектиң өмири ҳәм илимий искерлиги халқымыз мәнаўиятының негизине қойылған тырнақ тасларынан бири болып, журтымызда буннан нешше заманлар алдын фундаментал пәнлерди раўажландырыўға қаншелли үлкен әҳмийет берилгенин көрсетеди. ҒЗижи жадиди КўрагониҒ деп аталған Улуғбектиң астрономиялық кестесы орта әсирлерде латын тилине аўдарылып, Европа илимпазлары арасында кең тарқалғаны пикиримиздиң айқын дәлийли.
Бул ҳаққында сөз етер екенбиз, 1996-жылы Парижде ЮНЕСКОның сол ўақыттағы Бас хаткери Федерико Майор мырза менен болған бир сәўбетлесиў ерксиз есиме түседи. Сол ўақытта мырза Майор Улуғбектиң илимий мийрасын жоқары баҳалап, оның жулдызлар ҳәрекетине тийисли есап-китаплары бүгинги күнде компьютер жәрдеминде тексерип көрилгенде тек ғана бирнеше минут айырмашылығы бар екенлиги анықланды, деген гәпти айтты. Сонда мен оған жуўап ретинде, жоқ, мырза Федерико Майор, Улуғбек қәтелесиўи мүмкин емес, бәлки компьютерлер қәтелескен болыўы мүмкин, деген едим. Бирақ бул гәп дослық ҳәзили сыпатында айтылған болса да, оның негизинде терең ҳақыйқат бар деп ойлайман.
Өзбек халқы руўҳый дүньясының қәлиплесиўине оғада күшли ҳәм нәтийжели тәсир көрсеткен уллы инсанлардың және бири – бул Алишер Наўайы бабамыз болып табылады. Биз оның теберик исми, дөретиўшилик мийрасының мәңгилиги, көркем даналығы, заман ҳәм мәкан шегараларын билмеслиги ҳаққында бәрқулла мақтанышлы түрде сөз етемиз.
Алишер Наўайы халқымыздың санасы ҳәм ой-пикири, көркем мәденияты тарийхында пүткил бир дәўирди қурайтуғын уллы шахс, миллий әдебиятымыздың теңсиз ўәкили, миллетимиздиң мақтанышы, даңқ-абырайын дүньяға танытқан өлмес сөз дөретиўшиси болып табылады. Дүньяда Наўайыны билмеген, Наўайыны сүймеген, Наўайыға садықлық ҳәм исеним менен қарамаған түркий ҳәм парсы тилинде сөйлеўши бирде-бир инсан жоқ екенлигин атап өтиўимиз орынлы.
Егер бул уллы инсанды әўлийе десек, ол әўлийелердиң әўлийеси, ойшыл десек, ойшыллардың ойшылы, шайыр десек, шайырлардың султаны саналады.
Инсан қәлбиниң қуўаныш ҳәм қайғысын, жақсылық ҳәм өмир мазмунын Наўайы сыяқлы терең сәўлелендирген шайыр дүнья әдебияты тарийхында кемнен-кем табылады. Ана тилине муҳаббат, оның теңи-тайы жоқ байлығы ҳәм уллылығын аңлаў сезими бизиң санамызға, жүрегимизге ең дәслеп Наўайы дөретпелери менен кирип келеди. Биз бул бийбаҳа мийрастан халқымызды, әсиресе, жасларымызды қаншелли көп суўсынландырсақ, миллий мәнаўиятымызды жоқарылатыўға, жәмийетимизде ийгиликли инсаный пазыйлетлерди қәлиплестириўде соншелли қүдиретли билимлендириў қуралына ийе боламыз.
Қандайда бир халықтың мәнаўиятына тән қәдириятларын басқа халықлар тәрепинен тән алыныўы, сол халық тарийхына болған терең ҳүрметтиң белгиси екенлиги мәлим. Бундай тән алыўлар халықтың мақтанышы ҳәм мәртебесин, миллий өзлигин жәнеде жоқарылатыўға хызмет етеди.
Усы мәнисте, кейинги ўақытта уллы бабаларымыздың өшпес даналығына ҳүрмет, олардың бай илимий мийрасын үйрениўге болған қызығыўшылық сырт еллерде де артып баратырғанлығы бәршемизди қуўандырады. Буның тастыйығын дүньяның түрли мәмлекетлеринде олардың өмири ҳәм ислери ҳаққында жәрияланып атырған илимий ҳәм көркем дөретпелер, уллы балаларымыздың естелигине қурылып атырған ескерткишлер мысалында да көриўимиз мүмкин. Усылардың қатарында Белгияда Ибн Синоға, Литвада Мырза Улуғбекке, Москва, Токио ҳәм Баку қалаларында Алишер Наўайы бабамызға, Египет пайтахты Каир қаласында болса Аҳмед Фарғоний естелигине орнатылған саўлатлы ҳәйкеллерди еслеў орынлы болып табылады.
Do'stlaringiz bilan baham: |