|
Лекция компютер тармақларының стандарт технологиялары
|
bet | 1/3 | Sana | 09.04.2022 | Hajmi | 1,89 Mb. | | #538665 | Turi | Лекция |
| Bog'liq лекция 02
ЛЕКЦИЯ - 2. КОМПЮТЕР ТАРМАҚЛАРЫНЫҢ СТАНДАРТ ТЕХНОЛОГИЯЛАРЫ.
РЕЖЕ.
1. IEEE 802.х стандартларының дүзилиси ҳәм қурамы.
2. Сымлы тармақ технологиялары.
3. Сымсыз тармақ технологиялары.
1980 жылы IEEE (Institute of Electrical and Electronics Engineers) – электротехника ҳәм радиоэлектроника инженерлери институты қурамында локал компьютер тармақларын стандартластырыў бойынша 802 комитет дүзилген болып оның жумыс ислеў процесси нәтийжесинде IEEE 802.х стандартлары топламлары қабыл етилген еди. Бул локал компьютер тармақларының төменги дәрежесин проектлестириў бойынша усыныслардан ибарат стандарт топламлары. Кейин ала 802 комитетиниң жумыс нәтийжелери тийкарында ISO 8802-1…5 халықара стандартлар комплекси ислеп шығылды. Бул стандартларға сол ўақта кең тарқалған Ethernet, ArcNet ҳәм Token Ring сыяқлы стандартларының көрсеткишлери тийкар блған еди.
IEEE 802.х стандартларының дүзилиси 1- сүўретте келтирилген. IEEE 802.х стандарты жети дәрежели OSI моделиниң еки төмен дәредеси– физикалық ҳәм канал дәрежелериге тийисли болған стандартлар топламларынан ибарат.
1-сүўрет. IEEE 802.х стандартларының дүзилиси.
Бул стандартларға тийкарынан локал компьютер тармақларының канал дәрежеси еки дәрежеге бөлинеди:
LLC (Logical Link Control) – мағлыўматлардың узатыўда логикалық басқарыў дәрежеси.
MAC (Media Access Control) – мағлыўматларды узатыў орталығында байланысыўды басқарыў дәрежеси.
1-сүўрет барлық технологиялардың канал дәрежелер ушын улыўмалық есапланған бирден – бир LLC протоколы көрсетилип өтилген. Бул, IEEE институтынан басқа жерде ислеп шығылған локал тармақ стандартлары да 802.2 бөлим тәрепинен ислеп шығылған LLC дәреже протоколына сәйкеслестирилген болыўы керек екенлигин көрсетеди.
802 комитет қурамына төмендеги бөлимлер киреди:
802.1 - Internetworking, тармақларды бирлестириў яғный бир неше тармақлар биргеликте ислеўди тәмийинлеўши стандартларды ислеп шығыў бөлими;
802.2 - Logical Link Control (LLC), мағлыўматларды узатыўда логикалық басқарыў стандартларын ислеп шығыў бөлими;
802.3 - Ethernet, мағлыўматларды узатыў орталығында мүрәжәт етиўдиң CSMA/CD усылы бойынша ислейтуғын ЛКТ стандартларsy ислеп шығыў бөлими;
802.4 - Token Bus LAN, мағлыўматларды узатыў орталығында мүрәжәт етиўдиң Token Bus усылы бойынша ислейтуғын ЛКТ стандартларын ислеп шығыў бөлими;
802.5 - Token Ring LAN, мағлыўматларды узатыў орталығында мүрәжәт теиўдиң Token Ring усылы бойынша ислейтуғын ЛКТ стандартларды ислеп шығыў бөлими;
802.6 - Metropolitan Area Network (MAN), мегаполислер тармағы ямаса қала тармағы стандартларын ислеп шығыў бөлими;
802.7 - Broadband Technical Advisory Group, ҳәр қыйлы көринисдеги информацияларды узатыў стандартларын ислеп шығыў группасы;
802.8 - Fiber Optic Technical Advisory Group, шийша талшықлы тармақлар бойынша техникалық мәсләҳәт бериў группасы;
802.9 - Integrated Voice and data Networks, сес ҳәм мағлыўматларды узатыўшы интегратцияланған тармақлар стандартларын ислеп шығыў бөлими;
802.10 - Network Security, тармақ қәўипсизлиги стандартларын ислеп шығыў бөлими;
802.11 - Wireless Networks, сымсыз тармақлар стандартларын ислеп шығыў бөлими;
802.12 - Demand Priority Access LAN, l00VG-AnyLAN, әҳмийетге ийе дәреже тийкарында талап етиў усулы бойынша ислейтуғын ЛКТ стандартларын ислеп шығыў бөлими.
Do'stlaringiz bilan baham: |
|
|